Бүгинги усыныс – ертеңги нәтийже: “Өзбекстан – 2030” стратегиясын додалаўда қатнасыў пуқаралық миннетимиз

27

Мүнәсибет


Бизге белгили, соңғы жыллары мәмлекетимизде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын қамтып алған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, экономиканы либералластырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, инсан капиталын раўажландырыў, социаллық қорғаў системасын жетилистириў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм мәмлекетлик басқарыўды реформалаўға қаратылған илажлар жаңа Өзбекстанның раўажланыўының беккем тийкарын жаратты.

Мине, усы реформалардың логикалық даўамы сыпатында қабыл етилген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекетти орта мүддетте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп берди. Бул стратегия дүнья әмелиятында кеңнен қолланылып атырған “мақсет – ҳәрекет – нәтийже” принципине тийкарланып ислеп шығылған болып, мәмлекетлик сиясаттың анық мақсетлерине ерисиўди тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Соның ишинде, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңберинде турақлы экономикалық өсиў, билимлендириў, медицина ҳәм социаллық қорғаў системаларын түп-тийкарынан жаңалаў, экологиялық турақлылыққа ерисиў, халық хызметиндеги әдил ҳәм заманагөй мәмлекетти қурыў және мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин кепилликли тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленди.

Стратегия шеңберинде әмелге асырылған реформалар қысқа ўақыт ишинде сезилерли унамлы нәтийжелерди берди. Атап айтқанда, кәмбағаллық дәрежесиниң 11 проценттен 5,8 процентке түсиўи, жалпы ишки өним көлеминиң 145 миллиард долларға жеткени, экспорт ҳәм сырт ел инвестициялары көлеминиң избе-из өсиўи мәмлекеттиң экономикалық потенциалы беккемленип атырғанын көрсетпекте. Сондай-ақ, жумыссызлық дәрежесиниң азайыўы, туризм тараўындағы өсиў ҳәм Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги абырайының жақсыланыўы әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин тастыйықлайды.

Соның менен бирге, өткерилген таллаўлар “Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген айырым нәтийжелилик көрсеткишлери өз әҳмийетин жоғалтып атырғанын көрсетпекте. Соның ишинде, әмелдеги 444 көрсеткиштиң белгили бир бөлеги ўазыйпа ямаса тапсырма сыпатында қәлиплескени, айырымларында болса нәтийжелилик жетерли дәрежеде сәўлелендирилмегени стратегияны қайта көрип шығыў зәрүрлигин талап етпекте.

Буннан тысқары, дүньяда жүз берип атырған глобаллық өзгерислер, халықаралық базарлардағы турақсызлық, технология ҳәм санааттың жедел раўажланыўы, “жасыл экономика”ға өтиў, санлы трансформация, жасалма интеллект ҳәм киберқәўипсизлик тараўларының әҳмийетлилиги Өзбекстаннан пүткиллей жаңа қатнасларды талап етпекте. Халықтың санының өсиўи, урбанизация процесслериниң тезлесиўи, бәнтлик ҳәм дәраматлар мәселеси де стратегиялық режелестириўде есапқа алыныўы зәрүр болған әҳмийетли факторлар болып есапланады.

Соның менен бирге, бул Президент пәрманында “Өзбекстан – 2030” стратегиясының әмелге асырылыўы үстинен қатаң ҳәм системалы мониторинг орнатыў айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Атап айтқанда, Республикалық комиссияға стратегияның толық, өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў, барлық жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ўазыйпасы жүкленди.

Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы тәрепинен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының өз ўақтында ислеп шығылыўы қадағаланыўы, Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги және тийисли шөлкемлер тәрепинен нәтийжелилик көрсеткишлерине ерисиў мониторингин жолға қойыў мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелилик ҳәм есап бериўди арттырыўға хызмет етеди.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинети тәрепинен стратегияның орынланыўын ҳәр ай ҳәм ҳәр шеректе сын көзқарастан додалаў әмелиятының енгизилгени жуўапкер басшылардың жеке жуўапкершилигин күшейтеди. Бул болса реформалардың қағазда емес, әмелде орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Жуўмақлап айтқанда, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекет раўажланыўын сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған комплексли ҳәм системалы бағдарлама болып есапланады. Оны глобал тенденциялар ҳәм заманагөй шақырықларға сәйкес түрде жетилистириў, нәтийжелилик көрсеткишлерин қайта белгилеў және қатаң мониторинг механизмлерин енгизиў арқалы Өзбекстанның турақлы раўажланыўы, халықтың абаданлығы ҳәм халықаралық майдандағы бәсекиге шыдамлылығын буннан былай да арттырыўға беккем тийкар жаратылады.

Сонлықтан, парламент ағзасы ҳәм халық ўәкили сыпатында ҳәр бир ўатанласымызды “Мәмлекеттиң 2030-жылға шекем мөлшерленген раўажланыўының тийкарғы бағдарлары шеңберинде реформаларды избе-из даўам еттириў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы Президент пәрманы және 2026-жылғы Мәмлекетлик бағдарламаны додалаўда өз пикир-усыныслары менен белсене қатнасыўға шақыраман.

Гулнорахон АБДУВОҲИДОВА,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының

Мийнет, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық мәселелер бойынша комитетиниң ағзасы. ӨзА