Арзанластырылған саўда ярмаркалары шөлкемлестирилмекте

Усы күнлерде елимиздиң барлық орынларында болғаны сыяқлы Нөкис қаласында да жаңа жыл байрамы көтериңки руўхта өтпекте. Орынларда байрамды көтериңки руўхта өткериў ушын зәрүр жумыслар алып барылмақта. Пайтахтымыздағы ғалабалық байрам илажлары өткерилетуғын аймақларда жаңа жыл байрамы шыршалары орнатылып, түрли кеўилашар илажлар өткерилмекте.
Буннан тысқары, нөкислилердиң байрам дастурханы мол болыўын тәмийинлеў, баҳаның кескин артып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилген саўда ярмаркаларында азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң арзан баҳаларда сатылыўы жолға қойылды.
Атап айтқанда, усы жылдың 10-декабрьинен баслап “Нөкис дийқан базары”нда арзанластырылған саўда ярмаркалары шөлкемлестирилген.
Ярмаркаларда гөш ҳәм гөш өнимлери, қусшылық өнимлери, мәйек, сүт ҳәм сүт өнимлери, ун, гүриш, кондитер өнимлери, мийўе-овощ ҳәм басқа да тийкарғы тутыныў товарлары базар баҳаларына салыстырғанда бираз арзан баҳаларда усыныс етилмекте. Соның менен бирге, өнимлердиң сапасы ҳәм санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етилиўи тийисли шөлкемлер тәрепинен турақлы қадағалаўға алынған.



– Бүгинги күнде қалада арзанластырылған ярмарканың жумысы толық жолға қойылған, – дейди қала ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Муслим Канназаров. – Ярмаркаларда саўда ислеп атырған 45 тен аслам исбилерменлик субъектлери бириктирилген болып, оларға барлық шараятлар жаратылған. Сатылып атырған өнимлер бойынша санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етилиўи үстинен тийисли шөлкемлер қадағалаўы жолға қойылған. Халқымызға қолайлы болыўы ушын арзанластырылған ярмаркаларда сатыўшылар 110 қадағалаў касса машинасы ҳәм төлем терминаллары менен тәмийинленген саўда орынлары шөлкемлестирилип, оларда турақлы қадағалаўды және баҳаның турақлылығын тәмийинлеў ҳәм мониторингин алып барыў мақсетинде 22 жуўапкер хызметкер бириктирилген.
Сондай-ақ, қаладағы бәрше мәҳәллелерде көшпели саўда дүканлары шөлкемлестирилген.
Бүгин Нөкис қаласы ҳәкимлигинде де арзанластырылған саўда ярмаркасы шөлкемлестирилип, халыққа байрам дастурханы ушын зәрүр болған барлық өнимлерди бир жерден, арзан ҳәм сапалы түрде сатып алыў имканияты жаратылды. Ярмаркада 15 исбилерменлик субъекти өз өнимлери менен қатнасты.
– Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм “Нөкис дийқан базары” тәрепинен Жаңа жыл байрамы алдынан ҳәр жылы арзанластырылған ярмарка өткерилиўи дәстүрге айланған, – дейди “Нөкис дийқан базары” қадағалаўшысы Гүлпаршын Төремуратова. – Ең әҳмийетлиси, тийкарғы азық-аўқат өнимлери гөш, мәйек, қус өнимлери, мийўе-овощь, гүриш ҳәм ҳәр қыйлы кондитер өнимлери арзан баҳаларда усыныс етилмекте.
Арзанластырылған саўда ярмаркалары 2026-жылдың 15-январына шекем өз жумысын даўам еттиреди.
М.Пирназарова,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы