Республикалық инклюзив IT-лагерь өз  жумысын баслады

16

Техникалық раўажланыў имканияты шекленген инсанлар ушын да әйне мақсет болды. Атап айтқанда, көриўинде кемшилиги бар шахслар телефон ҳәм компьютерден даўыслы жәрдемши арқалы биймәлел пайдаланыў имканиятына ийе. Бул олардың оқыў ҳәм мийнет жолында қолайлы болмақта. Улыўма алғанда, инклюзивлесип раўажланып атырған бүгинги күнде имканияты шекленгенлердиң компьютер технологиясынан нәтийжели пайдаланыўы үлкен әҳмийетке ийе.

Ташкент қаласында жайласқан Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы мәлимлеме технологияларына қәнигелестирилген мектепте Республикалық инклюзив IT-лагери  рәсмий жумыс баслады.

Елимиздиң барлық аймақларынан келген 150 талантлы ҳәм белсенди жаслар 5 күн даўамында робототехника ҳәм санлы көркем өнер бағдарларында билим ҳәм көнликпелерин және де арттырады.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, “Замин” халықаралық жәмийетлик фонды ҳәм “Digital Generation Uzbekistan” мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте әмелге асырылып атырған бул әҳмийетли баслама қатнасыўшыларына инновациялық технологиялар менен жақыннан танысып, өз дөретиўшилик ҳәм техникалық потенциалын көрсетиў имканиятын береди.

Шербек Исломов, ӨзА