Мойнақлы балалар да Президент саўғасын алды

6

Мойнақ районында да Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.

Онда район ҳәкими Б.Менглибеков ҳәм ИИБ баслығы Ж.Юсуповлар қатнасып, балаларды ҳәм олардың ата-аналарын, қәўендерлерин Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ата-анасынан айырылған, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған балалар ушын Президент саўғаларын тапсырды.

Байрам илажында балаларға район белсендилери ҳәм қәўендерлер тәрепинен таярланған саўғалар да тапсырылды.
Байрамға мүнәсип безелген шырша әтирапында сүйикли ертек қаҳарманларының қатнасыўындағы театрластырылған тамашалар балаларға умытылмас мәўритлер, қуўаныш бағышлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги