Спортшылар жылды қалай жуўмақламақта?: 2025-жылға қысқаша шолыў

21

Ҳиндстанның Лакхнау қаласында гандбол бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында  Халықаралық гандбол федерациясы кубогиниң Азия континенти басқышы болып өтти.

Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста Өзбекстан U-18 ҳәм U-20 сайланды командалары да табыслы қатнасып, финал беллесиўлеринде жас өспиримлеримиз Ҳиндстан сайланды командасын 47:23,  U-20 командамыз Қазақстан сайланды командасын 38:18 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Соны айтып өтиўимиз керек, чемпион командалар қурамында қарақалпақстанлы Баймурат Рейпназаров, Шахзад   Шерниязов ҳәм Рахат Жолдасбаевлар қатнасып, сайланды команданың жеңисине өзлериниң салмақлы үлеслерин қосты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги