Қорғаў хызметиниң сапасы жаңа басқышқа көтериледи

63

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы сиясий партиялар фракцияларының 2026-жылдағы биринши мәжилислери болып өтти. Мәжилислерде фракциялардың Президент Мүрәжатынан келип шығатуғын ўазыйпалары белгиленип, бир қатар әҳмийетли нызам жойбарлары қызғын додаланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясының мәжилисинде қорғаў хызметлериниң жумысына байланыслы нызам жойбары көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Миллий гвардия Қорғаў бас басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери ишки ислер уйымларының қарамағына өткерилгени ҳәм Ишки ислер министрлиги жанындағы Қорғаў департаменти етип қайта шөлкемлестирилгени мүнәсибети менен бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бул нызам жойбары менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине киргизилип атырған өзгерислерге бола Қорғаў бас басқармасы тәрепинен көрип шығыў ўәкиллигине тийисли болған ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар енди Ишки ислер министрлиги Қорғаў департаментиниң жуўапкер хызметкерлери тәрепинен көрип шығылатуғыны белгиленбекте.

Нызам жойбарының қабыл етилиўи әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлериниң системаластырылыўына алып келеди. Сондай-ақ, ҳуқықты қолланыў әмелиятында жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалардың алдын алыў ҳәм қорғаў хызметлериниң сапасын жаңа басқышқа көтериўге және объектлердиң қамтып алыўын кеңейтиўге хызмет етеди.

Додалаўларда фракция ағзалары өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм жуўмағында тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА