Сиясий реализм ҳәм конструктивлик қатнастың ашық көриниси

Мүнәсибет
Кейинги жыллары Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық ҳәм жәмийетшилик пенен нәтийжели байланыслар жаңа басқышқа көтерилмекте.
Усы процессте Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёеваның “Алтер Эго YouTube ” каналына берген кең көлемли интервью тек ғана социаллық тармақларда емес, ал мәмлекеттиң сиясий ҳәм жәмийетлик турмысында және халықаралық майданда да айрықша ўақыя сыпатында тән алынбақта.
Бул интервью Өзбекстан сиясий әмелиятында сийрек ушырасатуғын ҳәдийсе сыпатында жоқары лаўазымлы мәмлекетлик ғайраткердиң ашық, жеке ҳәм аналитикалық мүнәсибетке таяр екенлигин көрсетеди. Соның менен бирге, ол жәмийетшилик пенен конструктивлик диалог орнатыў, мәмлекетлик сиясатты түсиндириў ҳәм пуқаралардың әҳмийетли мәселелерге байланыслы пикирлерин тыңлаўға болған терең итибарды сәўлелендиреди. Соның менен бирге, ол жәмийетшилик пенен конструктивлик диалог орнатыў, мәмлекетлик сиясатты түсиндириў ҳәм пуқаралардың әҳмийетли мәселелерге байланыслы пикирлерин тыңлаўға болған терең итибарды сәўлелендиреди. Бул сәўбет тек ғана профессионал сиясий тәжирийбе емес, ал миллий мәплер ҳәм заманагөй демократиялық қәдириятларды муўапықластырыўға қаратылған қызғын баслама сыпатында тән алынады.
Интервьюдиң орайлық идеяларынан бири Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёеваның “Мен, бәринен бурын, хызметкермен”, деген сөзлеринде сәўлеленди. Бул гәп әпиўайы аңлатпа емес, ал бүгинги Өзбекстан мәмлекетлик басқарыў философиясының тийкарғы мәнисин ашып беретуғын принцип сыпатында қабыл етиледи. Бул көзқарас лаўазымды жеңиллик ямаса жеке абырай сыпатында емес, ал халық алдындағы хызмет ҳәм жоқары дәрежедеги жуўапкершилик сыпатында талқылаўға шақырады.
Әсиресе, жәмийетте мәмлекетлик системаға болған талап ҳәм сораўлар барған сайын артып атырған бүгинги дәўирде бундай позиция жәмийетшиликтиң исенимин беккемлейтуғын әҳмийетли сигнал сыпатында тән алынды. Бул тек ғана сиясий жетекшиликтиң жуўапкершилигин емес, ал мәмлекетлик хызметкерлердиң пуқаралар менен ашық ҳәм қызғын сөйлесиўге таяр екенлигин де айқын көрсетеди.
Интервюде Саида Мирзиёева жумыс тәжирийбеси, басшылық мектеби ҳәм қарар қабыл етиў мәдениятына айрықша итибар қаратады. Бул жерде итибарлы тәрепи сонда, сәўбет даўамында жеке мүнәсибетлерга қарағанда институционаллық пикирлеў, яғный система, стратегия ҳәм тең салмақлы қарарлар үстинлиги атап өтиледи.
Бул көзқарас мәмлекетлик басқарыўда “бир шахсқа байланыслы модель”ден әсте-ақырын институционаллық турақлылыққа қарай илгерилеў процесин айқын көрсетеди. Бул болса тек ғана системалы басшылықтың әҳмийетин емес, ал мәмлекетлик сиясаттың үзликсизлиги ҳәм стратегиялық режелестириўдиң әҳмийетин сәўлелендиреди.
Соның менен бирге, Президент Администрациясы басшысының бул пикирлери жәмийетте исеним ҳәм турақлылықты беккемлеўши әҳмийетли сигнал сыпатында қабыл етиледи.
Саида Мирзиёеваның “Реформалар енди басланды”, деген ашық-айдын тән алыўы әҳмийетли сиясий реализм ҳәм жуўапкершиликтиң үлгиси болып есапланады. Бул пикир жәмийетке ҳәдден тысқары оптимистлик ямаса жүзеки баҳалардан ўаз кешип, бар машқалаларға ашық ҳәм терең қараў зәрүрлигин еслетеди.
Оның атап өтиўинше, реформалар қурамалы, көп басқышлы процесс болып, әсиресе, суў ресурслары, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, исбилерменлик ҳәм суд-ҳуқық системасында нәтийжеге ерисиў тез емес, ал пуқта, системалы ҳәм басқышпа-басқыш қатнас жасаўды талап етеди. Бул қатнас мәмлекетлик сиясатта жуўапкершиликли ҳәм турақлы стратегияны әмелге асырыўға хызмет етеди, жәмийетшиликти болса реформалардың мәниси ҳәм даўамлылығы менен таныстырады.
Интервьюдеги ең әҳмийетли пикирлерден бири суд системасына берилген баҳа болды. Саида Мирзиёеваның суд-ҳуқық системасысыз басқа тараўлардағы реформалар нәтийже бермейтуғыны ҳаққындағы көзқарасы бүгинги Өзбекстан ушын принципиал сиясий әҳмийетке ийе.
Бул қатнас әдилликти тек ғана сүрен сыпатында емес, ал беккем институт сыпатында қурыўға болған қатаң сиясий ерк-ықрар ҳәм жуўапкершиликти көрсетеди. Соның менен бирге, суд системасының турақлылығы ҳәм нәтийжелилиги мәмлекетлик басқарыўдағы реформалардың тийкарғы таянышы екенин жәмийетшиликке жеткереди.
Интервью даўамында ҳаял басшы сыпатында дус келип атырған қыйыншылықлар мәселеси де ашық додаланды. Саида Мирзиёева бул темада орын алған машқалаларды бийкарламайды, бирақ оларды шеклеў сыпатында емес, ал жеке ҳәм кәсиплик раўажланыў имканияты сыпатында қабыл етеди.
Бул позиция Өзбекстан жәмийетинде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы ролин және де күшейтиўге хызмет ететуғын әҳмийетли социаллық сигнал сыпатында тән алынады. Соның менен бирге, ол жәмийетте ҳаял жетекшилердиң маманлығы, пидайылығы ҳәм стратегиялық қарар қабыл етиў қәбилети мәмлекеттиң раўажланыўына шексиз үлес қосатуғынын көрсетеди.
Саида Мирзиёева берген бул интервью әпиўайы медиада шығып сөйлеў сыпатында емес, ал мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы қарым-қатнас мәдениятын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған әҳмийетли сиясий ўақыя сыпатында қабыл етиледи.
Онда ашық-айдынлық, жуўапкершилик ҳәм инсан мәпин үстин қойыў принциплери айқын көринди.
Бул интервью Өзбекстан сиясий процесинде жоқары лаўазымлы басшылар менен ашық сөйлесиўлер әмелиятын кеңейтиў зәрүр екенлигин көрсетти ҳәм жәмийетте пикир алмасыў ушын әҳмийетли майдан жаратты. Соның менен бирге, ол мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық, стратегиялық режелестириў ҳәм пуқаралар менен нәтийжели қарым-қатнастың үстинлигин әмелде дәлиллейди.
ӨзА