Жаңа Ташкент ҳәр тәреплеме қолайлы, қәўипсиз ҳәм экономикалық белсенди мегақала болады

1

Президент Шавкат Мирзиёев 30-декабрь күни Жаңа Ташкентте әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары, соның ишинде, жол-транспорт инфраструктурасы, энергетика, турақ-жай, билимлендириў ҳәм басқа да объектлер қурылысының барысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп жер асты автомобиль турыў орны ҳәм пиядалар өтиў жолын қурыў жумысларын көзден өткерди.

Қурылыс майданы 40 мың квадрат метрден ибарат, баҳасы 100 миллион доллар болған бул автомобиль туратуғын орында биринши басқышта 200 жеңил автомобиль және 30 мотоцикл ҳәм скутерлерди жайластырыў имканияты болады. Төрт тәреплеме қолайлы ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениў ушын пиядалар жолы қурылады.

Бул жерде автоматластырылған парковка системалары, велосипедлерди ижараға бериў пунктлери шөлкемлестирилип, электромобильлерди зарядлаў ушын станциялар да қурылады. Бул автомобиль турыў орнын 2026-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Президентимиз бундай заманагөй автомобиль турыў орынларын көбейтиў, олар халық ушын максимал дәрежеде қолайлы болыўын тәмийинлеў, келешекте электромобильлердиң үлеси артыўын есапқа алып, оларды қуўатлаў инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.

Жаңа Ташкентте министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын шөлкемлестириў ушын ҳәкимшилик имаратлар қурылмақта.

Соның ишинде, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлигиниң модуль түриндеги жаңа имараты қурылған.

1,4 гектар жер майданында улыўма майданы 5751 квадрат метрди қурайтуғын 5 бир қабатлы жеңил металл конструкциялы, базальт қапламалы сендвич панельлерден ибарат имаратлар қурылды.

Бул имарат министрликтиң орайлық аппараты ҳәм системадағы шөлкемлерди бир орында жайластырыў имканиятын берип, мәкемелер арасындағы бирге ислесиў ҳәм жумыс процесслериниң нәтийжелилигин арттырады.

Жеңил конструкциялар ҳәм энергия үнемлеўши сендвич панельлер, еркин ақаба системасы, нәтийжели орайласқан ысытыў, суўытыў ҳәм вентиляция системасы усы имараттың эксплуатация қәрежетлерин азайтыў, келешекте оны кеңейтиў ямаса демонтажлаў имканиятын береди ҳәм тез бейимлесиўшеңлигин тәмийинлейди.

Бүгинги күнде жаңа имаратта министрликтиң орайлық аппараты ҳәм системадағы шөлкемлерде жумыс алып барып атырған жәми 550 хызметкер жумыс ислемекте.

Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги жанындағы Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў республикалық орайы да усы имаратта жайласқан.

Ҳәзирги ўақытта орай тәрепинен “Ашық қурылыс” миллий мәлимлеме системасы тийкарында бир қатар платформалар иске қосылған.

Мәмлекетимиз басшысына платформалардың жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қала қурылысы кадастры” географиялық мәлимлеме системасында қала ҳәм районлардың аймақларына байланыслы барлық социаллық-экономикалық мағлыўматлар бирден-бир санлы базаға жәмленди. Геопортал арқалы елатлы пунктлердиң 3D форматтағы “санлы егизеклери” жаратылды, реконструкция ҳәм реновация зоналары белгиленип, аймақларды комплексли таллаў имканияты жаратылды.

Бас режелерди ислеп шығыў ҳәм жәмийетлик додалаўдан өткериў, сондай-ақ, олар тийкарында қурылысқа руқсат бериўши ҳүжжетлерди рәсмийлестириў процесслери толық санластырылды.

Бүгинги күнге шекем 20 қала, 22 посёлка, 843 район елатлы пунктлериниң санлы бас режелери ислеп шығылып, геопорталға жайластырылды.

“Рейтинг” электрон платформасында қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлердиң жумысын баҳалаў автоматластырылды. “Тендер” электрон платформасы министрликлер ҳәм уйымлардың электрон системалары менен интеграция етилди. “Қурылыс тараўында мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў” электрон платформасының жаңа версиясы ислеп шығылып, қурылыс тараўындағы барлық 9 хызмет қамтып алынды.

“Жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериў”, “Қурылыста мәмлекетлик қадағалаў”, “Мениң үйим”, “Мениң аймағым”, “Жыллылық тәмийнаты биллинг системасы” сыяқлы бир қатар платформалар да жумыс алып бармақта.

Системаны буннан былай да жетилистириў, объектив етиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жас қәнигелер менен сәўбетлести.

– Кешеги билим менен бүгин үлкен нәтийжелерге ерисиў қыйын. Оның ушын ҳәр күни излениў, анық пәнлер, атап айтқанда, мәлимлеме технологияларын жақсы үйрениў керек, бул қурылыс тараўында да жүдә әҳмийетли, – деди Президентимиз.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкенттеги “Шарқ баҳори” турақ жай комплексиниң қурылыс майданына барды.

Президентиимиз Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында атап өткениндей, быйылғы жылы 8 миллион 100 мың квадрат метр көп қабатлы турақ жайлар қурылып, халыққа тапсырылмақта. Улыўма, соңғы тоғыз жылда 210 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

Жаңа Ташкентте де кең көлемли турақ жай қурылысы баслап жиберилген. Биринши басқышта 600 мың халық ушын заманагөй инфраструктура қурылыўы белгиленген. Жойбар толық жуўмақланғанда болса Жаңа Ташкент 2 миллион халық жасайтуғын үлкен мегаполиске айланады.

Олардың турақ жайға болған талабын тәмийинлеў бағдарындағы биринши қәдем “Шарқ баҳори” турақ жай комплекси болып есапланады. Комплекс регионымыздағы ең ири турақ жай жойбарларынан бири болып есапланады. 95 гектар аймақта 15 мыңға шамалас квартирадан ибарат көп қабатлы турақ жайлар қурылады.

Бүгинги күнге шекем бул жерде 18 миллион квадрат метрден аслам қурылыс жумыслары орынланды. Онда “А+” энергияны үнемлеў категориясындағы заманагөй материаллар қолланылмақта.

Комплексте 15 мыңнан аслам терек ҳәм нәллерден ибарат жасыл аймақ шөлкемлестириў де режелестирилген. Сондай-ақ, автоном ысытыў ҳәм суўытыў системалары болады, төбе бөлимлери толық қуяш панельлери менен қапланады.

Халықтың жеке транспорт қуралларын сақлаўы ушын турақ жайлардың жер асты бөлимлеринде автомобильлер туратуғын орынлар шөлкемлестириледи. Комплекстен 5-10 минутлық аралықта бағ, метро бәндиргиси, ҳәкимшилик имаратлар ҳәм социаллық мәкемелер бой тиклейди.

Президентимиз таяр шаңарақлардың бирине кирип, шараятлар менен танысты, Жаңа Ташкент халық ушын ҳәр тәреплеме қолайлы турақ жай қурыўда пүткил мәмлекетимизге үлги ҳәм тәжирийбе мектеби болыўы керек екенлигин атап өтти.

Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкент аймағында қурылып атырған энергетика объектлери менен танысты.

Тригенерация технологиясы қаланы орайласқан суўытыў ҳәм ысытыў менен тәмийинлеў ушын заманагөй шешим болып, дәстүрий қуўатлықларға салыстырғанда 2 есеге шекем аз энергия жумсайды. Әпиўайы ыссылық орайларында ямаса суўытыў системаларында өндирис процесслери өз алдына әмелге асырылады. Тригенерацияда болса булардың барлығы бирден-бир технологиялық шынжыр тийкарында бирлестириледи.

Ҳәзирги ўақытта Жаңа Ташкентте әне усы технологияға тийкарланған станцияның тийкарғы имарат ҳәм объектлериниң қурылысы жедел бармақта. Жойбар шеңберинде талап етилетуғын тийкарғы үскенелер халықаралық энергия нәтийжелилиги талапларына толық сәйкес келеди.

Биринши басқышта ыссылық ушын 75 мегаватт, суўытыў системасы ушын болса 100 мегаватт қуўатлық жаратылады. Соның менен бирге, 17 мегаватт муғдарында қосымша электр энергиясы да ислеп шығарылады.

Президентимиз Жаңа Ташкенттиң биринши подстанциясында алып барылып атырған жумыслар менен де танысты.

Подстанцияның қуўатлылығы 100 мегаваттқа тең болып, Жаңа Ташкенттиң дәслепки басқыштағы талапларын тәмийинлейди. Жойбар Қытайдың “Haocheng Industry Group Limited” компаниясының қатнасыўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылмақта.

Итибарлы тәрепи, бул объект Өзбекстандағы биринши жабық түрдеги подстанция есапланады.

Бундай типтеги қурылмалар дәстүрий ашық подстанцияларға салыстырғанда бир қатар артықмашлықларға ийе. Бәринен бурын, олар қала ишиндеги орталыққа сай жойбарланады ҳәм аймақтың архитектуралық көринисин бузбастан жайластырылады. Сондай-ақ, бундай подстанциялардың шаўқым дәрежеси дәстүрийлерге қарағанда еки есеге төмен болады. Буннан тысқары, ашық түрдеги имаратларға қарағанда үш есе аз майдан талап етеди. Бул жаңадан қурылып атырған Жаңа Ташкент сыяқлы қурамалы инженерлик концепциясына ийе қалада оғада үлкен абзаллық болып есапланады.

Президентимиз бул объектлер менен танысып, олардың техникалық имканиятларын, экономикалық нәтийжелилигин ҳәм Жаңа Ташкент ушын стратегиялық әҳмийетин айрықша атап өтти. Жойбардың және де нәтийжели ислеўи ҳәм келеси басқышларын тез ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша өз усынысларын берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Ташкентте қурылып атырған “Жаңа Өзбекстан” университети ҳәм Өзбекстан Миллий китапханасы имаратларының қурылысын да көзден өткерди.

Мәмлекетимизде экономиканың стратегиялық тармақларын илимий тийкарда раўажландырыў, инновация ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўды кеңейтиў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады. Бул процесс, бәринен бурын, заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ие болған маман кадрлар таярлаў менен тығыз байланыслы.

Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық “Жаңа Өзбекстан” университети шөлкемлестирилген.

Университеттиң Жаңа Ташкентте қурылып атырған имаратлар комплексиниң дәслепки баҳасы 200 миллион доллар болып, 50 гектар майданды қамтып алады.

Жойбар Жаңа Ташкент қаласын қурыў дирекциясының буйыртпасы тийкарында түркиялы қәнигелер менен биргеликте ислеп шығылған. Қурылыс жумыслары “Özgüven” компаниясы тәрепинен әмелге асырылмақта. Университет имаратларын 2027-жылы пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Комплекс қурамында 10 мың студентке мөлшерленген 5 факультет, ректорат, мың орыннан аслам орынға ийе китапхана, музей, көргизбелер залы, мультимедиа ханалары қурылады. Сондай-ақ, студентлер ушын мың орынлық спорт комплекси ҳәм жүзиў бассейни, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге мөлшерленген 2 мың орынлық жатақханалар және асханалар қурылады.

Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары үш басқышта алып барылмақта. Мәмлекетимиз басшысы жойбардың тийкарғы параметрлери, билимлендириў процеси ушын жаратылатуғын инфраструктура ҳәм шараятларға айрықша итибар қаратты. Жаслардың илимий ҳәм интеллектуаллық потенциалын жүзеге шығарыўда бундай заманагөй билимлендириў дәргайларының әҳмийети айрықша атап өтилди.

– Бул университетте әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, билимлендириў бағдарламалары басқа да жоқары оқыў орынлары ушын үлги болыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Басқа да жоқары оқыў орынларын да усы тәризде оңлаў, үскенелеў, билимлендириўге алдынғы технологияларды тартыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, дерлик 4 гектар майданда Өзбекстан Миллий китапханасының жаңа имаратын қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Имарат миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй архитектуралық шешимлерди үйлестирген ҳалда жойбарластырылған.

Төрт қабатлы имаратлардың улыўма майданы 30 мың квадрат метрден аслам болып, бир ўақыттың өзинде 1 мың 420 китапқумарға хызмет көрсетиў имканиятын береди. Китапхана фондларын сақлаў, есапқа алыў, қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм стерилизациялаў ушын арнаўлы жоқары технологиялы ханалар шөлкемлестириледи.

Комплекс көп функциялы болып, халықаралық ҳәм миллий ири китапханалардың электрон базаларына онлайн жалғаныў имканияты жаратылады. Көзи әззи пуқаралар ушын арнаўлы оқыў ҳәм изертлеў орталығы жолға қойылады. Сондай-ақ, келиўшилер ушын 300 орынлық кафе, галерея, жеңил спорт ойынлары майданшалары ҳәм дем алыў орынлары қурылады.

Президентимиз бул китапхана Жаңа Ташкентте қурылып атырған билимлендириў ҳәм ағартыўшылық дәргайларының системасында әҳмийетли орын ийелеп, жас әўладтың интеллектуаллық раўажланыўы ушын беккем тийкар болатуғынын атап өтти. Илим ҳәм мәнаўиятқа инвестиция киргизген мәмлекеттиң экономикалық потенциалы да турақлы ҳәм жоқары болатуғыны атап өтилди.

Заманагөй китапхана имканиятларынан толық пайдаланыў ушын хызметкерлер мәлимлеме технологиялары ҳәм халықаралық стандартларды терең өзлестириўи зәрүр екенлигине итибар қаратылды.

Жаңа Ташкентте алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысыў даўамында Президент Шавкат Мирзиёев Шыршық дәрьясы үстинде жаңа көпир ҳәм метро бәндиргиси менен бирлестирилген автомобиль турыў орнын қурыў жумысларын көзден өткерди.

Пайтахт ҳәм Жаңа Ташкент арасында транспорт байланысларын беккемлеў, транспорт ағымын нәтийжели басқарыў және халық ушын қолайлы ҳәрекет орталығын жаратыўға қаратылған бул жойбарлар қала инфраструктурасын раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Жаңа көпир Ташкент ҳәм Жаңа Ташкентти байланыстырады. Бир суткада 40-50 мың автотранспорт қуралын өткериў қуўатлылығына ийе болады. Қурылыс жумыслары усы жылдың ақырында басланған болып, ҳәзирги ўақытқа келип жойбардың дәслепки бөлеги әмелге асырылмақта.

Жойбар шеңберинде қоршаған орталыққа абайлы қатнаста болыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жағалық аймақлары көклемзарластырылады, энергия үнемлейтуғын жақтыландырыў системалары орнатылады, пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылады. Сондай-ақ, көпир арқалы еки линиялы трамвай жолын қурыў режелестирилген.

Жаңа Ташкентти Ташкент қаласы менен байланыстыратуғын болажақ метро линиясының узынлығы 21 километрди қурап, 9 заманагөй бәндиргини өз ишине алады. Ол күнине 230 мың жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Линия пайтахт метросының бар тармақлары менен толық интеграцияланады, бул болса жолаўшылар ушын бирден-бир ҳәм үзликсиз транспорт системасын қәлиплестиреди.

Мәмлекетимиз басшысы болажақ линияның автомобиль туратуғын орын менен интеграцияланған бәндиргилеринен бириниң қурылыс процеси менен танысты.

Метро бәндиргиси менен интеграцияласқан автомобиль туратуғын орын 20 мың квадрат метр майданда қурылады, онда автомобильлер, пиядалар ҳәм жәмийетлик транспорт ҳәрекети анық ажыратылып, қәўипсизлик ҳәм функционаллыққа тийкарғы итибар бериледи.

Ҳәзирги ўақытта аймақта жер жумыслары ҳәм бетон қуйыў жумыслары алып барылмақта. Комплекс 2027-жылы пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген.

Президентимиз жойбарлардың Жаңа Ташкент ушын стратегиялық әҳмийетин атап өтип, қурылыс жумысларын белгиленген мүддетлерде, жоқары сапада әмелге асырыў бойынша өз усынысларын берди.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Ташкент қаласын қурыў дирекциясына да барып, аймақта әмелге асырылып атырған ҳәм келешектеги ири қурылыс жойбарларының презентациясы менен танысты.

Бул қала қурылысына 2023-жылы тырнақ тасы қойылған еди. Жойбар ушын Жоқары ҳәм Орта Шыршық районларынан жәми 19 мың 700 гектар жер майданы ажыратылған. Концепция Британияның “Cross Works” компаниясы тәрепинен ислеп шығылған. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 100 ден аслам үлкен-киши жойбарлар жедел алып барылмақта. Ҳәр бир баслама халықаралық нормалар ҳәм заманагөй қала қурылысы тенденцияларына тийкарланады.

Ҳәзирге келип, дәслепки имаратлардың саўлаты көзге таслана баслады. Жуўмақланып атырған 2025-жылы жаңа қалада алып барылып атырған қурылыс майданлары 3 миллион квадрат метрге жетти.

Бир қатар турақ жай массивлериниң қурылысы жуўмақлаўшы басқышқа кирди. Инфраструктура объектлеринде жумыслар жедел бармақта.

Биринши басқышта 6 мың гектар аймақта қурылыс жумыслары орынланады. Нәтийжеде 600 мың халық ушын заманагөй инфраструктура қурылыўы белгиленген. Жойбар толық жуўмақланғанда болса Жаңа Ташкент 2 миллион халық жасайтуғын үлкен мегаполиске айланады.

Бундай көлемдеги қурылыс узақ мүддетли ҳәм турақлы инфраструктураны талап етеди. Ҳәзирги ўақытта аймақта ири жер асты инженерлик тармақлары қурылмақта. Бир ҳәм еки секциялы коллекторлар жатқарылып, ыссылық, суў, электр энергиясы ҳәм телекоммуникация сыяқлы барлық тармақлардың жер астынан өткерилиўи тәмийинленбекте.

Транспорт қатнаўын жеңиллетиў мақсетинде алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди. Туннел ҳәм жер асты автомобиль турыў орынларының қурылысы қаланың келешектеги ҳәрекетлениў системасы ушын әҳмиетли екени атап өтилди.

Аймақта он километрлик жағалық бағы шөлкемлестирилди. Бир миллион түп пута ҳәм нәллер егилди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен қала қурылысында “жасыл” принциплер әҳмийетли орын ийелеўи керек екенлиги атап өтилди. Онда метро ҳәм электробуслардың ҳәрекетин муўапықластырыў, пияда ҳәм велосипедшилер ушын қәўипсиз, тосқынлықсыз жолларды қурыў бойынша жуўапкерлерге қосымша тапсырмалар берилди.

Аймақта 60 тан аслам мәмлекетлик уйымлар ушын заманагөй ҳәкимшилик имаратлар қурылады. Ҳәзирги ўақытта бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар ўақтынша комплекслерде жумыс баслаған.

Инвесторлардың белсендилиги де жоқары. Аукцион арқалы сатылған 24 коммерциялық лот бойынша 2 миллиард долларлық инвестиция шәртнамаларына қол қойылған. Бул қаржылар есабынан мийманханалар, ресторанлар, сервис орайлары ҳәм өзине тән архитектураға ийе заманагөй имаратлар қурылады.

Ҳәзирги ўақыттағы қурылыс процесиниң өзинде 10 мың адамның бәнтлиги тәмийинленген. Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң болса инновациялық технологияларға тийкарланған, жоқары дәраматлы жүз мыңлаған турақлы жумыс орынлары жаратылыўы күтилмекте.

Президентимизге Жаңа Ташкентте қурылып атырған туризм объектлери, хызмет көрсетиў ҳәм дем алыў комплекслери, сондай-ақ, мәмлекетимиздиң басқа да аймақларында әмелге асырылыўы режелестирилип атырған ири инвестициялық ҳәм инфраструктуралық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир басламада илим жетискенликлерине сүйениў, жойбарларда жергиликли руўхты сәўлелендириў, ең тийкарғысы, олар халық мәпине хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдулазиз РУСТАМОВ,

Марҳабо ҲОЖИАКБАРОВА,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары