Мектепке шекемги билимлендириўде шеберлик күни

Республикамыздағы таяныш мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде “Балаларда социаллық-эмоционаллық раўажланыўды хошаметлеў” атамасында гезектеги “Методикалық шеберлик күни” илажлары өткерилди.
Бул илажларда мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагог хызметкерлери белсене қатнасып, илаж даўамында балаларда социаллық-эмоционаллық компетенцияларды қәлиплестириў, олардың сезимлерин аңлаў ҳәм басқарыў, сондай-ақ, сөйлесиў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған заманагөй педагогикалық көзқараслар туўралы мәселелер додаланды.
Сондай-ақ, илажда тәрбияланыўшылардың социаллық бейимлесиўин ҳәм эмоционаллық турақлылығын тәмийинлеўде нәтийжели методлар ҳәм технологиялардан пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.




Илаж соңында алдыңғы педагогикалық тәжирийбелер улыўмаластырылып, оларды келешекте тәлим-тәрбия процесине кеңнен енгизиў бойынша әмелий усыныслар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги