Күнине 40 миллионнан аслам адам ChatGPT ге денсаўлыққа байланыслы сораўлар бермекте

Күнине дүньядағы 40 миллионнан аслам адам денсаўлыққа байланыслы сораўлар менен ChatGPT чат-ботына мүрәжат етеди. Бул мағлыўмат чат-ботты ислеп шыққан компания – OpenAI изертлеўинде жүзеге шықты, деп хабар берди Axios.
Изертлеўшилер 1 042 үлкен жастағы америкалықлар арасында сораўнама өткерди.
Атап өтилиўинше, чат-ботқа келип түсип атырған барлық сораўлардың 5 проценттен асламы денсаўлықты сақлаў тараўына байланыслы.
Көпшилик америкалылар жасалма интеллекттен медициналық қамсызландырыўларды салыстырыў ҳәм хызметлер ушын төлеўде жәрдем сорайды. Әдетте көплеген емлеў мәкемелери жабық ўақтында бундай мүрәжатлар көбейеди.
Соңғы үш айда америкалы респондентлердиң 55 проценти кеселлик белгилерин тексериў ҳәм үйрениў, 48 проценти болса медицина атамалары ҳәм шыпакердиң усынысларына анықлық киргизиў ушын жасалма интеллекттен пайдаланған. Буннан тысқары, респондентлердиң 44 проценти емлениў жолларын сорап, ChatGPT менен байланысқан.
Хабарда айтылыўынша, АҚШ денсаўлықты сақлаў системасы қурамалы, бир қарар қабыл етиў ушын америкалыларға көп қосымша мағлыўматлар керек болады, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги