“Аймақлық электр тармақлары”на 30 электромобиль тапсырылды

Елимизде инфрастуктураны, соның ишинде, халықты ишимлик суўы, газ ҳәм электр энергиясы менен тәмийинлеўди жақсылаў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Әсиресе, усы тараўларда жумыс ислеп атырған жумысшылар ушын жаратылып атырған шараятлар, жумыс нәтийжелилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажларды атап өтиў орынлы.
“Аймақлық электр тармақлары” АЖ тәрепинен де филиаллардың материаллық-техникалық базасын беккемлеўге оғада үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан аймақлық филиалының қурамына кириўши қалалық ҳәм районлық электр тәмийнаты бөлимлери ушын 30 дана «Changan» жүк-жолаўшы тасыўшы электромобильлериниң сатып алыныўы тутыныўшыларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў имканиятын береди.
Нөкисте усы автомобильлерди өз ийелерине тапсырыў мәресими болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрмановлар шығып сөйлеп, пайдаланыўға тапсырылып атырған усы хызмет транспортларының абзаллықларына тоқтап өтип, соңғы жыллары халықты сапалы ҳәм үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарында қолға киргизилген жетискенликлердиң тийкарында Президентимиздиң тараўдың раўажланыўына қаратып атырған турақлы итибары турғанлығын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.



Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 30 дана электромобиль алынды. Олар қала ҳәм районларға жибериледи.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги