Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме

35

Усы жылдың 29-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзалары, депутатлар, министрликлер ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

 

Дәслеп Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Ресубликасының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Сессияда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жылларда Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен әмелге асырылған кең көлемли дөретиўшилик жумысларға кең түрде тоқталды.

Атап өтилгениндей, жуўмақланып атырған 2025-жылда барлық тараўларда жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер жүз берип, қала ҳәм районларымызда, ҳәттеки ең шетки аймақларда да кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылмақта. Әлбетте, онда Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген 25 тен аслам пәрман ҳәм қарарлары әҳмийетли орын тутады.

Сессияда усындай жаратып берилген имканиятлар тийкарында жаңадан иске түскен кәрханалар, әмелге асырылған жойбарлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы усындай кең имканиятлардың жаратылып берилиўи арқалы келеси 2026-жылда әмелге асырылыўы тийис баслы мақсетлерге ерисиў бойынша анық режелер белгилеп алынғанлығын атап өтти.

Сессияның күн тәртибиндеги дәслепки мәселе, Қарақалпақстан Республикасының 2026-жылғы жергиликли бюджетин тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе бойынша Экономика ҳәм финанс министриниң орынбасары М.Бекчанов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм турмысқа енгизилип атырған реформалар нәтийжесинде 2025-жылдың жуўмағы менен, жалпы аймақлық өнимниң көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 105,9 процентке өсиўи күтилмекте. Усы жылы Қарақалпақстан Республикасының жергиликли бюджет дәраматлары 100,1 процентке орынланыўы күтилмекте.

Сессияда макроэкономикалық көрсеткишлер прогнозы, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўматлар берилди.

2026-жылы жалпы аймақлық өним көлеминиң өсиў пәтин өткен дәўирге салыстырғанда 6,2 процентке, 2030-жылға келип 6,0 процентке жеткериў режелестирилмекте.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Есап палатасының инспекторы Б.Мирзоев баянат жасады. Күн тәртибиндеги усы мәселе толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияның күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Бәсекилик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Бюджет, экономикалық реформалар, инвестициялар ҳәм инновация мәселелери комитетиниң баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады. Бул мәселе де қарап шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Телекоммуникациялар ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратов баянат жасады. Бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессия күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, Жоқарғы Кеңестиң Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң баслығы А.Атажанов баянат жасады. Бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессияда «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине жиберилген Парламентлик сораўының нәтийжеси туўралы мәселе қарап шығылды. Бул мәселе бойынша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри Қ.Азербаев баянат жасап, толық көрип шығылып, депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль ҳәм ишки жолларды ҳәм де көпирлерди оңлаў бағдарында алып барылып атырған илажлардың барысы бойынша Автомобиль жоллары бас басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Санаат, қурылыс, транспорт ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң баслығы И.Сдиков баянат жасады. Бул мәселе де толық қарап шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе коммерциялық банклерде бағдарламалар шеңберинде кредит қаржыларының ажыратылыўында ҳәм физикалық ҳәм де юридикалық шахслардың мүрәжатларын,  сондай-ақ хызметкерлердиң арасында коррупцияның алдын алыўға қаратылған жумыслар бойынша Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасына парламентлик сораў жибериў туўралы мәселе болды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Б.Сейтназаров баянат жасады ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Сессия күн тәртибинде өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған пуқаралардың дизимин сессия қарары менен тастыйықлаў мәселеси де қарап шығылды. Өзбекстан Республикасының арнаўлы Нызамын басшылыққа алып, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына болған ижара ҳуқықы және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған мүлк ҳуқықы тән алынып атырған 385 пуқараның дизими сессия қарары менен тастыйықланды.

Сессия күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығын сайлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылып, Парахат Айтниязов Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы лаўазымына қайта сайланды.

Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққында болып, бул мәселе бойынша да депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тоғызыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги