“Өзбекфильм” – 100 жаста

39

Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Кинематография агентлигине қараслы “Өзбекфильм” киноконцерниниң Мәмлекетлик унитар кәрханасы шөлкемлестирилгениниң 100 жыллығына бағышланған салтанатлы байрам илажы болып өтти.

Бул илажда республикамызда жумыс алып барып атырған жетекши кино дөретиўшилери, “Өзбекфильм” киноконцернинде мийнет етип атырған тараў хызметкерлери, белгили актёр ҳәм актрисалар, сондай-ақ, өзбек киносының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ветеран дөретиўшилер қатнасты.

Байрам илажында Өзбекстан Кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Матёқуб Матчонов, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Кинематография агентлиги директорының кеңесгөйи Сайфулла Ражабов ҳәм “Өзбекфильм” киноконцерниниң директоры Баҳодир Муҳаммедов кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының миллий кинематографияны раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли басламалары киношыларды және де көбирек илҳам ҳәм ғайрат пенен дөретиўшиликке ийтермелеп атырғанын атап өтти. Кино шеберлеримиз тәрепинен жаратылған көплеген фильмлер халықаралық кинофестивальларда табысқа ерисип атырғаны атап өтилди.

Илаж даўамында Кинематография агентлиги директорының буйрығына тийкарланып, тараўда узақ жыллар нәтийжели жумыс алып барған бир топар кинодөретиўшилер “Кинематография пидайысы” көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Бул тән алыў олардың миллий кино көркем өнериниң раўажланыўына қосқан мүнәсип үлесиниң айқын көриниси болды.

Салтанатлы илаж байрам кейпиятында, пайызлы орталықта ҳәм көтериңки кейпиятта өтти ҳәм қатнасыўшыларда умытылмас тәсирлер қалдырды.

Н.Усмонова, ӨзА