Маманлық категориясын алыў ушын мүрәжат жибериў процесине бир қатар өзгерислер киргизилди

29

Жаңаланған педагог платформасында маманлық категориясын (тиккелей, гезектеги мәжбүрий ҳәм гезектен тысқары) алыў ушын мүрәжат жоллаў процесине бир қатар өзгерислер киргизилди. Бул ҳаққында “Тәлим қадағалаўы” Telegram-каналы хабар берди.

Төмендеги мағлыўматлар мүрәжат жибериў процесинде платформада тек ғана интеграция арқалы қәлиплестириледи:

  • Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде жумыс алып барып атырған педагоглардың мағлыўматлары “Балалар бақшасы” мәлимлеме системасында бар екенлиги;
  • Мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес улыўма билим бериў мектеплеринде жумыс алып барып атырған педагоглардың мағлыўматлары “ERP Мектеп” мәлимлеме системасында бар екенлиги;
  • Жоқары ҳәм орта арнаўлы мағлыўматқа ийе педагоглардың диплом мағлыўматлары “Diplom Edu” мәлимлеме системасында бар екенлиги;
  • Барлық педагоглардың жумыс стажы бойынша мағлыўматлар “БММС” мәлимлеме системасында бар екенлиги.

Бул мағлыўматлар көрсетилген мәлимлеме системаларында бар болса ғана мүрәжат жибериў мүмкин болады.

“Ҳүрметли педагоглар маманлық категориясы бойынша мүрәжат жоллаўдан алдын өз мағлыўматларыңызды тексериўиңизди сораймыз,”-делинеди хабарда,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги