Жаңа Өзбекстандағы өзгерислер орайында инсан қәдирин арттырыў идеясы жәмленген

31

Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында мәмлекетимизде нызам үстинлиги беккемленгени айрықша атап өтилди. Ең әҳмийетлиси, реформаларды ҳәр бир инсан күнделикли турмысында сезинбекте.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова бул ҳаққындағы пикирлери менен ортақласты:

– Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған барлық тараўдағы өзгерислер орайында инсан қәдирин улығлаў идеясы турады. Бул идея мәмлекетлик сиясаттың барлық бағдарларында әҳмийетли орын ийелемекте.

Мүрәжатта да реформалардың нәтийжеси ҳәр бир инсанның турмысында көриниўи керек, деген принцип анық ҳәм айқын белгилеп берилген болып, ол инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдеги тийкарғы норма сыпатында барлық реформалар шынжырын байланыстырып туратуғын идеялық тийкар болып есапланады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған алты бағдардағы идея ҳәм стратегиялық басламаларды инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған бирден-бир системаның өз-ара байланыслы ҳәм бир-бирин толықтыратуғын үстинлери, десек асыра айтқан болмаймыз.

Омбудсман парламентлик қадағалаў субъекти сыпатында Париж принциплерине муўапық инсанлардың бузылған ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бойынша тәсиршең илажлар көрип келмекте. Нызамшылық усынысларын баслама ҳуқықы тәртибинде киргизиў арқалы нызамшылықты жетилистириўде, сондай-ақ, халық арасында инсан ҳуқықлары тараўында ҳуқықый хабардарлықты арттырыўға қаратылған әмелий жумыслар избе-излик пенен әмелге асырылмақта.

“Омбудсман ҳаққында”ғы нызамның 48-статьясына муўапық, Омбудсман ҳәм жәмийетлик топарлар жазаны орынлаў мәкемелерине мониторинг сапарларын әмелге асырып келмекте. 2025-жыл даўамында 953 мәрте мониторинг сапарлары әмелге асырылды. Соннан 11 тергеў қамақханасына 127 мәрте мониторинг өткерилди. Тутқын ҳәм қамақтағылар менен жәмәәтлик ҳәм жеке тәртипте сәўбетлесиўлер өткерилди.

Атап айтқанда, тергеў қамақханаларында шараятлар халықаралық нормалар, атап айтқанда, БМШтың тутқынлар менен мүнәсибетте болыў бойынша минимал стандарт қағыйдалары (Нельсон Мандела қағыйдалары)на муўапықластырылмақта.

Омбудсман ҳаққындағы нызамға бола, Омбудсман Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықына ийе ҳәм суд мәжилислеринде қатнасып, көрип шығылып атырған барлық мәселелер бойынша өз көзқарасын билдириў ҳуқықына ийе.

Омбудсман тергеў қамақханаларында сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары қорғалыўын күшейтиў бойынша Конституциялық суд пенен биргеликте Нызамшылық палатасына нызамшылық усынысын киргизди.

Бул баслама усы орынларда сақланып атырған шахслардың конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў ушын шараятларды және де жақсылаў, инсан ҳуқықлары тараўында улыўма тән алынған халықаралық стандартларға миллий әмелиятты бейимлестириўге қаратылған.

Соның менен бирге, бул көзқарас айыпсызлық презумпциясы принципи, сондай-ақ, Конституцияда беккемленген инсанның ҳуқықлары менен еркинликлери тек ғана нызамға муўапық, зәрүрлик ҳәм тең салмақлылық принциплерине әмел еткен ҳалда шеклениўи мүмкин, деген қағыйданы социаллық турмысқа избе-из енгизиўге қаратылған.

Атап өтиў керек, Конституциялық суд тәрепинен жақында қамақ қәўипсизлик илажы қолланылған жас өспиримлердиң үзликсиз улыўма орта билим алыўын тәмийинлеў, бул бағдарда оларға суд-тергеў процесслери себепли билимлендириўден үзилип қалыўы нәтийжесинде қалдырылған сабақ саатларын өзлестириў ҳәм имтихан арқалы қаплаў имканиятын жаратыў зәрүр екенлиги алға қойылды.

Бул мәселе әҳмийетли ҳәм өз ўақтында көтерилди. Өйткени, инсан қәдири ҳәм бала мәплериниң үстинлиги принциплеринен келип шығып, Омбудсман ҳәм жәмийетлик топарлар тәрепинен өткерилген мониторинг сапарлары нәтийжесинде усыныслар киргизилип, оларға тийкарланып айырым ўәлаятларда жайласқан тергеў қамақханаларында сақланып атырған жас өспиримлер ушын аймақтағы улыўма билим бериў мектеплеринен муғаллимлер бириктирилмекте. Олардың қатнасыўында айырым пәнлер бойынша оқыў сабақлары шөлкемлестирилмекте.

Бирақ бул механизмлер ҳәзирги күнде институционаллық ҳәм ҳуқықый жақтан турақлы характерге ийе емес. Сол себепли, бул мәселе, яғный қамаққа алыў илажы қолланылған жас өспиримлердиң үзликсиз улыўма орта билим алыўын тәмийинлеў, қалдырылған сабақ саатларын өзлестириў ҳәм имтихан арқалы қаплаў тәртиплерин нызам дәрежесинде белгилеў оғада зәрүр.

Бундай шешим, бириншиден, аймақлар кесиминде бирден-бир әмелиятты қәлиплестириўге хызмет етеди. Екиншиден, билимлендириў, ишки ислер ҳәм суд-тергеў уйымлары арасындағы жуўапкершилик ҳәм ўәкилликлерди анық белгилеп береди. Үшиншиден болса, баланың билим алыў ҳуқықы ҳәм өз шахсын еркин раўажландырыў ҳуқықын тәмийинлеўди кепиллейди.

Жуўмақ орнында айтып өтиў керек, Мүрәжатта атап өтилгениндей, “Өзбекстанда пуқараларымыз, исбилерменлеримиз ҳәм инвесторларымызды ҳәр қандай жағдайда да исенимли қорғайтуғын мәмлекет бар, Конституция бар, нызамлар бар!”

Оны әмелде жүзеге шығарыў бағдарында Омбудсман барлық имканиятларды иске қосқан ҳалда жумыс алып барыўда даўам етеди.

Норгул Абдураимова, ӨзА