Жәмийетлик әҳмийетке ийе шөлкемлер категориясы белгиленди

9

Әдиллик министрлиги тәрепинен “Жәмийетлик әҳмийетке ийе шөлкемлер категориясына киргизиў нормалары, олардың қаржы есабатлары ҳәм аудитине қойылатуғын талаплар және Жәмийетлик әҳмийетке ийе шөлкемлер реестрин қәлиплестириў ҳәм жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарар мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Бул ҳүжжет пенен жоқары социаллық ҳәм экономикалық тәсирге ийе ири коммерциялық шөлкемлер тәрепинен жыллық қаржы есабатларын Қаржы есабаттың халықаралық стандартларына (ҚЕХС) муўапық усыныў талабы жеңиллестирилди.

Жәмийетлик әҳмйиетке ийе шөлкемлер сыпатында төмендегилер белгиленбекте:

– Акциялары ғалабалық саўдаларға шығарылатуғын шөлкемлер;

– Коммерциялық банклер, микроқаржы банклери, микроқаржы шөлкемлери, факторинг шөлкемлери, ипотеканы қайта қаржыландырыў шөлкемлери ҳәм кепилликлер бериў шөлкемлери, төлем системасы операторлары, төлем шөлкемлери;

– Инвестиция фондлары;

– Биржалар;

– Активлериниң баланс баҳасы БЕМниң 1 миллион есесинен артық және өним, товарлар ҳәм хызметлерди реализациялаўдан алынған жыллық сап түсим ҳәм дивиденд түриндеги дәраматлары биргеликте БЕМниң бир миллион есесинен артық болған мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар;

– Ақырғы 2 жыл даўамында есабат жылы жуўмақлары бойынша:

– активлериниң баланс баҳасы БЕМниң 1 млн есеси ҳәм оннан артық;

– жыллық сап түсим БЕМниң 1 млн. есеси ҳәм оннан артық;

– хызметкерлериниң орташа жыллық саны 500 ден кем болмаған шөлкемлер.

Енди, жоқарыдағы критерияларға түсетуғын шөлкемлер Жәмийетлик әҳмийетке ийе шөлкемлер реестрине киргизиледи.

Бул Реестр Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен жүргизиледи ҳәм ҳәр жылы 1-июльға шекем Ҳүкимет порталы бирден-бир платформасы ҳәм Ашық мағлыўматлар порталында жәрияланады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги