Өзбекстан халқына жаңа жыл қутлықлаўы

2

Қәдирли ўатанласларым!

Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды кирип киятырған жаңа 2026-жыл менен шын жүректен қутлықлайман.

Өтип баратырған жыл халқымыз турмысында үлкен өзгерислер, ертеңги күнге беккем исеним ҳәм үлкен нәтийжелер жылы болды.

Дүньядағы қыйын жағдайға қарамастан, биз өз алдымызға қойған барлық мақсет ҳәм шеклерге еристик. Өзбекстанның жалпы ишки өниминиң көлеми биринши мәрте 145 миллиард доллардан асты ҳәм мәмлекетимиз орта дәраматлы мәмлекетлер қатарындағы орнын беккемледи.

Экономикалық өсиў нәтийжеси адамларымыздың турмысында, шаңарақлардың дәраматында, мәҳәллелердиң келбетинде, жасларымыздың келешекке болған исениминде айқын көринбекте.

Өтип баратырған жылда ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир шаңарақта қуўанышлар, бахытлы демлер көп болды.

Жаңа үйге көшип кирген, өз бизнесин жолға қойған ямаса кеңейттирген, дәраматы артқан, илим, спорт, мәденият ҳәм басқа да тараўларда өзи ямаса перзентлериниң жетискенликлеринен қуўанған миллионлаған шаңарақлардың қуўанышы 2026-жылдағы мақсетлеримизге ерисиў жолында бизге, әлбетте, үлкен күш береди.

Әзиз ўатанласларым!

Биз келеси жылы да ҳәр бир шаңарақтың бахытлы, абадан ҳәм саламат турмыс кешириўи, жасларымыздың сапалы билим алыўы, келешек кәсиплерин ийелеўи ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын жаңадан-жаңа имканиятларды иске қосамыз!

Биз 2026-жылды «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы» деп жәрияладық.

Жаңа жылда мыңлаған мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылап, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин алып келемиз.

Барлық экономика тармақларын технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткеремиз. Халқымыздың дәраматын ҳәм сатып алыў қәбилетин арттырыў жумысларын және де жеделлестиремиз.

Халықтың жәрдемге мүтәж қатламлары, ҳүрметли кекселеримиз, қәдирли ҳаял-қызларымыз ҳәм нәўқыран жасларымызды қоллап-қуўатлаўды кеңейтемиз.

Экологияны жақсылаў, «жасыл» энергетиканы раўажландырыў ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша тәсиршең илажларды даўам еттиремиз.

Бир сөз бенен айтқанда, жаңа 2026-жылда да барлық реформаларымыз, ҳәрекетлеримиз адамларымыздың жақсы жасаўы ҳәм бизнес ушын ең қолайлы шараятларды жаратыўға қаратылады.

Тәжирийбели мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилери, зыялылар, исбилерменлеримиз, күш-ғайратлы жасларымыз, кең жәмийетшилигимиз, ҳәр бир ўатанласымыз бул уллы ислерге мүнәсип үлес қосады, деп исенемен!

Әзиз ўатанласларым!

Жаңа жыл алдынан ҳәр бир шаңарақ жақсы нийетлер етеди, ҳәр бир инсанның кеўлинде жарқын арзыў-нийетлер пайда болады.

Ҳәр биримиздиң пәк нийетлеримиз, ийгиликли мақсетлеримиз 2026-жылы әлбетте әмелге ассын!

Жаңа жыл ҳәр бир шаңараққа саў-саламатлық, бахыт-ығбал, қут-берекет, елимизге жоқары раўажланыў, тынышлық-татыўлық алып келсин!

Жаратқан Ийемиз Ўатанымызды сақласын, халқымыздың турмысын буннан былай да жақсылаў жолындағы жумысларымызда мәдеткар болсын!

Жаңа жыл бәршемизге мүбәрек болсын, әзизлерим!

 

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти