Раўажланыўға шақырық

30

Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 26-декабрьде Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжаты мазмун-мәниси, көлеми ҳәм стратегиялық әҳмийети жағынан Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында айрықша басқышты баслап беретуғын бағдарламалық ҳүжжет сыпатында тарийхқа киреди. Бул Мүрәжат тек ғана өткен жылдың нәтийжелерин қалыс таллаў емес, ал келешектеги реформалардың илимий тийкарланған, пуқта ойланған ҳәм халықтың мәплерине толық сәйкес келетуғын бағдарларын белгилеп берди.

Мүрәжаттың тийкарғы қунлылығы сонда, ол айырым тараўларды емес, ал экономикалық, социаллық, сиясий ҳәм руўхый раўажланыўды бирден-бир система сыпатында қарайды. Бул нәрсе заманагөй мәмлекетлик басқарыўдың илимий қатнасына толық сәйкес келеди.

Президент Мүрәжатында экономикалық өсиў көрсеткишлерине айрықша итибар қаратылды. Жалпы ишки өним көлеминиң избе-из ҳәм сезилерли артып барыўы, миллий экспортлық потенциалдың жаңа базарлар есабынан кеңейиўи, ең әҳмийетлиси, мәмлекетте инвестициялық орталықтың түп-тийкарынан жақсыланыўы – булардың барлығы Өзбекстанда соңғы жылларда әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар терең илимий тийкарға ийе екенин, таңланған экономикалық модель турмыс сынағынан табыслы өтип атырғанын айқын көрсетпекте. Бул нәтийжелер тосыннан емес, ал узақты гөзлеп алып барылып атырған, басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған ҳәм анық есап-санақларға сүйенетуғын мәмлекетлик экономикалық сиясаттың логикалық нәтийжеси болып есапланады.

Бул экономикалық өсиўди тек ғана қурғақ санлар ямаса статистикалық көрсеткишлер менен баҳалаў пүткиллей жеткиликли емес. Ең әҳмийетлиси, бул өсиў өзиниң терең социаллық-экономикалық мазмунына ийе болып, реал турмыста ҳәр бир пуқараның турмыс тәризинде сезилмекте. Жаңа жумыс орынларының жаратылып атырғаны, халықтың бәнтлигиниң артып барыўы, шаңарақлардың дәрамат дереклериниң кеңейиўи – булар экономикалық реформалардың инсан тәғдири менен тығыз байланыслы екенин көрсетеди.

Әсиресе, аймақлар арасындағы экономикалық теңсизликти азайтыў, шетки ҳәм аўыллық аймақларды раўажландырыўға қаратылған сиясаттың әмелий нәтийжелер берип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, турақлы раўажланыў тек ғана пайтахт ямаса ири қалалардың есабынан емес, ал пүткил мәмлекет аймақларының үнлес раўажланыўы арқалы тәмийинленеди. Бул болса, социаллық турақлылық, жәмийетте исеним ҳәм келешекке умтылысты беккемлейди.

Ең әҳмийетлиси, экономикалық раўажланыўдың инсан мәпине хызмет етиўи, мәмлекетлик сиясаттың орайында әне усындай инсан қәдири турғаны ҳәр қандай турақлы, әдил ҳәм демократиялық мәмлекеттиң ең тийкарғы белгиси болып есапланады. Президент Мүрәжатында алға қойылған экономикалық көзқарас әне усы принципке сүйенеди. Бул болса, Жаңа Өзбекстанның келешеги беккем, халықтың абаданлығы кепилленген ҳәм раўажланыў жолы артқа қайтпайтуғынын исеним менен атап өтиўге тийкар береди.

Социаллық сиясат – инсан қәдири принципиниң әмелий көриниси. Мүрәжатта социаллық тараўда белгиленген ўазыйпалар Жаңа Өзбекстан мәмлекетлик сиясатында “инсан – жәмийет – мәмлекет” принципи үстин екенин және бир мәрте тастыйықлады. Кәмбағаллықты қысқартыў, халықты социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў системасын раўажландырыў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың орайына қойылды. Бул қатнас адам капиталы теориясына толық сәйкес келеди. Себеби, жәмийеттиң узақ мүддетли экономикалық ҳәм инновациялық потенциалы, бәринен бурын, халықтың билим дәрежеси, денсаўлығы ҳәм социаллық турақлылығы менен белгиленеди. Президент Мүрәжатында мине, усы факторлар миллий раўажланыўдың шешиўши шәрти сыпатында алға қойылмақта.

Президент Мүрәжатында билимлендириў ҳәм илим тараўына да айрықша ҳәм тийкарғы итибар қаратылғаны тосыннан емес. Себеби, XXI әсирде мәмлекетлер арасындағы ҳақыйқый бәсеки майданы тәбийғый байлықлар ямаса арзан мийнет ресурслары емес, ал билим, илимий пикирлеў, технология ҳәм инновация болып есапланады. Бүгин ким билимли, ким илимий потенциалға ийе болса – әне сол мәмлекет келешегин белгилейди.

Автор сыпатында беккем исеним менен атап өтиў мүмкин, жоқары билимлендириў мәкемелерине академиялық ҳәм финанслық еркинлик бериў, илимий изертлеўлерди мәмлекет тәрепинен системалы қоллап-қуўатлаў, жас илимпазлар ҳәм изертлеўшилерди хошаметлеўге қаратылған илажлар мәмлекеттиң интеллектуаллық потенциалын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығады. Бул процесс тек ғана билимлендириў системасының ишки реформасы емес, ал пүткил экономиканың стратегиялық қайта қурылыўы дегени.

Әсиресе, илим менен өндирис арасында беккем байланыстың жолға қойылыўы, университетлерди инновация ҳәм изертлеў орайларына айландырыў идеясы оғада үлкен әмелий әҳмийетке ийе. Себеби, әйне усы жол арқалы жоқары қосымша қунға ийе өнимлер жаратылады, миллий экономика шийки затқа байланыслылықтан басқышпа-басқыш қутылады ҳәм глобал базарда бәсекиге шыдамлылыққа ериседи.

Буннан тысқары, билимлендириў ҳәм илимге киргизилген ҳәр бир инвестиция – бул келешек әўлад тәғдирине, мәмлекеттиң узақ мүддетли раўажланыўына киргизилген ең исенимли инвестиция болып есапланады. Себеби, билимли, ой-пикири кең, илимий пикирлей алатуғын әўладсыз инновациялық экономиканы да, турақлы жәмийетти де қурып болмайды. Президент Мүрәжатында әне усы ҳақыйқат илимий тийкарда алға қойылмақта.

Усы мәнисте, билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыўға қаратылған ҳәр бир реформа, ҳәр бир қарар халқымыздың келешеги, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм жәмийеттиң раўажланыўы ушын турмыслық әмелий әҳмийетке ийе болып, Жаңа Өзбекстанның интеллектуаллық тийкарын беккемлейди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң Мүрәжатында коррупцияға қарсы гүресиў мәселеси де айрықша ҳәм принципиаллық дәрежеге көтерилгени терең мәниге ийе. Илимий таллаўлар ҳәм халықаралық тәжирийбе соны айқын дәлиллейди, коррупция – бул тек ғана экономикалық жоғалтыўлардың дереги емес, ал жәмийеттиң раўажланыўын иштен жемириўши, мәмлекетке болған исенимди сөндириўши ең қәўипли иллетлерден бири болып есапланады. Ол ҳәр қандай ийгиликли реформалардың нәтийжелилигин төменлетеди, нызам үстинлигин әззилетеди ҳәм әдиллик принциплерине зыян келтиреди.

Коррупция бар жерде экономикалық өсиў турақлы болмайды, социаллық теңлик тәмийинленбейди, пуқаралардың мәмлекетке болған исеними беккемленбейди. Сол себепли мәмлекет басшысының бул машқалаға байланыслы қатаң, маўасасыз ҳәм принципиаллық позициясы ҳуқықый мәмлекет ҳәм пуқаралық жәмийетин қурыў жолындағы оғада әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланыўы керек. Әсиресе, коррупцияға қарсы гүресиўди тек ғана жаза илажлары менен емес, ал системалы реформалар, ашық-айдынлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў арқалы алып барыўға қаратылған қатнасты алға қойыў айрықша әҳмийетке ийе. Себеби, мәмлекетлик басқарыў қаншелли ашық ҳәм есаплы болса, коррупция ушын соншама аз имканият қалады. Бул болса, басқарыўдың сапасын арттырыў, қарарлар қабыл етиўде әдиллик ҳәм қалыслықты тәмийинлеўге хызмет етеди.

Ең әҳмийетлиси, коррупцияға қарсы гүресиў жәмийетте әдиллик сезимин беккемлейди, нызам алдында ҳәмме тең екени ҳаққындағы исенимди күшейтеди. Бул болса, пуқараларда мәмлекетке исеним, келешекке болған үмит ҳәм реформаларға жедел қатнасты қәлиплестиреди. Усы мәниде, Президент Мүрәжатында коррупцияға қарсы гүресиў мәселесиниң тийкарғы бағдар сыпатында белгилениўи Жаңа Өзбекстанда әдил, ашық-айдын ҳәм турақлы жәмийет қурыў жолындағы қатаң сиясий ерк-ықрардың айқын көриниси болып есапланады.

Соның менен бирге, Президент Мүрәжатында сыртқы сиясат ҳәм халықаралық бирге ислесиў мәселелерине терең ҳәм ҳәр тәреплеме итибар қаратылғаны бүгинги глобал процесслер көзқарасынан оғада орынлы болып есапланады. Себеби, ҳәзирги өз-ара байланыслы дүньяда ҳеш бир мәмлекет өзин шетке алып, тек ғана ишки имканиятлар менен турақлы раўажланыўға ерисе алмайды. Усы мәнисте, Өзбекстанның ашық, прагматикалық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған сыртқы сиясаты мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайы ҳәм исенимин барған сайын беккемлемекте.

Сыртқы сиясатта усындай миллий мәплерге сүйенген, бирақ жеккелениўге емес, бирге ислесиўге ашық-айдын қатнас – заманагөй мәмлекетшиликтиң ең дурыс ҳәм ақылға уғрас жолы болып есапланады. Өзбекстанның қоңсы мәмлекетлер, регионаллық ҳәм халықаралық структуралар менен конструктивлик сөйлесиў алып барыўы, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм гуманитарлық байланысларды кеңейтиўи мәмлекеттиң сыртқы сиясий турақлылығын тәмийинлемекте. Бундай сыртқы сиясий стратегия, бәринен бурын, миллий экономикалық қәўипсизликти беккемлеўге хызмет етеди. Сыртқы базарларға шығыў имканиятларының кеңейиўи, транспорт ҳәм логистика бағдарларының раўажланыўы, халықаралық инвестициялар ҳәм заманагөй технологияларды тартыў арқалы миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығы артып бармақта. Бул болса, Өзбекстанды глобал экономикалық процесслердиң белсенди қатнасыўшысына айландырмақта.

Ең әҳмийетлиси, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў арқалы мәмлекетимиз дүнья экономикалық системасында мүнәсип орын ийелемекте, миллий мәплер болса, сыртқы байланысларда тийкарғы норма сыпатында сақланып қалмақта. Бул үнлеслик – яғный ашық-айдынлық пенен миллий мәплердиң тең салмақлылығы – Жаңа Өзбекстан сыртқы сиясатының ең әҳмийетли жетискенлиги сыпатында баҳаланыўы мүмкин. Президент Мүрәжатында мине, усы көзқарастың алға қойылыўы мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыўы ушын беккем халықаралық тийкар жаратыўға хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, Президент Шавкат Мирзиёевтиң Мүрәжаты – Жаңа Өзбекстанның раўажланыўының илимий тийкарланған жол картасы, халық мәплерине садықлық ҳәм узақ мүддетли стратегиялық мақсетлерди әмелге асырыўдың айқын белгиси болып есапланады. Оннан келип шығатуғын ўазыйпаларды толық қоллап-қуўатлаў ҳәм турмысқа басқышпа-басқыш енгизиў ҳәр бир пуқараның абаданлығы, мәмлекетимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турақлылығы және миллий мақтанышымызды беккемлеўде турмыслық әҳмийетке ийе.

Бул Мүрәжат тек ғана ҳүжжет емес, ал халқымыз ушын үмит, келешекке исеним ҳәм миллетимиздиң раўажланыўы жолындағы турақлылық кепили болып есапланады.

А.Байрыева,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги