Өзбекстанның импорт көлеми өспекте

16

Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-ноябрь айларында Өзбекстан Республикасының импорт көлеми 41,9 млрд АҚШ долларын қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 18,7 процентке өскен.

Атап өтилиўинше, есап бериў дәўиринде мәмлекетимиз жәми 180 мәмлекеттен товарлар ҳәм хызметлерди импорт еткен.

2025-жылдың 11 айы жуўмақларына бола, Өзбекстан импортында ең үлкен үлеске ийе болған ТОП-10 мәмлекетлер төмендегилерден ибарат:

Қытай – 12,8 миллиард АҚШ доллары;

Россия – 7,8 млрд доллар;

Қазақстан – 3 млрд доллар;

Түркия – 1,7 млрд доллар;

Корея Республикасы – 1,5 млрд доллар.

Сондай-ақ, Германия ҳәм Ҳиндстаннан ҳәр бири 1 млрд долларлық импорт әмелге асырылған.

Дизимнен, сондай-ақ, Түркменстан (926,2 млн доллар), Беларусь (698,8 млн доллар) ҳәм АҚШ (656,1 млн доллар) да орын алған.

 

Ҳамроз Баянов,

ӨзАның хабаршысы