Дания хат жибериў әмелиятын тоқтатады

Дания миллий почта операторы “Post Nord” санластырыўға өтиў процесинде қағаз хат жеткерип бериўди пүткиллей шеклемекши. Бул ҳаққында DR телерадиокомпаниясы хабар тарқатқан.
“Post Nord” бул мәмлекеттиң 401 жыллық тарийхқа ийе миллий почта хызмети есапланады. Енди бул мәкеме тийкарғы итибарды хат емес, жөнелтпе жеткерип бериўге қаратпақшы.
Билдириўде оператор хат жибериў хызметине талап төменлегенин атап өткен. 2000-жылы компания 1,5 миллиард хатты мәнзилине жеткерген. Ҳәзир болса бул сан тек ғана 100 миллионды қурайды. Себеби, көпшилик даниялылар санлы байланысқа өткен.
Патшалықта ендигиден былай қағазда жазылған хатты ийесине жеткериў тек ғана жеке меншик компания арқалы әмелге асырылады.
Дания бойлап барлық почта қутылары алып тасланады.
С.Раҳимов, ӨзА