Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери телефон арқалы сөйлести

100

30-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў басында мәмлекетимиз басшысы Россия Президентиниң Новгород ўәлаятындағы резиденциясына ҳүжим ислеўге урыныўды қатаң қаралады.

Бундай ҳәрекетлер турақлылық ҳәм қәўипсизликке, соның ишинде, узақ мүддетли тынышлыққа ерисиўге қаратылған ҳәрекетлерге қәўип туўдыратуғыны атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў көзқарасынан Өзбекстан-Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги мәселелер бойынша да пикир алысылды, болажақ илажлар режеси додаланды.

Сөйлесиў жуўмағында жетекшилер кирип киятырған жаңа – 2026-жыл мүнәсибети менен бир-бирин қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм абаданлық, еки мәмлекеттиң дос халықларына болса тынышлық-татыўлық тиледи.