Өзбекстан ҳәм Япония: Стратегиялық бирге ислесиў сапа жағынан жаңа басқышқа шықты

3

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл 18-20-декабрь күнлери Японияға әмелге асырған рәсмий сапары шеңберинде өткерилген ушырасыўлар ҳәм ерисилген нәтийжелер еки тәреплеме стратегиялық бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шықты.

Бул Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетинде өткерилген парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине бағышланған дөгерек сәўбетинде атап өтилди.

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Азамхўжаев басқарып барған мәжилисте парламентлераралық бирге ислесиўди беккемлеў, дослық топарлары ҳәм комитетлер дәрежесинде байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект тараўында нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сенаторлар “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасының биринши саммитинде Токио декларациясының қабыл етилгени регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, “жасыл экономика”, санлы трансформация ҳәм билимлендириў тараўларында стратегиялық басламаларды алға қойыўға хызмет етип атырғанын атап өтти.

Дөгерек сәўбети жуўмағында парламент дипломатиясы механизмлеринен нәтийжели пайдаланыў ҳәм “Өзбекстан – Япония” парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын және де жеделлестириў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.

Н.Абдураимова, ӨзА