“Хаббл” космоста қара материя тийкарында жаңа объектти ашты
22

“Хаббл” телескопы жаңа түрдеги космослық объектлер үлгисин анықлады. Бул “қәлиплеспеген галактика” деп аталыўшы, дерлик толық қара материя ҳәм газден қуралған, бирақ бирде-бир жулдызға ийе болмаған объекттиң тастыйықланған биринши жағдайы болып есапланады.
Объект Жерден шама менен 14 млн жақтылық жылы қашықлықта жайласқан ҳәм ол Cloud-9 деп аталды. Бул ашылыў галактикалардың қәлиплесиў процесслерин түсиниўимизди сезилерли дәрежеде раўажландырыўы ҳәм қара материяның мәнисин айқынластырыўға жәрдем бериўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги