Қадаған етилген орынларда шомылғанлық ушын жуўапкершилик белгиленбекте

43

Тийисли нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте Суў бассейнлеринде қәўипсизлик қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершилик белгиленбекте (ҲЖҳК 2042-статья менен толықтырылмақта).

Оған бола, суў бассейнлеринде қәўипсизлик қағыйдаларын бузыў, яғный акваторияларда пляжларды үскенелеў ҳәм олардан пайдаланыў, пуқаралардың денсаўлығын қорғаў, соның ишинде суўда ғалабалық дем алыў орынларында халықтың қәўипсизлигин ҳәм суў бассейнлеринде қәўипсизликти тәмийинлеў қағыйдаларына әмел етпеў, сондай-ақ, шомылыў қадаған етилген аймақта шомылыў – пуқараларға БЕМниң 1 есеси, лаўазымлы шахсларға болса 3 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Тап усындай ҳәрекетлер ҳәкимшилик жаза шарасы қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында қайтадан исленген жағдайда болса пуқараларға БЕМниң 3 есеси, лаўазымлы шахсларға болса 5 есеси муғдарында жәрийма қолланыў усыныс етилмекте,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги