Мәмлекетлик бюджет дәраматларын прогнозлаў тәртиби белгиленди

33

“Мәмлекетлик бюджет дәраматларын прогнозластырыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарары (ПҚ-397-санлы, 30.12.2025 ж.) қабыл етилди. Бул ҳаққында “Ҳуқуқий ахборот” Telegram-каналы хабар берди.

Қарарға бола, 2026-финанс жылында:

– Мәмлекетлик бюджет дәраматлары бойынша кварталлық прогноз көрсеткишлери Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен дәрамат дереклери ҳәм аймақлар кесиминде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда тастыйықланады;

– прогноз көрсеткишлери тастыйықланғаннан соң 3 жумыс күнинде район ҳәм қалалардың бюджет дәраматлары бойынша дәрамат дереклери және шереклер кесиминдеги прогноз көрсеткишлери Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң қарары менен тастыйықланады;

– жоқарыда белгиленген дәраматлардың прогноз көрсеткишлерине өзгерислер Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисилген ҳалда киргизилиўи мүмкин.

Сондай-ақ, 2026-жылдан келеси қаржы жылы ушын Мәмлекетлик бюджет дәраматларының прогнозы есап-санағы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме системасы арқалы автоматластырылған түрде әмелге асырылады,- делинеди хабарда,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги