Өзбекстан Республикасы Президенти Саудия Арабстаны елшисин қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-декабрь күни мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Саудия Арабстаны Патшалығының Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Юсуф ал-Утайбийди қабыллады.
Мәмлекетимиз басшысы елшиниң нәтийжели жумысын және Өзбекстан менен Саудия Арабстаны арасындағы ҳәр тәреплеме шериклик қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде системалы сөйлесиў ҳәм жедел байланыслар жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў, тиккелей инвестициялар көлеми ҳәм биргеликтеги кәрханалардың саны жедел өсип бармақта. Саудия Арабстанының жетекши компаниялары менен жойбарлар портфели 27 миллиард доллардан артты.
“Жасыл” энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, инфраструктураны раўажландырыў ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда жойбар ҳәм басламалар әмелге асырылмақта.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести. Усы жылдың октябрь айында Саудия Арабстанында Өзбекстан мәденияты күнлери жоқары дәрежеде өткерилди. Мәмлекетимиз Ар-Риядта болып өткен Халықаралық китап көргизбесинде қатнасты.

Өзбекстан жетекшиси Саудия Арабстаны Ҳүкиметине пуқараларымыздың Ҳаж ҳәм Умра әмеллерин орынлаўы ушын жаратылған қолайлы шараятлар ушын миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Юсуф ал-Утайбийге Өзбекстан – Саудия дослық ҳәм көп тәреплеме шериклик қатнасықларын беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын “Дўстлик” орденин тапсырды.

Елши оның дипломатиялық миссиясына берилген жоқары баҳа және Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасындағы кең көлемли бирге ислесиўдиң раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетимиз жетекшисине терең миннетдаршылық билдирди.
ӨзА