Мәҳәллелерде социаллық хызметлердиң сапасы және де арттырылмақта

5

“Инсан” социаллық хызметлер орайы Тақыятас районлық бөлими тәрепинен халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда мәҳәлледе комплексли социаллық хызметлер көрсетиўши қәнигелердиң жумысы ушын зәрүр шараятларды жаратыў жолында әмелий жумыслар даўам еттирилмекте.

Хызмет көрсетиў процесслерин санластырыў, жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм қәнигелерди заманагөй техника қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде район ҳәкимлиги тәрепинен 11 мәҳәлледеги комплексли социаллық хызмет көрсетиўши қәнигелерге 11 дана заманагөй компьютер (моноблок) тапсырылды.

Бул жаратылған шараятлар ҳүжжетлер менен ислеўди тез ҳәм сапалы әмелге асырыў, халықтың мүрәжатларын өз ўақтында көрип шығыў, социаллық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм ҳәр бир мүтәж шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиўге хызмет етеди.

Халықтың абаданлығын тәмийинлеў, социаллық қорғаў системасын еле де жетилистириўге қаратылған бундай реформалар буннан былай да даўам еттириледи.

                                                           Қарақалпақстан хабар агентлиги