Қырғызстанның бурынғы президенти барлық мәмлекетлик сыйлықларынан айрылды

36

Қырғыз Республикасының бурынғы президенти Алмазбек Атамбаев барлық мәмлекетлик сыйлықларынан айырылды. Тийисли пәрманға бүгин үлкениң әмелдеги мәмлекет басшысы Садир Жапаров тәрепинен қол қойылған.

Атап өтилиўинше, Жапаров Бишкек қаласы Биринши май районлық судының 3-июньдеги ҳүкимин орынлаў мақсетинде усы ҳүжжетке қол қойған.

Оған бола, А.Атамбаев мәмлекеттиң жоқары сыйлығы – “Қырғызстан Қаҳарманы” атағы, II дәрежели “Манас” ҳәм “Данакер” орденьлери, сондай-ақ, “Данк” медалы сыйлығынан айырылған.

Ҳуқық қорғаў уйымларына оларды кейин ала мәмлекетлик сыйлықлар фондына тапсырыў ушын алып қойыў тапсырылды.

Мағлыўмат орнында: Атамбаев 2011-жыл декабрьден 2017-жыл ноябрьге шекем Қырғызстан Республикасы президенти болған. 2020-жылы ол криминал шахс Азиз Батукаевты нызамсыз босатыў иси бойынша 11 жыл еки айға еркинен айырылған еди. 2023-жылы бурынғы мәмлекет жетекшиси колониядан босатылды ҳәм емлениў ушын сырт елге кетиўге руқсат берилди. Ҳәзир ол сырт елде.

Усы жылдың 3-июнь күни Бишкектиң Биринши Май районлық суды мәмлекетти тәрк еткен Алмазбек Атамбаевты сырттан 11 жыл 6 айға еркинен айырыў ҳәм мүлкин конфискациялаў ҳаққында қарар шығарды. Бурынғы президент коррупция, ғалабалық тәртипсизликлер шөлкемлестириў, сондай-ақ, Қойташ аўылындағы жер майданларын нызамсыз қолға киргизиўде айыплы деп табылған.

Ө.Алимов, ӨзА