Жаңа жыл алдынан жаңа имарат: Жаслар баспаналы болды

Президентимиздиң 2021-жыл 9-август сәнесиндеги ПҚ-5216-санлы қарарының орынланыўы шеңберинде республикамызда жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылды.
Атап айтқанда, жуўмақланып атырған 2025-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 86 жас заманагөй, барлық қолайлықларға ийе турақ жайлар менен тәмийинленди. Бул болса жаслардың социаллық қорғалыўын күшейтиў, олардың еркин турмысқа қәдем қойыўы ҳәм келешек режелерин әмелге асырыўында беккем тийкар болып хызмет етпекте. Жаңа жыл байрамы алдынан бул илаж орынларда даўам етип, жаслар жаңа үйлер менен тәмийинленип, қуўанышқа бөленди.
Бундай илажлардың бири Хожели районында да даўам етип, жаңа жыл алдынан районда жасаўшы үш жасқа жаңа үйлердиң гитлери салтанатлы түрде тапсырылды.

Илажға район ҳәкими Ж.Ермашев, “Инсан” социаллық хызметлер орайы районлық бөлими баслығы З.Хожамуратова ҳәм кең жәмийетшилик пенен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Онда инсан қәдир қымбаты барлық нәрседен үстин туратуғын елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ата-анасы қарамағынан айрылған жаслар ушын үлкен имканиятлар жаратылып атырғанлығы айрықша атап өтилди.
-Быйыл жоқары оқыў орынына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым. Ата-анам болмағанлықтан кемпир апамның қәўендерлигиндемен. Жаңа үй менен тәмийнленгеним ушын Президентимизге, ел басшыларына миннетдаршылығым шексиз. Бул итибарды келешекте елимизге мүнәсип хызметлерим менен қайтарыўға ҳәрекет етемен, – дейди Хожели районында жасаўшы Дилшода Хожаназарова.
Қарақалпақстан хабар агентлиги