Бажыхана аймағында қайта ислеў: шийки заттан таяр өнимге шекем

Бүгинги күнде “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими мәмлекетимизде жергиликли өндиристи раўажландырыў, экспорт потенциалын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы режим имканиятларынан нәтийжели пайдаланып киятырған Қоңырат ҳәм Хожели районларында жумыс алып барып атырған ун ислеп шығарыў кәрханаларында бажыхана басқармасының жуўапкер хызметкерлери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылды.
Атап айтқанда, “Қоңырат ун заводы” акционерлик жәмийетиниң жумысы менен жақыннан танысты. Бул кәрхана ҳәзирги күнде дән өнимлерин қайта ислеў арқалы бир күнде 150 тонна ун өнимин ислеп шығарыўды жолға қойған болып, 80 пуқараны турақлы жумыс орны менен тәмийинлеген.
Сондай-ақ, жыллық қуўатлылығы 50 мың тонна ун өнимин ислеп шығарыў имканиятына ийе болған “Хожели ун өнимлери” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары да үйренилди. Кәрхана тәрепинен 2025-жыл даўамында улыўма баҳасы 2,1 миллион АҚШ долларына тең болған 8,4 мың тонна таяр ун өнимлериниң сырт ел базарларына экспорт етилиўине ерисилген.

– Үйрениў процесинде кәрхана ўәкиллерине бар өндирислик потенциалдан келип шыққан ҳалда “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режими имканиятларынан және де кеңирек ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша тийисли усыныслар ҳәм түсиниклер берилди, – дейди Бажыхана басқармасының Исбилерменлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў секторы бас инспекторы Саламат Дәўенов.
Әмелге асырылып атырған бундай илажлар жергиликли өндирисшилерди қоллап-қуўатлаў, кәрханаларының экспорт көлемин арттырыў ҳәм аймақлардың экономикалық потенциалын жоқарылатыўға хызмет етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги