Өзбекстан Президенти ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси еки тәреплеме шерикликтиң жедел пәтинен қанаатланатуғынын билдирди

10

29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовтың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдынан жетекшилер бир-бирин жақынласып киятырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, еки мәмлекеттиң туўысқан халықларына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи. Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовқа да қызғын сәлемин жоллады.

Өзбекстан – Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер шеңберинде буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Барлық дәрежелердеги сөйлесиўлер жедел даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў ҳәм жүк тасыў көлеми жедел өсип бармақта. Энергетика, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт тараўларында бирге ислесиў кеңеймекте. “Шават-Ташаўыз” шегараалды саўда зонасы иске қосылды. Аймақлараралық, исбилерменлик, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жеделлести.

Регионаллық бирге ислесиўдиң тийкарғы мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы Авазада ири саммитлер, Ашхабадта Түркменстан бийтәреплигиниң 30 жыллығы ҳәм “Халықаралық тынышлық ҳәм исеним жылы” мүнәсибети менен шөлкемлестирилген форум табыслы өткерилгенин айрықша атап өтти.

Келеси жылы болажақ ушырасыўлар режеси көрип шығылды, халықаралық ҳәм регионаллық илажларды биргеликте өткериўди даўам еттириўге келисип алынды.

ӨзА