Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжаты

Ассалаўма әлейкум, әзиз ўатанласлар!
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Бүгин Олий Мажлиске ҳәм көп миллетли халқымызға келеси жыл ушын Мүрәжатты усынар екенмен, бәринен бурын, бәршеңизди саў-саламат, көтериңки кейпиятта көрип турғанымнан қуўанышлыман.
Соңғы тоғыз жылда биз сизлер менен, ел-халқымыз бенен биргеликте үлкен раўажланыў жолын басып өттик. Экономикамыз жаңадан қәлиплести, базар қатнасықларын, социаллық қорғаўды кеңейттик, нызам үстинлигин беккемледик. Ең әҳмийетлиси, реформаларымыздың нәтийжесин ҳәр бир мәҳәлле, ҳәр бир шаңарақ ҳәм ҳәр бир инсан күнделикли турмысында сезбекте.
Бир сөз бенен айтқанда, биз реформаларды анық әмелий нәтийжеге айландырыўды үйрендик. Буның тастыйығын барған сайын жаңаша көриниске ийе болып атырған қала ҳәм аўылларымызда, заманагөй кәрханалар, саўда-сервис орынлары, мектеп, бақша ҳәм емлеўханалар, абат көше ҳәм мәҳәллелер, транспорт-логистика системасы, санлы хызметлер мысалында айқын көриў мүмкин.
Қәдирли ўатанласлар!
Бүгинги күнде дүньяда жүз берип атырған ҳәм жақын-жақынға шекем ҳеш ким көз алдына келтире алмайтуғын өзгерислер, мәмлекетлер арасында экономикалық қарама-қарсылық, қәўипсизликке қәўип-қәтерлер артып баратырған қәўетерли бир жағдайда сизлер менен оғада қурамалы жылды жуўмақламақтамыз.
Қаншелли аўыр болмасын, баслаған демократиялық реформаларымызды исенимли даўам еттиргенимиз; халқымыздың қоллап-қуўатлаўы ҳәм жасларымыздың күш-ғайраты; аўызбиршиликтиң тийкары болған мәҳәллениң турмысымыздағы орнын ҳәм тәсирин күшейткенимиз; адамларымыздың сана-сезимин ҳәм көзқарасын өзгертип, ел-журтымызды және де бирлестиргенимиз; исбилермен, дийқан ҳәм фермерлеримиздиң интакерлиги ҳәм мәртлик мийнети; өз-ара пайдалы бирге ислесиўге тийкарланған дослық сыртқы сиясатымыз есабынан 2025-жылы барлық тараўларда үлкен жетискенликлерге еристик.
Бәринен бурын, дүнья көлеминде өндирис ҳәм транспорт-логистика шынжырлары үзилген, шийки зат ҳәм қаржы ресурсларының баҳасы артқан шараятта да мәмлекетимиз экономикасы исенимли ҳәм турақлы өсиўди даўам еттирип атырғанын атап өтиў зәрүр.
Бул нәтийжелер дүнья жәмийетшилиги ҳәм абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынбақта.
Итибар бериң, буннан тоғыз жыл алдын экономикамыздың көлемин 100 миллиард долларға жеткериў биз ушын оғада үлкен шек болып көринетуғын еди. Быйыл тарийхымызда биринши мәрте жалпы ишки өнимимиз 145 миллиард доллардан асты. Бундай жоқары нәтийжелер халқымыздың, бәршемиздиң қандай үлкен ислерге уқыплы екенимизди айқын көрсетпекте.
Глобаллық саўда системасында “ойын қағыйдалары” өзгерип атырған бир ўақытта биз быйыл экспортымызды 23 процентке арттырып, 33,4 миллиард долларға жеткеремиз. Ең әҳмийетлиси, реформаларымыз ушын беккем финанслық база болатуғын алтын-валюта резервлеримиз биринши мәрте 60 миллиард доллардан асты.
Быйыл экономикамызға тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43,1 миллиард долларға жетти. Жәми инвестициялардың жалпы ишки өнимдеги үлеси 31,9 процентти қурамақта. Бул болса экономикамыз келеси жылларда да жоқары пәтлер менен турақлы өсип барыўы ушын тийкар болады.
Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы ҳәм статусы, халықаралық рейтинглердеги орны барған сайын беккемленип бармақта. Атап айтқанда, жетекши халықаралық рейтинг агентликлери мәмлекетимиздиң суверен рейтингин “ВВ-“дан “ВВ” дәрежесине көтерди.
Бул гәплер көпшиликке әпиўайы бир факт болып сезилиўи мүмкин. Бирақ экономистлер, инвестор ҳәм банкирлер гәп қандай үлкен нәтийжелер ҳаққында барып атырғанын жүдә жақсы түсинип турыпты. Әне, усы өзгерис себепли сырттан тартылатуғын ресурслардың процент ставкасы 1-1,5 пунктке төменлеп, сыртқы қарыз қәрежети жылына кеминде 300 миллион долларға азаяды.
Сондай-ақ, Жәҳән банки жәриялап баратуғын Мәмлекетлердиң технологиялық жетиклик индексинде Өзбекстан 71 текше жоқары көтерилип, дүньяның топ-10 мәмлекетиниң қатарынан орын алды.
Халықтың абаданлығына ҳәм бизнестиң өсиўине хызмет ететуғын инфраструктураны буннан былай да жақсылаў бойынша да 2025-жыл үлкен өзгерислер жылы болды. Атап айтқанда, энергетика тараўында түпкиликли бурылыс жасағанымыз есабынан электр ислеп шығарыў көлемин 85 миллиард киловатт-саатқа жеткердик.
Көз алдыңызға келтириң, 2017-жылдағы 60 миллиард киловатт-саат генерация дәрежесинде қалып қойғанымызда, ҳәзир экономикамыздың көлемин 2 есеге арттыра алар ма едик? Өндиристиң өсип баратырған талабын, 38 миллион халықтың мүтәжлигин қаплап бола ма?
Быйыл 188 мәҳәлледеги 715 мың халық жасайтуғын шаңарақларға биринши мәрте таза ишимлик суўы кирип барды, және 2 миллион 300 мыңға шамалас халықтың суў тәмийнаты жақсыланды. Ямаса 867 “аўыр” мәҳәлледеги 470 мың шаңараққа қыйтақ жерлерди суўғарыў ушын биринши мәрте суў жетип барды.
Усы жылы халыққа 8 миллион 100 мың квадрат метрлик, 135 мың квартирадан ибарат көп қабатлы турақ жайлар тапсырылмақта, адамлардың өзи де жасаў шараятын жақсылаў ушын 19 миллион квадрат метр майданда қурылыс иследи. Бизнес ўәкиллери тәрепинен 24 миллион квадрат метр турақ жай емес объектлер қурылды.
Улыўма, кейинги тоғыз жылда 210 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер пайдаланыўға тапсырылды.
Бул санларға итибар берип айтып атырғаным әлбетте бийкарға емес. Егер жол, суў, электр ҳәм басқа да инфраструктуралар ушын зәрүр қаржы таўып бермесек, қурылысшылар ҳәм қурылыс материаллары кәрханалары ушын шараят жаратып бермесек, ипотека системасын жолға қоймасақ, сонша дөретиўшилик жумыслары бола ма еди?
Усы жылы 5 миллион халқымыз дәраматлы болып, жумыссызлық дәрежеси 5,5 проценттен 4,9 процентке түсти. Дерлик 1,5 миллион жәрдемге мүтәж халық кәмбағаллықтан шықты, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды.
Кәмбағал шаңарақларға тийисли 168 мың бала мәмлекетлик бақшаларға жеңиллетилген тийкарда қабыл етилди. Усы жылдан баслап, 208 бақшаға биринши мәрте инклюзив билимлендириў системасын енгиздик.
Елимизде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 5,8 процентке түскенин атап өтиў керек.
Бир еслең, бул жумысларды баслағанымызда халқымыздың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди. Кредит, субсидия, компенсация сыяқлы 100 ден аслам хызметлер арқалы социаллық қорғаўдың пүткиллей жаңа системасын жолға қойғанымыз ҳәм оларды мәҳәлледеги “жетилик”тиң өзине бергенимиз нәтийжесинде 8,5 миллионнан аслам адам кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық 2 есеге қысқарды. Нәтийжеде үш жыл алдын кәмбағаллықты 2026-жылдың жуўмағы менен 2 есеге қысқартыў бойынша алған мақсетимизге усы жылдың өзинде еристик.
Ең әҳмийетли жетискенликлеримиз ҳаққында сөз еткенде, күш-ғайратлы спортшыларымыздың абырайлы халықаралық жарысларда ерискен жеңислерин қанаатланыўшылық пенен атап өтиў орынлы.
Бәринен бурын, Өзбекстан футболы ушын 2025-жыл ҳақыйқый тарийхый жыл болды. Миллий сайланды командамыз биринши мәрте Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди. Шебер шахматшыларымыз Жәҳән кубоги жарысларында мүнәсип қатнасты. Әсиресе, нәўқыран гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдоров ең жас жәҳән кубогиниң ийеси болғаны бәршемизге жоқары мақтаныш бағышлайды.
Ең әҳмийетлиси, шахмат әлеминдеги жетискенликлеримиз усының менен шекленип қалмады. Өткен ҳәптеде 9-17 жасар шахматшылар арасында “рапид” ҳәм “блиц” бағдарлары бойынша жәҳән чемпионатында елимиз ўәкиллери 5 алтын, 2 гүмис ҳәм 5 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта биринши орынды ийеледи.
Быйылғы Жаслар Параазия ойынларында мәртлик ҳәм жигерлилик ийеси болған спортшыларымыз 125 алтын, 77 гүмис ҳәм 52 бронза медалын қолға киргизип, қатнасыўшы мәмлекетлер арасында ең жоқары нәтийжени көрсетти.
Ҳеш гүмансыз, талантлы ул-қызларымыз билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да тараўларда ерисип атырған үлкен жетискенликлери менен де Жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта.
Оқыўшы ҳәм студентлеримиз быйылғы жылы халықаралық пән олимпиадаларында 51 алтын, 101 гүмис, 126 бронза медалын қолға киргизип, өз билим ҳәм потенциалын пүткил дүньяға көрсетти.
Елимиздиң мақтанышы болған бундай перзентлеримизге, олардың ата-аналары ҳәм устаз-тәрбияшыларына және бир мәрте шын жүректен алғыс айтамыз.
Бизге белгили, Өзбекстан келеси жылы 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына, 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасындағы жәҳән чемпионатына, 2029-жылы болса Жаслар Азия ойынларына басшылық етеди.
Соның менен бирге, 2026-жылы елимизде биринши мәрте мектеп оқыўшылары арасында абырайлы халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң студентлери арасында инженерлик бағдарларында, Түркий мәмлекетлер техникумларының оқыўшылары арасында кәсиплик бағдарларда халықаралық олимпиадалар өткериледи. Бул жарысларда да перзентлеримиз мүнәсип қатнасады, деп исенемен.
Бундай абырайлы илажлар Ўатанымызды раўажланған спорт ҳәм илим мәмлекетине айландырыў, оның абырай-мәртебесин арттырыўға хызмет етеди.
Кейинги ўақытта елимиз глобаллық мәселелер додаланатуғын халықаралық қарым-қатнас майданына айланып бармақта. Атап айтқанда, быйыл Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы; ЮНЕСКО Бас конференциясының сессиясы; “Орайлық Азия – Европа Аўқамы” саммити ҳәм халықаралық Климат форумы елимизде болып өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң март айында Хожендте болып өткен ушырасыўында биринши мәрте үш мәмлекет мәмлекетлик шегараларының тутасқан ноқаты ҳаққындағы тарийхый шәртнамаға қол қойылды ҳәм “Мәңги дослық ҳаққында”ғы декларация қабыл етилди.
Регионымыз мәмлекет басшыларының жақында Ташкенттеги Мәсләҳәт ушырасыўы ўақтында биз интеграция процесслерин жаңа сапа басқышына көтериў ушын Орайлық Азия жәмийетшилигиниң стратегиялық форматын шөлкемлестириў идеясын алға қойдық. Әзербайжанды Орайлық Азия жәмийетшилиги форматына толық ҳуқықлы ағза сыпатында қабыл етиў ҳаққындағы қарар тарийхый әҳмийетке ийе болды. Бул қәдем Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ арасында стратегиялық байланыслылық ҳәм турақлылықты күшейтиўи сөзсиз.
Соның менен бирге, октябрь айында Брюссельде Өзбекстан ҳәм Европа Аўқамы арасында Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Ноябрь айында болып өткен Орайлық Азия ҳәм АҚШ саммити көп тәреплеме ҳәм узақ мүддетли шерикликти сапа жағынан пүткиллей жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етти.
Өткен ҳәптеде Токиода Орайлық Азия ҳәм Япония жетекшилериниң ушырасыўында билимлендириў, медицина, санлы технологиялар, инфраструктура ҳәм санаат тараўлары бойынша әҳмийетли келисимлерге еристик. Усы ҳәптениң басында болса Санкт-Петербургте Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы басшылары менен болып өткен ушырасыў да бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли бағдарларын белгилеп берди.
Булардың барлығы халықаралық байланысларымызды мазмуны жағынан жаңа басқышқа алып шықпақта.
Биз дүньядағы алыс-жақын мәмлекетлер менен – Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубла менен бирге ислесиў көпирлерин қурыўда даўам етемиз.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Буннан еки жыл алдын “Өзбекстан – 2030” стратегиясын қабыл еткенимизде жалпы ишки өним көлемин 2030-жылға шекем 160 миллиард долларға жеткериўди белгилеп алған едик. Көрип турсызлар, бар потенциалымыз, бүгинги реформаларымыз, исбилерменлеримиздиң белсендилиги, сырт елли шериклеримиз бенен бирге ислесиўимиздиң өсип баратырғаны есабынан бул шекке 2026-жылдың өзинде арқайын ерисе аламыз.
Ҳәзирги глобаллық экономикада бәсекиге шыдамлы болыў ушын маман кәсип ийелери ҳәм қәнигелер, заманагөй технологиялар шешиўши әҳмийетке ийе екенин умытпаў керек. Егер биз санаатта – электроника ҳәм электротехника, биохимия ҳәм полимерлер, фармацевтика, машина қурылысы сыяқлы жоқары қосымша қун жарататуғын тараўларды раўажландырсақ; хызметлерде – IТ, жасалма интеллект, финанслық технологиялар, консалтинг, транспорт-логистика сыяқлы үлкен дәрамат келтиретуғын сервислерди көбейтиў; аўыл хожалығында – өнимдарлықты арттырыў ушын биоинженериядан кеңнен пайдаланыў, алдынғы агротехника ҳәм суўды үнемлейтуғын усылларды жедел қолланыў; экономикалық өсиў ҳәм экологиялық турақлылық арасындағы теңликти тәмийинлеў ушын “жасыл” энергетика, шығындысыз өндириске өтиў; билимлендириў ҳәм медицинада – сапаны жаңа басқышқа алып шығатуғын алдынғы сырт ел тәжирийбелерин кеңнен енгизиў ушын жаңа технологияларды алып келсек, кадрларды илим ҳәм инновацияларға тийкарланған заманагөй кәсиплерге таярласақ, келеси бес жылда экономикамыздың көлемин 240 миллиард доллардан арттырыўға барлық имканиятларымыз бар.
Бул санлар анық ҳәм пуқта есап-санақларға тийкарланған прогноз. Халықаралық валюта қоры ҳәм абырайлы экспертлердиң жуўмақлары да буны тастыйықламақта.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Биз – бүгин 38 миллионнан аслам үлкен халықпыз. Машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетимиз бенен дүньяда ҳүрметке ерисип атырған, ертеңги күнге исеним менен исенимли баратырған, мәрт ҳәм мақтанышлы миллетпиз.
Биз өзгерислерди күтип жасамаймыз, керисинше, оларды өзимиз, өз ақыл-парасатымыз ҳәм жуўапкершиликли мийнетимиз бенен жаратамыз.
Ҳәр жылы халқымыз орташа 2 процентке өспекте, 1 миллионнан аслам ул-қызларымыз үлкен өмирге кирип келмекте. Жасларымызға қарап, олар ерисип атырған жетискенликлерди көрип, көкирегимиз таўдай көтериледи, қандай үлкен дөретиўши күш қатарымызға қосылып атырғанынан мақтанып кетемиз.
Әлбетте, бүгинги қыйын заманда жасларымызды ҳәр қыйлы сынақларға шыдамлы, ўатансүйгиш инсанлар етип тәрбиялаў, халқымызды және де бирлестириў ҳәм жәмлестириўде, әлбетте, өзин-өзи басқарыўдың бийбаҳа системасы болған мәҳәллениң орны ҳәм әҳмийети үлкен.
Мәҳәлле ҳәм жақсы қоңсышылық өз-ара үнлес қәдириятлар болып есапланады. Олар жәмийетте инсан ҳәм социаллық капиталды және де байытыўға шексиз үлес қосады. Елимизде өткерилген социаллық сораўларда қатнасқанлардың 90 проценттен асламы өзин мәҳәлле жәмийетшилигиниң бир бөлеги деп есаплаўы да соннан дерек береди.
Бәршемиз ушын ҳәм ата, ҳәм ана болған мәҳәллеге, сол тийкарда Ўатан тәғдирине байланыслылық сезими жоқары екени бул институт бәринен бурын социаллық тилеклеслик дереги екенин көрсетеди.
Әлбетте, биз ушын ҳәзирги глобаллық раўажланыў дәўиринде, дүньяда оғада кескин ҳәм қәўипли процесслер жүз берип атырған бүгинги күнде миллий бирлик оғада әҳмийетли ҳәм зәрүр.
Данышпан ата-бабаларымыздың “Бирлескен – озады, бирлеспеген – тозады”, деген ҳикметли сөзи бар.
Ҳақыйқатында да, қараң, ким бирлескен болса – өмирде озып, жеңиске еристи. Ким бирлеспеди – тозып, жоқ болып кетти.
Тарийх даўамында қандай аўыр сынақларға дус келсек те, биз бәринен бурын аўызбиршиликтен күш алдық. Машақатлы күнлерде адамларымыз, мәҳәлле халқы ийинлес болып қыйыншылықларды жеңген. Шаңарақ – шаңараққа, қоңсы – қоңсыға жәрдем берип жасаған. Биз мине, усындай оғада бийбаҳа қәдириятымызға бәрқулла садық қалыўымыз, жас әўладымызды мине, усы руўхта тәрбиялаўымыз керек.
Бүгинги күнде жәмийетимизде ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслар болыўы тәбийғый. Бул – демократияның бирлемши талабы. Бирақ, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, пүткил елимизди бирлестиретуғын уллы бир идея бар. Ол да болса, Ўатан мәпи, халқымыздың мәпи.
Мине, усындай уллы мақсетке ерисиўде мәҳәлле системасының орны ҳәм тәсири шексиз. Себеби мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийетимиз тыныш ҳәм аўызбиршиликли болады. Мәҳәлле раўажланса, пүткил мәмлекетимиз раўажланады.
Усылардың барлығын есапқа алып, 2026-жылды елимизде “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы”, деп жәриялаўды усыныс етемен.
Қоллап-қуўатлағаныңыз ушын рахмет.
Жаңа жылдың атамасында белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын өз алдына мәмлекетлик бағдарламаны қабыл етемиз. Бул бағдарламада елимиздеги 9 мыңнан аслам мәҳәллени, бәринен бурын, мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик, әдиллик ҳәм тәрбия орайына айландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер өз көринисин табады. Бул ҳаққында мен кейинирек толық тоқтап өтемен.
Алдымызға қойған мақсетлерди тек ғана өзимиз – үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе мәҳәлле баслықлары ҳәм белсендилери, ҳүрметли нураныйларымыз, апа-қарындасларымыз, күш-ғайратлы жасларымыз, зыялыларымыз, истиӊ көзин билетуғын исбилерменлеримиз, Ўатан қорғаўшылары, бир сөз бенен айтқанда, пүткил халқымыз бенен биргеликте әмелге асырамыз.
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Биз Жаңа Өзбекстанды қурыўда шешиўши басқышқа қәдем қоймақтамыз. Бул жолдағы жумысларымыз ҳәр бир тараў ҳәм тармақта терең трансформацияны талап етеди. Мақсетимиз анық: жақын жылларда жан басына дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириў.
Ферғана ойпатлығынан Аралбойына шекем, Зарафшан ойпатлығынан Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяға шекем, Ташкенттен Жиззақ ҳәм Сырдәрьяға шекем – елимиздиң қайсы аймағында жасамасын, ҳәр бир пуқарамыз реформалардың нәтийжесин күнделикли турмысында және де көбирек сезиўи керек. Соның ушын, кирип киятырған 2026-жыл мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық системасы, экономика тармақлары, билимлендириў, илим, медицина, мәденият, спорт, экология системасын – барлық-барлық тараўларды раўажландырыўда түпкиликли бурылыс жылы болады.
Енди Мүрәжаттың тийкарғы бөлеги – 2026-жылы әмелге асырылатуғын ең әҳмийетли 6 тийкарғы бағдардан ибарат бағдарлама ҳаққында ҳәр тәреплеме тоқтап өтемиз.
Биринши тийкарғы бағдар – мәҳәлле инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў, оларға Жаңа Өзбекстан көринисин алып кириўден ибарат.
Ўатан абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады. Әйне, мәҳәлледеги жол, суў, электр ҳәм транспорт тәмийнаты, бақша, мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникадағы шараятларға қарап, адамлар реформаларымызға баҳа береди. Сонлықтан мәҳәлле системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып келген ҳәм сондай болып қалады.
Мәҳәлле инфраструктурасын пүткиллей жақсылаў арқалы биз мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның келбетин және де гөззал ҳәм абат етиў бағдарындағы жумысларды даўам еттиремиз.
Ҳәзирги ўақытта қайсы мәҳәлледе жол, қайсысында суў ямаса электр мәселеси, басқасында бақша, мектеп, медицина, және биреўинде турақ жай менен байланыслы мәселелерге айрықша шешим берилмекте. Ашық айтыў керек, буның өзи менен мәҳәлледеги барлық мәселелер толық шешилип қалмайды. Соның ушын келеси жылдан мәҳәллени раўажландырыў бойынша комплексли қатнас енгизиледи.
Ҳәр бир ўәлаятта 2-3 районды таңлап, олардағы барлық мәҳәлледе барлық машқалаларды бир ўақыттың өзинде шешетуғын система жаратамыз. Бул жаңа тәжирийбени Ургут районынан басладық. Районда 100 мың халыққа мөлшерленген заманагөй экоқала қурылады. Келеси жылы 544 миллиард сум ажыратылып, 72 бақша, мектеп, поликлиника, сондай-ақ, ишки жоллар қурылады ҳәм оңланады, каналлар бетон менен қапланады, 2 сел-суў сақлағышы қурылады.
Таңлап алынған 33 район ҳәм 330 аўыр шараятлы мәҳәлледеги жумыслар да усы тәризде шөлкемлестириледи. Оларда бир ўақыттың өзинде исбилерменлик инфраструктурасы да раўажландырылады. Бул мақсетлер ушын барлық дереклер есабынан 8,5 триллион сум қаржы ажыратылады.
Депутатларға өз округиндеги машқалаларды шешиў ушын 500 миллиард сум, ҳәр бир депутатқа 3,3 миллиард сумнан берип атырмыз. Бул бағдарда “жасыл аймақ,” “жасыл бағ” жаратыў бойынша ҳәр бир депутаттың басламасына қосымша 330 миллион сумнан қаратамыз. Бундай қатнас арқалы 2030-жылға шекем барлық районлардағы мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан көринисин алып келемиз.
Әлбетте, бул жумысларды нәтийжели шөлкемлестириў ушын район бюджетиниң дәраматларын кеминде 2 есеге көбейтиўге шараят жаратып бериў зәрүр. Усы мақсетте, 2026-жыл 1-январьдан баслап, қосымша қун салығынан түсимниң Ташкент қаласында 5 проценти, қалған аймақларда 20 проценти қалдырылып, бул қаржының ярымы районлардың бюджетине өткериледи.
Буннан тысқары, дәраматлардың прогнозға салыстырғанда арттырып орынланған бөлегиниң 50 проценти, егислик жерлерди ижараға бериў ҳәм базарлардан түсимлер де толық район бюджетине бериледи.
Ўәлаят, район ҳәкимлерине нәтийжесиз ҳәм бир-бирин қайталайтуғын штат бирликлерин қысқартып, үнемленген қаржыны халық орталығында қойған мәселелерди шешиў ушын ажыратыўға руқсат бериледи. Бул арқалы районлардың бюджетинде жылына 5 триллион сумлық қосымша дерек қәлиплеседи ҳәм ол мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға жумсалады.
Келеси жылы биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сумды ўәлаятлардың өзине берип атырмыз. Ең әҳмийетлиси, бул қаржылардың ҳәр бир сумы халқымыз ушын қосымша қун жаратыўы зәрүр. Соның ушын бул пуллар улыўма қайсыдур район ушын емес, ал мәҳәлледе жумыс орынларын жарататуғын, халықты дәраматлы ететуғын анық жойбарларға бағдарланады.
Мәрҳамат, қайсы мәҳәллениң баслығы, ҳәким жәрдемшиси ҳәм мәҳәлле банкири жойбар ислеп, оны тийкарлап берсе, зәрүр қаржыны алсын. Сонда әдалатлы болады.
Бул – бюджет қаржыларын нәтийжели жумсаўда жойбарлық қатнас болады.
Урбанизация ҳәм қалаларды турақлы раўажландырыў бойынша жаңа реформаларды баслаймыз. Соның ишинде, қалалардың тәртипсиз кеңейиўиниң алдын алыў бойынша анық нормаларды белгилеймиз ҳәм сол арқалы егислик майданларының тийкарсыз қысқарып кетиўине шек қойылады.
Мәселен, халқы 250 мыңнан аслам қалалар ҳәзиргидей тәртипсиз кеңейип бара берсе, 2050-жылға барып 27 мың гектар егислик майданлары жоғалады. Әлбетте, буған жол қойыў мүмкин емес.
Сондай-ақ, республикамызда биринши мәрте 45 агломерация аймағын белгилеймиз. Келеси жылы “Турақлы қала” платформасын иске қосып, “жасаў ушын қолайлық индекси”н жүргизиў жолға қойылады. Бул индекс арқалы қалалардағы ҳәр бир мәҳәллеге тән машқалалар анықланып, оларға сәйкес шешимлер бериледи.
Биз кәмбағаллықты қысқартыў мәселесин улыўма миллий ҳәрекетке айландырдық. Тәкирар айтаман, өткен дәўирде 8,5 миллионнан аслам халықты кәмбағаллықтан шығарыўға еристик.
Тийкарғы мақсетимиз – адамларымызды турақлы дәраматлы етиўден ибарат. Пулы бар адам жақсы кийиниў ҳәм аўқатланыўға, сапалы билимлендириў ҳәм қәнигели медициналық хызметтен пайдаланыўға, мазмунлы дем алыўға, бир сөз бенен айтқанда, абадан жасаўға умтылады.
Әҳмийетлиси, бул процессте исбилерменлеримиз шешиўши күш сыпатында ең алдынғы қатарда турып, санаат ҳәм сервис объектлерин шөлкемлестирип, турақлы жумыс орнын жаратыўда, халқымызды, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды кәсипке үйретип, мәҳәллелердиң өзинде жумыслы ҳәм дәраматлы етиўде айрықша жанкүйерлик көрсетпекте. Соның ушын исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша сиясатымызды даўам еттирип, 2026-жылы тийкарғы салық ставкаларын өзгериссиз қалдырамыз; исбилерменлик инфраструктурасы жойбарларына 10 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылады; киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ушын 140 триллион сум ресурс бериледи.
Буннан тысқары, 2026-жылы “мәҳәлледе санаат ҳәм хызмет” жойбары арқалы 10 мыңнан аслам өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын иске қосыў ушын 5 триллион сум кредит бериледи. Кредит процентиниң миллий валютада 10 процентке шекемги, сырт ел валютасында 4 процентке шекемги бөлеги Исбилерменлик компаниясынан қаплап бериледи. Буның ушын да бюджеттен 400 миллиард сум қаратылады. Нәтийжеде мәҳәллелерде 100 мың жаңа жумыс орны жаратылады.
Ҳәр бир мәҳәлледе 40 тан микрожойбарды әмелге асырып, 360 мың халықты жумыс пенен тәмийинлеў ушын мәҳәлле банкирлери ҳәм ҳәким жәрдемшилерине 2026-жылы және 7,5 триллион сум ресурс ажыратылады.
Жаңа жылда мәҳәллелердеги халықты, атап айтқанда, ҳаял-қызларды спортқа кеңнен тартыў, оның ушын зәрүр инфраструктураны жаратыў бойынша үш жыллық бағдарлама қабыл етип, оған 1 триллион сум қаратамыз. Мәҳәлле жасларының китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде мектеп китапханаларын ҳәр жылы 10 миллион көркем әдебиятлар менен тәмийинлеп барамыз.
Мине, усындай жумысларымыздың нәтийжесинде 2026-жылы 1 миллион адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеп, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарамыз, кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 процентке түсиремиз, кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 3,5 мыңға жеткеремиз.
Қәдирли ўатанласлар!
Екинши тийкарғы бағдарымыз – экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериўден ибарат.
Дүнья көлеминде бәсеки барған сайын күшейип атырған ҳәзирги шараятта ғана жоқары қосымша қунлы өним ислеп шығаратуғын мәмлекетлер ғана дүнья базарында өз орнына ийе болмақта. Соның ушын экономиканың барлық тараўларында жоқары нәтийжелиликке ерисиў – келешекте реформаларымыздың баслы өлшеми болыўы шәрт.
Мәселен, санаатта жоқары технологиялық ҳәм аз энергия тутыныўшы тармақларды раўажландырыўымыз есабынан усы жылы 1 доллар өним ушын жумсалатуғын жанылғы-энергия муғдарын 13 процентке азайтыўға еристик. Соның өзи және 1 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў имканиятын берди.
Бул мысал соны көрсетеди, қай жерде жаңа технология ҳәм жоқары маманлықтағы кәсип ийелери болса, сол тармақта өсиў, раўажланыў болып атыр.
Соның ушын 2030-жылға шекем жалпы ишки өним көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў ушын ең дурыс жол – барлық тараўларды технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў болып есапланады. Бул – келеси жылларда экономикалық раўажланыў стратегиямыздың тийкарғы бағдары болады.
Елимиздеги қолайлы бизнес орталығы, демографиялық өсиў, инсан капиталына берилип атырған итибар – Өзбекстанды инвесторлар ушын ең тартымлы мәмлекетлерден бирине айландырмақта. Мәселен, биз тоғыз жылда барлық экономика тармақларына 130 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестициясын алып келдик. Усы жылдың өзинде сырт елли шериклеримиз бенен және 140 миллиард долларлық жаңа инвестициялық келисимлерге еристик.
Келеси жылы 50 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартамыз. Буннан былай ҳәр бир доллар инвестиция, бәринен бурын, алдынғы технологиялар ҳәм олардың трансфери; сыртқы базары анық, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға; энергия, суў, жер ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда нәтийжелиликти арттырыўға; жергиликли жумысшыларды жаңа технологиялар менен ислеўге оқытыў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етиўи керек. Яғный жоқары технология ҳәм жаңа компетенциялар алып кирген, экспорт ушын ислеген инвестор ең исенимли шеригимиз болады.
Бундай стратегиялық инвесторларға жойбар ушын жерлер базар баҳасында тиккелей бериледи. Жердиң категориясы өзгергенде набыт болғанлық ушын төлемди 10 жылға шекем бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериледи. Жерди рәсмийлестириў, категориясын өзгертиў, қурылыс ҳәм инфраструктураға жалғаныўға руқсатнама алыў ушын инвесторлар үйме-үй жүрмейди. Оларға “бир айна” принципи тийкарында комплексли хызмет көрсететуғын “invest.gov.uz” электрон платформасы иске қосылады ҳәм барлық министрликлер оған жалғанады.
Соның менен бирге, еркин экономикалық зоналарға дүньяның белгили брендлерин тартамыз. Бул зоналардағы кәрханалар халықаралық техникалық регламентлер, экологиялық ҳәм мийнет стандартларын қолланыўы мүмкин болады. Олар ушын арнаўлы – жеңиллетилген инвестициялық, салық, бажыхана ҳәм ҳуқықый режим енгизиледи ҳәм халықаралық ҳуқық шеңберинде арбитраж келиспеўшиликлерин көрип шығыў имканияты жаратылады.
Булардың барлығы – келеси бес жылда 180 миллиард долларлық сырт ел инвестициясы есабынан 1 миллион жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға хызмет етеди.
Елимизге инвестициялар ағымын көбейтиў бойынша да оғада үлкен режелеримиз бар. Соның ушын ҳәр бир келисимди жойбарға айландырыў, инвестицияларды қысқа мүддетте тартыў ҳәм олардың нәтийжелилигине жуўапкер, тек ғана инвестиция менен ислейтуғын айрықша жаңа система шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, жергиликли санаат ҳәм кооперацияны раўажландырыў бойынша да тап усындай өз алдына системаны жолға қойыў мақсетке муўапық.
Улыўма, экономиканы бәсекиге шыдамлы етиў, инвестициялардың нәтийжелилигин арттырыў, санаат тармақларын технологиялық трансформациялаў пүткиллей жаңа қатнасларды талап етпекте. Буның ушын Экономика ҳәм қаржы, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрликлериниң жумысы түп-тийкарынан қайта көрип шығылады.
Жаңа технологиялық басқышқа өтиў ҳәм қосымша қун шынжырын кеңейтиў бойынша санаатты раўажландырыў бағдарламасын баслаймыз. Онда келеси бес жылда санаатта қосымша қунды ҳәзирги 36,5 миллиард доллардан кеминде 60 миллиард долларға жеткериўди (өсиў 1,6 есе); жоқары ҳәм орташа жоқары технологиялы тармақлардағы өнимлердиң көлемин 2,5 есеге арттырыўды мақсет етип белгилеп аламыз. Оған пуқта таярлық көриў мақсетинде 2026-жылы 52 миллиард долларлық 782 жаңа санаат ҳәм инфраструктура жойбарына старт бериледи.
Келеси жылдың өзинде 14 миллиард долларлық 228 жаңа ири қуўатлық иске қосылады. Мәселен, Наўайыдағы алтын кәнлеринде руда қазып алыў бойынша 320 миллион долларлық жойбар (3-гезеги) иске қосылып, қосымша 2 миллион тонна руда қайта исленеди. Сондай-ақ, “Мурынтаў” кәнин өзлестириўдиң гезектеги басқышы ҳәм гүмис кәнлери бойынша 2 миллиард 300 миллион долларлық ири жойбарлар әмелге асырылады. Нәтийжеде жылына 18 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлылығы жаратылып, 2030-жылға шекем алтын ислеп шығарыў көлеми 175 тоннаға жеткериледи.
Және бир ири жойбар – Алмалық комбинатында баҳасы 2 миллиард 700 миллион доллар, қуўатлылығы 300 мың тонна мыс катодынан ибарат болған жаңа металлургия комплексин қурыў басланады.
“Самарқанд химия” заводында 381 миллион доллар инвестиция есабынан жылына 370 мың тонна фосфорлы ҳәм 540 мың тонна қурамалы төгинлер ислеп шығарыў жолға қойылады.
Қашқадәрьяда 200 миллион долларлық жаңа химия заводының қурылысы басланады.
Улыўма, 2026-жылы химия санаатында – 4,5 миллиард долларлық; таў-кән металлургия, нефть-газ, автомобиль қурылысы, тоқымашылық ҳәм қурылыс материаллары тармақларының ҳәр биринде – 3 миллиард доллардан; электротехникада – 2 миллиард долларлық; фармацевтикада – 800 миллион долларлық жаңа жойбарлар басланады. Усы тәризде 2026-жылы жәми экспортымызды 40 миллиард долларға жеткерип, таяр ҳәм ярым таяр өним үлесин 55 проценттен арттырамыз.
Келеси жылы экономикада 6,6 процент өсиўди тәмийинлеп, жалпы ишки өнимди 167 миллиард долларға жеткериў прогноз етилмекте. Егер мийнет өнимдарлығы, энергия нәтийжелилиги ҳәм өзине түсер баҳасы бойынша қатты исленсе, бул көрсеткишти және де арттырыў ушын барлық имканиятлар бар.
Соның ушын санаатта “Өнимдарлық ҳәм нәтийжелиликти еки есе арттырыў” бағдарламасын баслаймыз. Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен мийнет өнимдарлығы ҳәм энергия нәтийжелилиги бойынша өз алдына жойбар әмелге асырылады. Бул жойбарға халықаралық финанс институтларынан 200 миллион доллар кредит ҳәм грант тартылып, санаат кәрханалары ушын сырт елден жоқары маманлықтағы технолог ҳәм инженерлер алып келинеди; бизнес процесслери санластырылады; энергия ҳәм басқа да қәрежетлерди қысқартыў бойынша аудитлер өткериледи; алдынғы технологиялар трансфер етиледи.
Бул бағдарда “Төртинши санаат революциясы орайы” шөлкемлестириледи. Орай тийкарында робототехника, интернет буйымлары, “ақыллы” фабрика сыяқлы “Индустрия 4.0” шешимлерин санаат кәрханаларында енгизиў ушын “тәртипке салыў механизми” жаратылады. Онда кәрханалар жаңа технологияларды өндириске енгизиўден алдын оларды сынақтан өткериў имканиятына ийе болады.
Аккредитация, метрология ҳәм стандартластырыў тараўларындағы реформаларымыз нәтийжесинде Өзбекстан “Глобаллық сапа инфраструктурасы” индексинде соңғы еки жылда 15 текше жоқарылап, 185 мәмлекет ишинде 52-орынға көтерилди.
Бул әлбетте жақсы. Соның менен бирге, өнимлеримиздиң бәсекиге шыдамлылығын және де арттырыў ушын техникалық тәртипке салыў тараўын жаңа басқышқа алып шығамыз. Буның ушын “Мәмлекетлик қадағалаў” системасынан халықаралық тәжирийбеде жоқары нәтийже берген “Базар қадағалаўы” системасына өтемиз. Сондай-ақ, инновация тийкарында жоқары технологиялық өним ислеп шығарып атырған кәрханаларды хошаметлеймиз. Олар усындай өнимди өткен жылға салыстырғанда арттырса, көбейген өним көлеми баҳасының 5 проценти муғдарында субсидия бериледи. Кәрхана қәнигелериниң илимий-изертлеў ҳәм конструкторлық қолланбалардан алған дәраматы салықтан азат етиледи.
Мине усындай реформалар арқалы келеси бес жылда санаатта мийнет өнимдарлығы ҳәзирги 16,5 мың доллардан 30 мың долларға жеткериледи; 1 мың долларлық қосымша қун жаратыўға кететуғын энергия жумсалыўы 1,5 есеге азайтылады.
Быйыл IT, финанслық технологиялар, жасалма интеллект сыяқлы бағдарлардағы жергиликли стартапларға сырт елден 270 миллион доллар инвестиция тарттық. Келеси жылдан “Санлы стартаплар” бағдарламасын кеңейтип, стартап идеясынан экспортқа шекем жәрдемлесетуғын жаңа системаны жолға қоямыз. Онда жеке меншик стартап орайларын шөлкемлестириў ушын Жаслар қорынан бес жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем процентсиз ссуда бериледи. Жоқары оқыў орынларының өзинде қалатуғын қаржылардың 10 проценти де инкубация орайларын раўажландырыўға бағдарланады.
Буннан тысқары, Орайлық банкте Финанслық технологиялар офиси ҳәм Инновациялық хаб шөлкемлестирилип, оған Сингапурдан қәнигелер тартылады. Бул арқалы жылына 20-30 финанслық технологиялар стартапын сыртқы базарға алып шығыў, оларға жәми 1 миллиард доллар инвестиция тартыў имканияты жаратылады.
Улыўма, венчур фондлар, стартаплар, финанслық технологиялар сыяқлы жаңа финанслық инструментлер базарын раўажландырыў, бул тараўдағы барлық қатнасыўшылардың ҳуқықларын нызам менен кепиллеп қойыў зәрүр. Буның ушын парламентимиз ҳүкимет пенен биргеликте “Альтернатив инвестиция қорлары ҳаққында”ғы нызам жойбарын 1-мартқа шекем ислеп шықса, әйне мақсетке муўапық болады.
Быйыл мәмлекетимизде IT хызметлериниң экспорты биринши мәрте 1 миллиард долларды қурады. Биз 2030-жылға барып, IT хызметлериниң экспортын 5 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек алғанбыз. Соның ушын жәҳән базарында бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ушын Санлы технологиялар халықаралық орайын шөлкемлестирдик, IT инфраструктурасына инвестиция киргизиў ушын бир қатар жеңилликлер бердик.
Келеси жылы Ташкент қаласы, Бухара, Ферғана ҳәм Ташкент ўәлаятларында 4 дата-орай, 2 супер компьютер ҳәм 15 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториясының жумысы жолға қойылады. Бул – медицина, транспорт, аўыл хожалығы, геология, банк-қаржы, жәмийетлик қәўипсизлик сыяқлы әҳмийетли тараўларда 100 ден аслам жасалма интеллект жойбарларын әмелге асырыўға хызмет етеди.
Бүгинги күнде мыңлаған қәбилетли жасларымыз IT ҳәм жасалма интеллект бойынша излениў алып бармақта. Олардың квант, дрон, робототехника сыяқлы бағдарлардағы конструкторлық жойбарларын әмелиятқа енгизиў ушын Санлы технологиялар орайы шөлкемлестириледи. Азия раўажланыў банки буны қоллап-қуўатлап, 200 миллион доллар ажыратыўға таяр екенин билдирди.
Жасалма интеллект пенен бирге жүретуғын космос тараўындағы изертлеўлерди раўажландырыў, жолдас байланыс технологияларын енгизиў бағдарында да үлкен қәдемлер тасладық. Бул бағдарда 2028-жылы Самарқандта Халықаралық астронавтика конгрессин өткериўге пуқта таярлық көрмектемиз.
Бүгин сизлерге және бир әҳмийетли жаңалықты айтпақшыман. Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте космос тараўында жасалма жолдас ҳәм мәмлекетимиз пуқарасы болған биринши өзбек космонавтын космосқа ушырыў бойынша жумысларды басладық. Бул – Жаңа Өзбекстанның илимий ҳәм технологиялық раўажланыўына, улыўма, миллий раўажланыўымызды жаңа басқышқа алып шығыўға үлкен түртки береди, деп исенемен.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бизге белгили, өндирис те, тутыныў да турақлы өсиўи ушын узақ мүддетли қаржы зәрүр. Соның ушын капитал базарын экономикалық өсиўди хошаметлеўши әҳмийетли институционаллық бағана сыпатында белгилеп, глобал депозитарийлерди миллий фонд базарымызға алып кириўимиз керек. Буның ушын халықаралық финанс шөлкемлери менен ислеп шығылған “Капитал базары ҳаққында”ғы жаңа нызам жойбарын тез пурсатта қабыл етиў зәрүр.
Курс өзгериўи бойынша қәўип-қәтерлерди азайтыў ушын жергиликли компанияларға ишки базарда да сырт ел валютасында облигация шығарыўға руқсат бериледи.
Келеси жылы кәрханаларымыз биринши мәрте халықаралық базарларда да акцияларын жайластырыўы мүмкин болады.
Улыўма етип айтқанда, капитал базарын раўажландырыў арқалы исбилерменлерге қосымша 1 миллиард доллар тартыў имканияты жаратылады.
2026-жылы жасырын экономиканы қысқартыў бойынша да түпкиликли бурылысты әмелге асырамыз. Көрилген илажларымыз нәтийжесинде бақланбайтуғын экономика үлесин 45-50 проценттен 28 процентке азайтыўға еристик. Бирақ бул еле дәслепки қәдемлер ғана.
Бул бағдардағы жумысларды күшейтиў ушын айрықша бағдарлама қабыл еттик. 2026-жылы барлық мәмлекетлик хызметлер ҳәм коммуналлық төлемлер, жанылғы, алкоголь ҳәм темеки өнимлери, автомобиль ҳәм көшпес мүлк саўдалары нақ пулсыз төлеў формасына өткериледи; салық, бажыхана, санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў, стандарт, карантин, қурылыс қадағалаў инспекциясы, өрт қәўипсизлиги сыяқлы 17 түрдеги тексериўлерде “бодикамера”дан пайдаланыў мәжбүрий болады.
“Саядағы” экономикадан ықтыярлы түрде ашық-айдынлыққа шықпақшы болған исбилерменлер бухгалтерия, статистика, салық есабатларын жүргизиў бойынша бийпул оқытылады.
Улыўма, бағдарлама шеңберинде келеси бес жылда жасырын экономиканың үлеси 2 есеге қысқартылады; саўда ҳәм сервис тараўларында нақ пулсыз төлемлердиң үлеси 75 проценттен арттырылады; рәсмий секторда бәнт болған халықтың саны ҳәзирги 8,5 миллионнан 14 миллионға жеткериледи.
Бир сөз бенен айтқанда, “Ҳадал мийнет – тыныш турмыс ҳәм абадан жәмийет гиреўи,” деген сүрен тийкарында бул бағдардағы жумыслар улыўма миллий ҳәрекетке айландырылады.
Айырым ўатанласларымызда тапқан дәраматын экономикаға бағдарлаў, банк депозитине жайластырыў, активлерин өз атына рәсмийлестириў менен байланыслы қәўетерлер бар. Соның ушын депутатларымыз ҳәм Орайлық банк халықаралық шөлкемлер менен мәсләҳәтлесип, пуқараларымыз елимизде ямаса сырт елде усы ўақытқа шекем алған дәрамат ҳәм активлеринен емин-еркин пайдаланыўына шараят жаратыў бойынша усыныслар таярласа, дурыс болады, деп ойлайман.
Ҳүрметли парламент ағзалары!
Енди, руқсатыңыз бенен, үшинши тийкарғы бағдар – ишки базарда талапты хошаметлеў мәселесине тоқтап өтпекшимен.
Базарларымыздағы молшылық, баҳалардың турақлылығы, халықтың тутыныў талабының артып баратырғаны – турмыс сапасының жақсыланып атырғанын көрсететуғын ең тийкарғы фактор.
Ишки талапты хошаметлеўши әҳмийетли факторлардан бири, бул – инфляция дәрежеси.
Биз тоғыз жылда қолайлы бизнес орталығын жаратып, товар ҳәм хызметлердиң көлемин ҳәм түрин көбейткенимиз; халықты дәраматлы етип, кәмбағаллықты кескин қысқартқанымыз; кем дәраматлы шаңарақлар ушын да жылына кеминде 1 миллиард доллар арзан кредит берип атырғанымыз; баҳаны жылаўлап, инфляция дәрежесин “бир таңбалы” санға түсиргенимиз нәтийжесинде халықтың сатып алыў қәбилети 2 есеге өсти.
Бир ғана мысал, бес жыл алдын халқымыз жылына 210 мың квартира, 600 мың автомобиль сатып алған болса, быйыл 270 мың турақ жай, 1 миллион машина сатып алды. Егер халықтың дәраматы, сатып алыў қәбилети артпағанда, көшпес мүлк ҳәм автомобиль базарының өзи 20 миллиард долларға жетер ме еди?
Өткерилген сораўлар да, халықаралық экспертлердиң таллаўлары да 75 процент халықтың финанслық жағдайы кескин жақсыланғанын тастыйықламақта. Әлбетте, бул нәтийжелер менен шекленип қалмастан, халқымыздың дәраматын ҳәм сатып алыў қәбилетин арттырыў бойынша жумысларды избе-из даўам еттиремиз.
Таллаўларға бола, халықтың дәраматы 10 процентке көбейсе, тутыныў 8 процентке артады. Бул – жаңа өним ҳәм хызметлерге талап, бул – қосымша қуўатлықлар, қосымша жумыс орны, дегени.
Халықтың талабынан келип шығып, экономикада ең үлкен талап жарататуғын турақ жай ипотекасына 2026-жылы 23 триллион сум ресурс ажыратамыз. Турақ жай сатып алыўда басланғыш төлем ҳәм процент төлемлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 2 триллион 700 миллиард сум субсидия бериледи. Сондай-ақ, бир квартира ушын ажыратылатуғын жеңиллетилген ипотека кредитиниң муғдары 15 процентке арттырылады.
Келеси жылы 140 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайдың қурылысы хожалық ушын зәрүр тутыныў товарларына талапты арттыратуғыны тәбийғый, әлбетте. Бул талапты финанслық дереклер менен тәмийинлеў мақсетинде 2026-жылы быйылғы 104 триллион сумның орнына 125 триллион сумлық тутыныў кредити ажыратылады.
Улыўма, 2026-жылы қурылыс жумысларының көлемин 11 процентке көбейтип, 30 миллиард долларға жеткериўди режелестирип атырмыз.
Буның экономикаға қандай тәсир көрсетиўин есаплап көрейик. Қурылыс материалы, үй-руўзыгершилик ушын тоқымашылық өнимлери, электр техникасы, мебель қурылысы сыяқлы тармақлар, бул объектлерге хызмет көрсететуғын сервис тараўлары ушын қосымша 5 миллиард долларлық базар болады. Бул – 300 мың қосымша жаңа жумыс орны дегени.
Халықтың дәраматының көбейгени хызметлерге талапты арттырып, сервис тараўы экономиканың “драйвери”не айланыўы ушын үлкен түртки бермекте. Усы жылдың өзинде хызметлер көлеми дерлик 15 процентке өсип, 82 миллиард долларға жетти.
Хызметлерге болған талапты хошаметлеў ушын 2026-жылы тараўға 85 триллион сум кредит, 9 триллион сум субсидия ажыратамыз. Атап айтқанда, билимлендириў хызметлери ушын бюджеттен 7 триллион сум бериледи.
Кейинги бес жылда сырт ел туристлериниң санын 2 есеге – 11 миллионнан 20 миллионға, туризм хызметлериниң көлемин болса 20 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек алып атырмыз. Усы мақсетте туризм инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қаратып атырмыз. Самарқандта Бибиханым, Регистан комплекслери, Әмир Темур мақбарасы, Улығбек обсерваториясы, Шоҳи Зинда ҳәм Афросиёб музейин бир-бирине байланыстыратуғын заманагөй жол ҳәм көпирлер қурылады.
Шаҳрисабзда “Ғелон” ири туристлик комплексиниң биринши басқышы иске қосылады. Пап районында “Арашан” таў-дем алыў туристлик зонасы шөлкемлестириледи. Хийўадағы Ишанқалады иммерсив, яғный, “жанлы” ҳәм “ақыллы” музей-қалаға айландырамыз. Хорезм ҳәм Қарақалпақстандағы археологиялық естеликлер бойлап ири туризм айланбасы шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, жаңа жылда исбилерменлер тәрепинен 4 миллиард долларлық 3,5 мыңнан аслам жаңа сервис объектлери иске қосылады. Туризм орайларын шөлкемлестириў ушын келеси үш жылда 5 мың гектар жер аукционға шығарылады.
Буннан тысқары, 2026-жылдан “Өзбекстан мийрасы мийманханалары” бағдарламасын баслаймыз. Мәдений мийрас объектлеринде жеке меншик шериклик тийкарында “бутик мийманхана” шөлкемлестириў ушын абырайлы мийманхана тармақлары алып келинеди. Бағдарлама қатнасыўшыларына жер, мүлк, пайда салықлары ҳәм бажыхана төлеми бойынша жеңиллик бериледи.
Мине, усы жумыслардың есабынан 2026-жылы хызметлер базарын 100 миллиард доллардан арттырамыз.
Туристлер ағымының барған сайын артып атырғаны авиация ҳәм темир жолда жолаўшы тасыў қуўатлылығын 2 есеге көбейтиўди талап етпекте. Соның ушын 2026-жылы авиапарктеги ҳаўа кемелериниң санын 105 тен 120 ға жеткеремиз. Жергиликли авиақатнаўлар санын арттырыў ушын субсидиялаўдың жаңа системасы енгизиледи.
Енди, баҳасына қарамастан, сатылған ҳәр бир билет ушын анық муғдарда субсидия ажыратылады. Бул – билет баҳасын төменлетиў ҳәм талапты арттырыўға хызмет етеди.
Соның менен бирге, жаңа самолётларымыз ушын ушыўшылар, оларға техникалық хызмет көрсетиўшилер, аэропортлар ушын сервис ҳәм басқарыў тараўында маман қәнигелерди таярлаў мақсетинде Пуқаралық авиация университети шөлкемлестириледи.
Қубла Кореяның “Hyundai Rotem” компаниясынан 6 тезжүрер поезд алып келемиз. Оның биринши составы жақын күнлерде келеди.
Улыўма, ишки темир жолларды раўажландырыў бойынша бес жыллық бағдарлама қабыл етиледи.
Қалаларды тезжүрер поездлардың қатнаўы менен байланыстырыў ушын 2026-жылдан және 500 километр темир жол қурыўға кирисемиз. Келеси жылы 110 километр темир жол тармағы қурылып, Бўка, Пискент, Бекабад, Боёвут районлары және Нурафшан қаласы пайтахт пенен байланысады. Ташкент – Самарқанд жөнелисинде жоқары тезликте ҳәрекетленетуғын жолаўшы поездлары ушын жаңа темир жол линиясын қурыўды баслаймыз. Ташкент, Самарқанд, Бухара, Хийўа, Наўайыдағы вокзаллар да жеке меншик шериклик ушын бериледи.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң таллаўына бола, сапалы жоллар экономикамыздың кеминде 2 процент өсиўине түртки береди.
Автомобиль жолларының сапасын жақсылаў, транзит потенциалын және де арттырыў мақсетинде бес жыллық бағдарлама әмелге асырылады. Онда Әндижан менен Қоңыратты, Ташкент пенен Термизди, Самарқанд пенен Шаҳрисабзды, Алат пенен Сариосияны байланыстыратуғын, узынлығы 4 мың километр магистраль жолларды халықаралық талапларға сай “автобан”ларға айландырамыз.
2026-жылдың өзинде Қарақалпақстан, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья аймағынан өткен улыўма пайдаланыўдағы 300 километр жолларда реконструкция жумыслары жуўмақланады.
Ташкент – Самарқанд, Ташкент – Әндижан, Ташкент – Бостанлық, Пунгон – Наманган ҳәм Қаршы – Шаҳрисабз жөнелисинде жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген 800 километр жоллардың қурылысына үлкен таярлық көрип, бирге ислесиўшилерди белгилеп алдық.
Ташкент – Самарқанд жолының қурылысы март айынан, қалған жоллар бойынша әмелий жумыслар болса 1-июльден кешиктирмей басланады. Және 1 мың 200 километр жоллар 2030-жылға шекем халықаралық финанс институтлары менен биргеликте қайта қурылады.
Енди жолларды жойбарластырыўда халықтың пикирин, транспорт қатнаўының қоршаған орталыққа тәсирин есапқа алыў, пиядалар ушын “тосқынлықсыз” орталық жаратыў бойынша қатаң талаплар нызам дәрежесинде беккемленеди.
Жол қурылысына алдынғы технологиялар ҳәм стандартларды енгизиў тийкарғы принцип сыпатында белгиленеди. Парламентимиз “Автомобиль жоллары ҳаққында”ғы нызамды жаңа редакцияда қабыл етиўде жолларды режелестириў системасын нәзерде тутса, мақсетке муўапық болады.
Халықтың дәраматы, сырт ел туристлериниң ағымы барған сайын артып атырғаны келеси бес жылда азық-аўқатқа болған талапты 1,5 есеге арттырады. Соның ушын аўыл хожалығы өнимлериниң көлемин ҳәзирги 40 миллиардтан 60 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек аламыз.
Еки ҳәпте алдын аграр тараў ўәкиллери менен ушырасып, аўыл хожалығында зүрәәтлиликти жаңа технологиялар тийкарында арттырыў бойынша барлық мәселелерди шешими менен додалап алдық.
Улыўма, жаңа жылда аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў ушын 52 триллион сум ажыратамыз.
Азық-аўқат өнимлерин халқымызға турақлы баҳада жеткерип бериў де толық реформаланады. Базарларымызды тийкарғы азық-аўқат өнимлери менен жыл – он еки ай турақлы баҳада тәмийинлеў ушын 2026-жылдан турақлы интервенция системасына өтемиз. Аймақлардағы “Азық-аўқат қорлары”на ажыратылатуғын ресурсты 2,5 есеге көбейтип, 500 миллиард сумға жеткеремиз. Сондай-ақ, мийўе-овощқа қәнигелескен 1 мың мәҳәлледе сыйымлылығы 100 тоннаға шекемги киши суўытқышлы қоймаханалар қурылады.
Бул жумысларымыз келеси жылы инфляция дәрежесин 6-6,5 процентке түсириўге хызмет етеди.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Кәсиплерди раўажландырыў ҳәм жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў – келеси жыл ушын бағдарламамыздың төртинши тийкарғы бағдары болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта жаңа технологиялар, санластырыў ҳәм жасалма интеллект тәсиринде дүньяда жумыс орынларының саны, түри ҳәм мазмуны кескин өзгермекте. Жақын бес жылда бар кәсиплердиң 30 проценти толық автоматластырылады, 50 проценти бойынша болса жаңа маманлықлар талап етиледи.
Бул процесслер бизди де шетлеп өтип атырған жоқ. Санаатта – автоматластырылған линиялар, аграр тараўда – ақыллы технологиялар, транспортта – интеллектуаллық басқарыў күнделикли ҳәдийсеге айланып бармақта.
Енди мәмлекетимиздиң мийнет базары пүткиллей жаңа архитектура тийкарында – кәсип, маманлық, технология ҳәм билимлендириўди бирлестиретуғын бирден-бир механизм сыпатында ислеўи зәрүр.
Қәнигелердиң пикиринше, балада қандай да бир кәсипке қызығыўшылық 7-кластан басланып, қайсы кәсипти таңлайтуғыны 9-класта толық мәлим болады. Соның ушын 9-класс питкериўшилерин пәнлерди өзлестириўи ҳәм кәсиплик қызығыўшылығына қарап таңлап алыў системасын енгиземиз. Онда жоқары оқыў орынларына кириў тилегинде болмаған жаслар техникумларға жибериледи.
Жақында техникумларға заманагөй көринис ҳәм жаңаша орталық алып кириў бойынша бес жыллық бағдарламаны тастыйықладық.
Мениң нийетим – жасларымыз талап жоқары болған кәсиплер бойынша дүньяда бәсекиге шыдамлы болсын, керек болса, басқалардан бир текше үстин турсын. Бул мақсетке ерисиў жолында кәсиплик билимлендириўдиң ең әҳмийетли буўыны болған техникумларды жаңа сапа басқышына алып шығамыз. Буның ушын, 2026-жылдан баслап, ҳәр жылы кеминде 100 техникумды толық оңлап, технологиялық ҳәм талап жоқары болған кәсиплерге сәйкес ҳалда үскенелеп барамыз. Германия, Швейцария, Уллы Британия, Қытай, Корея сыяқлы мәмлекетлердиң алдынғы билимлендириў бағдарламалары енгизилген техникумлардың санын 100 ге жеткеремиз.
Бүгин сизлерге және бир жаңалық жеткермекшимен: 2026-жылы 7 ўәлаятта, 2027-жылы болса қалған аймақларда Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумы ҳәм “Кәсиплер қалашасы” жумысы жолға қойылады. Онда Алдынғы кәсиплик шеберлик техникумлары аймақтағы басқа техникумлар ушын методикалық ҳәм әмелий база сыпатында жумыс алып барса, “Кәсиплер қалашасы” – мектеп оқыўшыларын қурылыс, сервис, аўыл хожалығы, санаат, транспорт, “жасыл” энергетика сыяқлы тараўлардағы заманагөй кәсиплерге бағдарлаўға хызмет етеди.
Бул системаны мәмлекетимизде үш жыл алдын жолға қойып, оқыўшыларды қамтып алыўды 15 процентке жеткердик.
Бүгин автомобиль қурылысы, “жасыл” энергетика, қурылыс, транспорт, тоқымашылық, аўыл хожалығы, туризм, сервис, IT сыяқлы бағдарларда 70 мыңға шамалас оқыўшы “дуал билимлендириў” тийкарында оқып, айына 10 миллион сумға шекем мийнет ҳақы алмақта.
Енди техникум ҳәм жумыс бериўшилер арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығамыз. Атап айтқанда, “дуал тәлим” тийкарында оқытыўды нәтийжели шөлкемлестирген кәрханаларға 7 жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем жеңиллетилген кредит ажыратылады; исбилерменлик рейтингинде қосымша 5 балл бериледи; кәрханалар жумысқа алған техникум оқыўшысы ушын 1 процентлик социаллық салық жеңиллиги және үш жылға создырылады.
Сондай-ақ, 2026-жылдан баслап техникумларда билим алып атырған 100 мың оқыўшыға биринши мәрте стипендия төленеди; “айрықша” баҳаларға оқып атырған, таңлаған кәсибин пуқта ийелеп атырған перзентлеримизге болса арттырылған муғдардағы стипендиялар бериледи.
Экономиканың тийкарғы бағдарлары ушын жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе болған кадрларды таярлаўға итибарды күшейтиўимиз зәрүр.
Жиззақ политехника институтын Венгрияның абырайлы “Обуда” университетиниң басқарыўына бериў бойынша қарар қабыл еттик.
Жақында Японияға сапарымыз даўамында Өзбекстанда “Цукуба” миллий университети менен биргеликте анық пәнлер бойынша жаңа жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў ҳаққында келисип алдық.
Биз бул тәжирийбени даўам еттирип, анық пәнлер ҳәм техника бағдарындағы жоқары оқыў орынларымызға дүньяның ең абырайлы университетлерин тартамыз.
Және бир мәселе – мийнет базарына жылына 300 мың жоқары мағлыўматлы кадрлар кирип келмекте. Енди жоқары оқыў орны питкериўшилери ҳәм жумыс бериўшилер арасында көпир болып хызмет ететуғын санлы экосистема жаратамыз. Және бир мәселе – мийнет базарына жылына 300 мың жоқары мағлыўматлы кадрлар кирип келмекте. Енди жоқары оқыў орны питкериўшилери ҳәм жумыс бериўшилер арасында көпир болып хызмет ететуғын санлы экосистема жаратамыз. Онда студентлердиң академиялық көрсеткишлери ҳәм кәрханалардағы бос жумыс орынлары ҳаққындағы мағлыўматлар онлайн түрде көринип турады. Бул экосистема питкериўши курс студентлери ушын өзине сай жумыс табыў, кәрханаларға болса маман кадрларды тартыў имканиятын береди.
Быйыл денсаўлықты сақлаў хызметкерлери менен еки мәрте ушырасып, көрип шығылған барлық мәселелер бойынша өз алдына пәрман ҳәм қарарлар қабыл еттик.
Медицина системасында да кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ушын Англияның “Pearson” компаниясы менен ҳәр бир аймақтағы биреўден техникумда халықаралық стандарт тийкарында мийирбийкелер таярлаў басланды. Енди мине усы техникумларға Германия, Швейцария, АҚШ, Япония сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламалары да енгизиледи. Усы тийкарда халықаралық талапларға жуўап беретуғын, шет тиллерди билетуғын мийирбийкелер қурамын қәлиплестиремиз.
Кең көлемли реформаларымызды денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў бойынша да жедел даўам еттиремиз. Медицина мәкемелерин бирден-бир көзқарас тийкарында шөлкемлестириў ушын “мастер реже” ислеп шығылады.
Буннан тысқары, инфаркт, инсульт, онкологиялық, нефрологиялық сыяқлы жуқпалы болмаған кеселликлерди емлеў ҳәм трансплантация, вакцинация, ана-бала саламатлығын қорғаў бағдарларына өткен жылларға салыстырғанда 1,5 есеге көп – 3,5 триллион сум ажыратамыз.
Қәдирли дослар!
Экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеў, “жасыл” энергетика ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў бесинши тийкарғы бағдарымыз болып есапланады.
Ири кәрханаларға фильтр, тазалаў қурылмасын ҳәм ҳаўаға шығарылатуғын зыянлы затларды мониторинг етиў станциясын орнатыў ушын биринши басқышта 100 миллион долларлық кредит линиясы ашылады.
Келеси жылы Самарқандта Глобал экологиялық фондтың гезектеги ассамблеясы ҳәм Орайлық Азия халықаралық экокөргизбеси өткерилиўи режелестирилген. Бул илажлар тармақлар, аймақлар ҳәм бизнес ушын шериклер табыў, жаңа экологиялық жойбарларды биргеликте баслаўға үлкен имканият жаратады.
Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында 2 мыңға шамалас көмир ҳәм газде ысытылатуғын ыссыхана бар. Олардан ҳаўаға жылына 137 мың тонна зыянлы зат шығады. Енди көмирде фильтрсиз ислейтуғын қазанханалардан ўаз кешемиз. Оларды пайтахт әтирапынан көширип, барлық жерде орайласқан қазанханалар арқалы ысытыўды жолға қоямыз. Усы мақсетте 200 гектардан аз болмаған агрокластерлер шөлкемлестириледи, олардың қурамына өтетуғын ыссыханаларға айрықша субсидия бериледи.
Қалаларымыздағы тығылыслар тек ғана адамлардың турмысын қыйынластырып қоймастан, ал экологияға да үлкен зыян жеткермекте. Сонлықтан, дүнья тәжирийбесинен келип шығып, автомобильлер шығарып атырған зыянлы элементлердиң дәрежесине қарап, экологиялық стикерлер системасы енгизиледи. Үлкен муғдарда зыянлы элементлер шығаратуғын автомашиналардың пайтахт ҳәм ўәлаят орайлары және қалаларға кириўи шекленеди. Бундай транспорт қуралларын жаңасына алмастырыў ямаса оларға фильтр орнатыў ушын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары көриледи.
Буның ушын өз алдына Қор шөлкемлестириледи. Ески машинасын алмастыраман дегенлерге автокредит процентиниң бир бөлеги қаплап бериледи. Фильтр орнатып, зыянды азайтыўға таяр болған айдаўшылар ушын қәрежетлериниң бир бөлеги бойынша субсидия ажыратылады.
Әзим пайтахтымыз ҳәм ири қалаларда жәмийетлик транспортты раўажландырыў тийкарғы ўазыйпамыз болады. Қала көшелеринде автобус ҳәм таксилер ушын арнаўлы жоллар көбейтиледи. Ташкент, Самарқанд ҳәм Наманган қалаларында транспорт ҳәрекетин интеллектуаллық светофорлар арқалы басқарыў системасы енгизиледи.
Экологиялық автомобильлерди көбейтиў бойынша бес жыллық бағдарламаны әмелге асырамыз. Онда жергиликли электромобильлерге 12 процентлик, сырт ел электромобильлерине болса 16 процентлик автокредитлер ажыратылады.
Электромобильлерди қуўатлаў станцияларын шөлкемлестириў ушын исбилерменлерге 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер бериледи; жерлерди аукционнан 2 есе арзан баҳада сатып алыў имканияты жаратылады.
Электромобильлерди қуўатлаў станцияларында автомобильлерди зарядлаўда 1 киловатт-саат электр энергиясы баҳасының 300 сумнан асқан бөлеги мәмлекетлик бюджеттен қаплап бериледи.
Электромобильде такси хызметин көрсететуғын пуқараларға да бир қатар жеңилликлер бериледи.
Ең тийкарғысы, бул жумысларды дурыс жолға қойсақ, пайтахтымыз, ўәлаят орайлары ҳәм ири қалалар тек ғана экотранспорт ҳәрекетленетуғын аймаққа айланады.
Шаң-тозаңлардың алдын алыў ушын Сурхандәрьяда 10 мың гектарда “жасыл мәкан” ҳәм Сырдәрьяда 84 километрлик “жасыл дийўал” қурылады. Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайыда жәми 250 мың гектар, соның ишинде, Аралдың қурыған ултанында 115 мың гектар жерде терек ҳәм путалар егиледи.
Ҳәр бир аймақта ботаника ҳәм дендрология бағлары және 20 данадан сая-салқын сейил етиў көшелери қурылады.
Кәрханаларда экостандартларды енгизиў ушын келеси бес жылда кеминде 30 мың экология менеджерине талап пайда болады. Соның ушын 2026-жылы ҳәр бир аймақта “жасыл” техникумлар шөлкемлестирилип, дуал билимлендириў тийкарында жылына 10 мың қәниге таярлаў жолға қойылады.
Жаңа жылда Орайлық Азия Жасыл университетиниң жумысын кеңейтемиз.
Ҳаўа, суў ҳәм топырақ сапасын анықлаў имканиятын беретуғын комплексли лабораториялар шөлкемлестириледи. Қалаларда тәбийий вентильяцияны күшейтиўге қаратылған изертлеўлер өткериледи.
Улыўма, экология тараўына 2026-жылы 1 триллион 900 миллиард сум қаратылады.
Кейинги бес жылда 6 мың мегаваттлы қуяш, самал ҳәм гидроэлектр станциялары иске қосылды, улыўма генерацияда “жасыл” энергияның үлеси 30 процентке жетти.
Жақында шериклеримиз бенен жәми 3,5 мың мегаваттлы 4 миллиард 200 миллион долларлық жаңа “жасыл” қуўатлықлардың қурылысына старт бердик. Бул жумысларымыз арқалы 2026-жылдың өзинде 7 миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди ҳәм ҳаўаға 11 миллион тонна зыянлы элементлердиң шығыўының алды алынады.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Дүньяда суў тамтарыслығы машқаласы барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Соның ушын реформаларымыздың дәслепки күнлеринен-ақ суўдан ақылға уғрас пайдаланыўды мәмлекетлик сиясат дәрежесине алып шықтық.
Жақында суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен қолланыў, суў имаратларын модернизациялаў, суўғарыў илажлары бойынша келеси үш жылға баҳасы 5,5 миллиард долларлық үлкен бағдарлама қабыл еттик.
Бағдарлама шеңберинде суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыўы 61 процентке ямаса 2,6 миллион гектарға жеткериледи. Нәтийжеде жылына 2,5 миллиард куб метр суў үнемленеди, 200 мың тонна пуўлы газ азайтылады.
Улыўма, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў илажларына 2026-жылы жәми 3 триллион 300 миллиард сум қаратылады.
Сондай-ақ, 1 мың 300 километр ири магистраль каналлар бетон менен қапланады. Оның ушын бюджеттен 3 триллион сум жумсалады. Бул қосымша түрде жылына 500 миллион куб метр суўды үнемлеў имканиятын береди.
Буннан тысқары, орынлардағы ашық дренаж ҳәм коллекторларды жабық системаға өткериў бойынша өз алдына бағдарлама қабыл етемиз. Бул мақсетлерге дәслепки басқышта 2026-жыл ушын 100 миллион доллар ажыратамыз.
Каналларды жабық системаға өткериў бойынша да үлкен жойбарларды баслаймыз. Қашқадәрьядағы “Пахтаабад” каналын басымлы қубырға өткериў бойынша 134 миллион долларлық жойбар бул бағдардағы биринши қәдем болады.
Булар арқалы қосымша түрде 20 мың гектар егислик жер ашылады, және 25 мың гектар майдан кепилленген суў менен тәмийинленеди.
Ҳәзирги ўақытта пайтахтымыз, ўәлаят орайлары ҳәм қалаларда “жасыл” аймақларды көбейтиў ушын суўғарыў, дренаж системаларын қайта тиклеў зәрүр. Бир сөз бенен айтқанда, қалалардың барлық көшелериндеги салмаларда суў айланыўы керек. Буның ушын 160 миллион долларлық үлкен бағдарлама шеңберинде Ташкент қаласында 150 километр жабық дренаж системасы қурылады, 197 километр канал ҳәм коллекторлар оңланады; 63 километр жаңа каналлар қурылып, қалада салқын микроклимат жаратылады.
Басқа аймақлардың басшылары да шеттен кеминде 20-25 миллион доллар қаржы алып келип, келеси жылдан ўәлаят орайлары ҳәм ири қалаларда бундай жойбарларды баслайды.
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Алтыншы тийкарғы бағдарымыз болған заманагөй мәмлекетлик басқарыў ҳәм әдил суд-ҳуқық системасы бағдарындағы реформаларымызды даўам еттиремиз.
Бәринен бурын, 2026-жылдан баслап Электрон ҳүкимет платформасы түп-тийкарынан жаңаланады. Енди барлық мәмлекетлик уйымлардың 1 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлери; 5 мыңнан аслам функция ҳәм ўазыйпалары; 200 мағлыўматлар базасы ҳәм мәлимлеме системасы; 100 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкердиң мәҳәлле, район, ўәлаят, республика дәрежесиндеги ўәкилликлери Бирден-бир санлы платформаға интеграцияланады.
Платформаға келип түскен мүрәжатлар, оларды орынлаўшыларға бөлистириў ҳәм көрип шығыў мүддетин қадағалаў жасалма интеллект арқалы әмелге асырылады.
Әпиўайы етип айтқанда, мәҳәлледен баслап республика дәрежесинде шешилетуғын ҳәр бир мәселениң орынлаўшысы, мүддети, ресурсы бир жерде көринип турады.
Ең әҳмийетлиси, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде инсан факторысыз, коррупция ҳәм артықша бюрократиядан жырақ экосистема жаратамыз. Мәмлекетлик хызметлерди проактив ҳәм жыйналмалы түрде көрсетиў системасын раўажландырамыз.
Әпиўайы сөзлер менен түсиндирсем, жаңа үй қурған пуқара кадастр ҳүжжетин алыў ушын мүрәжат етсе, жаңа платформа суў, электр ҳәм газге жалғаныў мәселесин де дәрҳал шешип береди. Бундай хызметлер 2026-жылы 100 ге жеткериледи.
Ш.Шерматов, А.Тошқулов, У.Ҳусаинов келеси жылы Наманган, Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы, сондай-ақ, олардағы район ҳәм мәҳәллелерде қурылыс, әдиллик, жоқары билимлендириў, салық уйымлары ҳәм олардың ўәлаят, район бөлимлеринде усы платформаны толық сынақтан өткериўи шәрт.
Ҳәр бир министр, тармақ басшысы ҳәм ҳәкимлер де жаңа жылда тап усындай жумысларды өз районындағы системада жолға қойыўды баслаўы, мәмлекетлик хызметлерди халыққа және де жақынластырыў бойынша жуўапкершиликли ислеўи керек.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги күнде Олий Мажлисимиз ең күшли парламентлерге тән болған барлық қадағалаў ўәкилликлерине ийе. Атап айтқанда, 2023-жылдан берли сыртқы қарыз муғдарын парламентимиз белгилеп келмекте.
Енди мәмлекет кепиллиги астында сыртқы қарыз алыў мәселесин мақуллаўды да парламент ўәкиллигине өткерсек, не дейсизлер?
Көплеген ислеп шығарыўшылар ҳәм исбилерменлердиң пикирин үйренип, 2026-жыл 1-январьдан мәмлекетлик сатып алыўларда ашық-айдын ҳәм әдил система жаратып атырмыз. Бул – исбилерменлеримизге 300 триллион сумлық кепилликли базарда өзлериниң товар ҳәм хызметлери менен белсене қатнасыўы ушын үлкен имканиятлар есигин ашады.
Буннан былай мәмлекетлик сатып алыўларда товар, жумыс ҳәм хызметлерди тиккелей сатып алыў мүмкин болған жағдайлар тек ғана нызам менен белгиленеди.
Хабарыңыз бар, конституциялық реформаларымыз шеңберинде ўәлаят ҳәкимлери ҳәм жергиликли кеңеслердиң басшылары лаўазымларын бир-биринен ажыратқан едик. Енди бул система 2026-жыл 1-январьдан 208 район ҳәм қалада да жолға қойылады. Ҳәзирги ўақытта бул әҳмийетли сиясий реформа – ҳәкимлер ҳәм атқарыў уйымларынан Кеңеслерге мүнәсибетти пүткиллей өзгертиўди талап етеди.
Буннан былай депутат сораўларының орынланыўы ҳәр шеректе талланып, немқурайдылыққа жол қойылған жағдайлар бойынша прокуратураға усыныс киргизиледи.
Реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўде пуқаралық жәмийети институтларының роли әҳмийетли.
Сол себепли оларды қоллап-қуўатлаў бойынша сиясат келешекте де избе-из даўам еттириледи. Атап айтқанда, пуқаралық жәмийетин раўажландырыў бойынша бес жыллық стратегия ислеп шығылады. Бул институтларға социаллық буйыртпа бериў системасы санластырылып, қаржыландырыў көлеми 2 есеге арттырылады.
Буннан тысқары, қайырқомлық шөлкемлерин дүзиў тәртиби әпиўайыластырылады, есап бериў ҳәм ашық-айдынлық механизмлери жетилистириледи.
Қайталап айтаман, елимиздеги кең көлемли жаңаланыўлар дәўиринде ашық-айдынлық сиясатынан ҳеш қашан артқа қайтпаймыз. Сөз ҳәм баспасөз еркинлигин тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.
Ҳүрметли депутат ҳәм сенаторлар!
Суд-ҳуқық системасын халыққа жақынластырыўға қаратылған жумысларымызды избе-из даўам еттиремиз.
Биз әдил судлаў процесин “санлы суд” концепциясы тийкарында шөлкемлестириўди басладық. Енди тергеўди де санластырыў арқалы инсан ҳуқықларының қорғалыўын күшейтемиз. Онда жынаят ҳаққындағы арзаны қабыл етиўден баслап, исти судқа өткериўге шекемги басқышларға жасалма интеллект технологиялары енгизиледи ҳәм инсан факторы қысқартылады.
Елимизде тергеў судьялары жумыс баслағаны – халықаралық тән алынған “Хабеас корпус” институтын қолланыўдың гезектеги әҳмийетли басқышы болды. 2026-жылдан тергеў судьяларына санкция ҳәм мәжбүрлеў шараларын өзгертиў ҳәм бийкарлаў ўәкилликлерин де беремиз. Әдил судлаўды әмелге асырыўда жәмийетшиликтиң қатнасыўын ҳәм ролин арттырып барамыз.
Енди жынаят процесине инглис ҳуқықындағы мәмлекетлерде унамлы нәтийже берген “халық ўәкиллери коллегиясы” институты басқышпа-басқыш енгизиледи. Онда оғада аўыр ҳәм жәмийетте шаўқымға себеп болып атырған жынаятлар жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында көрип шығылыўы суд ҳүкиминиң және де әдил болыўына хызмет етеди.
Суд қарарларының сөзсиз орынланыўын тәмийинлемей турып, пуқара ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықының исенимли тиклениўине ерисип болмайды. Сол себепли мәжбүрий орынлаў процесине нәтийжели альтернатив механизмлерди де киргиземиз. Нәтийжеде тараўға жасалма интеллект енгизилип, келеси еки жылда орынлаў ҳәрекетлериниң 30 проценти инсан факторысыз әмелге асырылады.
Көрип турсызлар, жеделлик пенен өзгерип атырған дүньяда нәшебентлик қәўпи халықтың генофонды ушын ең үлкен қәўипке айланып бармақта. Тилекке қарсы, бүгинги глобалласыў дәўиринде бундай қәўип-қәтер Өзбекстанды да шетлеп өтпей атыр.
Быйыл 14 мыңнан аслам нәшебентлик жынаяты дизимге алынған. Олардың 3 мыңға шамаласын жаслар ислегенлиги бәршемизди терең ойландырыўы керек.
Наркотикалық саўдалар трансшегаралық ҳәм виртуал характерге ийе болып бармақта. Бул болса жынаятларды анықлаўда жаңа усылларды қолланыўды, заманагөй билим ҳәм көнликпелерди пуқта ийелеўди талап етпекте.
Жақында бул мәселе бойынша Миллий бағдарлама қабыл еттик. Енди наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўди улыўмамиллий ҳәрекетке айландырып, жәмийетте бул иллетке маўасасыз орталық жаратамыз.
Ким бул ўазыйпа тек ғана ҳуқық қорғаў уйымларының жумысы, деп ойласа, қәтелеседи.
Елимиздеги ҳәр бир бала, ҳәр бир жас – бизиң перзентимиз, оларды нәшебентлик тәсирине таслап қойыўға ҳасла жол қоймаймыз.
Нәшебентликти тамыры менен жоқ етиў, жасларымызда күшли руўхый иммунитетти қәлиплестириў бойынша барлық күш ҳәм имканиятларымызды жумсаймыз.
Наркожынаятларға қарсы гүресиў бойынша республикалық жумысшы топар мәмлекетлик уйымлардың күш ҳәм имканиятларын иске қосып, келеси жылы наркотиклерди ислеп шығарыў ҳәм тарқатыў каналларына шек қойыў бойынша жаңа система жаратсын.
Бул – Президенттиң тапсырмасы, бул – ата-аналардың қәлеўи, бул – жәмийеттиң талабы!
Тынышлық ҳүким сүрген, нызам үстин болған, пуқаралардың қәўипсизлиги тәмийинленген жерге инвестиция да келеди, бул жерде туризм де раўажланады. Бирақ соңғы ўақытлары өзин нызамнан үстин қойған, исбилерменлерге басым өткерип, олардың бизнесин ийелеп алыўға урынып атырған, экономикамызға үлкен зыян келтиретуғын қурамалы финанслық жынаятларды ислеп атырған, өзин “қазы” деп есаплап, адамлар арасындағы қаржы алмасыў мәселелерин шешип жүрген айырым жынайый топарлар да бақланбақта.
Ең ашынарлысы, “аңсат пул табаман,” деген үмитте билегинде күши бар айырым спортшылар да бундай жынайый топарларға қосылып қалмақта.
Және бир жаман тәрепи – Өзбекстан пуқараларынан ибарат жынайый топарлардың айырым сырт мәмлекетлерде де бар екенлиги елимиздиң халықаралық абырайына унамсыз тәсир көрсетпекте.
Ҳәмме еситсин: бундай жынайый топарлардың жумысына шек қойыўға күш-қүдиретимиз жетеди ҳәм оны әлбетте ислеймиз!
Өзбекстанда – пуқараларымыз, исбилерменлеримиз ҳәм инвесторларымызды ҳәр қандай жағдайда да исенимли қорғайтуғын мәмлекет бар, Конституция бар, нызамлар бар!
Ҳаял-қызлардың қәдир-қымбатын орнына қойыў, перзентлеримизди қорғаў – әзелден ер адамлар ушын ар-намыс ҳәм мақтаныш мәселеси болып келген. Бирақ жәмийетимизде ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳәр қыйлы зорлықларға ушырап атырғаны уллы тарийхқа, жоқары мәнаўият ҳәм ағартыўшылыққа ийе болған, шаңарақты муқаддес деп билетуғын халқымызға ҳасла жараспайды.
Кейинги еки жылда ҳаял-қызлар ҳәм балаларға шаңарақлық зорлық жағдайлары бойынша 2 мыңнан аслам жынаят анықланған.
Ҳеш қашан умытпайық, шаңарақлық зорлық – бул тек ғана шаңарақтың ишки иси емес, бул – пүткил жәмийетке тийисли мәселе. Ҳаялды өз машқаласы менен жалғыз қалдырыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ!
Ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлықтың алдын алыў бойынша республикалық муўапықластырыўшы кеңеси барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм кең жәмийетшиликти мобилизация еткен ҳалда, бундай унамсыз жағдайларды сапластырыў бойынша нәтийжели жумыс ислейтуғын система жаратсын.
Парламентимиз, пуқаралық жәмийети институтлары да бул процесслерде белсене қатнасса, әлбетте нәтийже болады.
Қайта-қайта айтаман. Коррупция – мәмлекеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, әдиллик ҳәм нызам үстинлигин изден шығаратуғын, жәмийетте исеним орталығын төменлететуғын ең әҳмийетли қәўип.
Коррупцияға жол қойыў болса – реформаларымызға қыянет болып есапланады. Бул иллетке қарсы гүресиў бойынша 2026-жылы “айрықша жағдай” жәриялаймыз.
Барлық уйымларда комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаўға жуўапкер орынбасар лаўазымы енгизиледи. Есап палатасының ўәкили жумысы жолға қойылады. Бул басшылар системадағы ҳадал емес шахсларды анықлаў, сондай-ақ, бюджет қаржыларының талан-тараж етилиўи ҳәм лаўазымынан пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша тәсиршең қадағалаў орнатады ҳәм Президент алдында есап береди.
Мәмлекеттиң ҳәр бир сум қаржысы, ресурсы бойынша жеке жуўапкершилик күшейтиледи.
“Лаўазым, атағым бар, маған ҳеш ким тиймейди,” дегенлер қәтелеседи. Нызам алдында ҳәмме тең!
Ишки ислер, прокуратура, салық, бажыхана, қаржы, банк, ири мәмлекетлик компаниялар, министрликлер ҳәм ҳәкимликлер, бир сөз бенен айтқанда, бирде-бир уйым ҳәм шөлкем қадағалаўдан шетте қалмайды.
Комплаенс хызметиниң жумысына тосқынлық еткенлер – коррупцияға шерик, деп баҳаланады ҳәм жуўапкершилик соған жараса болады.
Президент Администрациясы Комплаенс хызмети бул системаны 1-январьдан баслап барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде иске қосып, дизгинди беккем қолға алсын.
Лаўазымына қарамастан, парахорлық ҳәм өз мәпине пайдаланыў бойынша ҳәр бир жағдай бойынша Президент Администрациясының Комплаенс хызмети жеке маған мағлыўмат киргизип барады.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Дүньяда қурамалы геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар барған сайын ҳәўиж алмақта. Бундай қыйын жағдайда барлық мәмлекетлер менен тең ҳуқықлы ҳәм конструктивлик қатнасықларды және де беккемлеў, салмақлы ҳәм ақылға уғрас ашық сыртқы сиясат алып барыўға қаратылған жумысымызды даўам еттиремиз.
Жақын қоңсыларымыз бенен көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм өз-ара исеним руўхындағы байланысларымызды буннан былай да раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратамыз. Онда регионымыз мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық, транспорт-логистика, энергетика, суў, экология, қәўипсизлик, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди және де тереңлестиремиз.
Аўғанстан менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, оны региондағы экономикалық процесслерге кеңнен тартыў тийкарғы мақсетлеримизден бири болып қалады.
Тийкарғы сырт елли шериклеримиз есапланған Россия, Қытай, Америка Қурама Штатлары, Түркия, Германия, Франция, Италия, Уллы Британия, Қубла Корея, Япония, Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Қатар, Иордания, Кувейт, Оман, Ҳиндстан, Пакистан ҳәм басқа да мәмлекетлер менен көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы байланысларды буннан былай да кеңейтиў итибарымыз орайында болады.
Сондай-ақ, Қубла-Шығыс Азия, Жақын Шығыс, Африка, Латын Америкасы мәмлекетлери менен жаңа ҳәм перспективалы бағдарларда пайдалы бирге ислесиўди беккемлеў, Қубла Кавказ ҳәм Қубла Азия мәмлекетлери менен қатнасықларды кеңейтиў стратегиялық бағдарларымыздан бири болады.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги әнжуманымызда қатнасып атырған сырт мәмлекетлердиң ҳүрметли елшилерине қарата: биз бенен байланысларды кеңейтип, Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўын белсене қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетлериңиз ҳүкиметлерине айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, экономикалық институтлар менен тығыз бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығамыз.
Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм басқа да жетекши финанс институтлары менен биргеликте экономикамызды технологиялық модернизациялаў, инфраструктураны раўажландырыў, турақлы энергетика ҳәм транспорт жойбарларын әмелге асырыў бағдарындағы жумысларды даўам еттиремиз.
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде дәстүрий, кең көлемли шериклик байланысларын және де кеңейтемиз.
Бундай уллы ўазыйпалар бизден елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты, миллетлер ҳәм динлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырыўды талап етеди. Оның ушын биз барлық зәрүр илажларды әмелге асырамыз.
Әзиз ўатанласларым!
Бүгин сизлер менен 2026-жыл ҳәм келеси бес жыл ушын үлкен шеклерди белгилеп алдық.
Ерисилген үлкен нәтийжелер, жаңа тийкарғы ўазыйпалар “Өзбекстан – 2030” стратегиясын қайта көрип шығыўды талап етпекте. Елимиздиң келеси бес жыллық раўажланыўына байланыслы болған бул ҳүжжет кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилип, халқымыздың пикир-усыныслары тийкарында жетилистириледи. Парламент ўәкиллерин де бул процессте өз усыныслары менен белсене қатнасыўға шақыраман.
Келеси жылы мәнаўият тараўын және де раўажландырып, социаллық-мәдений турмысымыздағы әҳмийетли сәнелерди кеңнен белгилеймиз. Соның ишинде, барлық табыс ҳәм жеңислеримиздиң тийкары болған Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң даңқлы 35 жыллығын үлкен байрам сыпатында өткеремиз.
Сондай-ақ, Саҳыпқыран Әмир Темур, Мир Әлийшер Наўайы бабаларымыздың қутлы туўылған күнлерине таярлықты ҳәзирден баслаўымыз керек. Бундай уллы сәнелерди жоқары дәрежеде, ҳәр тәреплеме мүнәсип өткериў ушын әлбетте тийисли қарарларды қабыл етемиз. Оларды әмелге асырыўда мәҳәллелер, тәлим-тәрбия орайлары, мийнет жәмәәтлери, зыялыларымыз, сырт елдеги елшиханаларымыз, улыўма, пүткил халқымыз белсене қатнасады, деп исенемен.
Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин сизлерге, сизлер арқалы пүткил ел-журтымызға мүрәжат етип айтпақшыман: бүгин тарийхтың өзи, турмыстың өзи мойнымызға үлкен бир жуўапкершиликти жүклемекте.
Жанажан Ўатанымыз бүгин жаңаша сиясий-ҳуқықый, социаллық, руўхый қатнасықлар тийкарында жасап, мийнет етип атырған, еркин пикирлейтуғын, азат ҳәм еркин инсанлардың үлкесине айланбақта.
Ҳәммемизге белгили, Мырза Улығбек бабамыз буннан алты әсир бурын адамзат ушын жулдызлар картасын жаратқан еди. Бүгин болса биз ҳәзирги ҳәм келешек әўладларымыз ушын бахытлы өмирге алып баратуғын жол картасын жаратыўымыз керек.
Мине усы ҳақыйқатты терең сезинип, ҳәммемиз бирлесип ҳәрекет етсек, ҳәр қандай жоқары шекти ийелеўге уқыплымыз, ҳеш қандай күш бизди өз жолымыздан қайтара алмайды.
Бир болсақ, бирден-бир халық, бирден-бир миллет болып алға умтылсақ, гөзлеген үлкен мақсетлеримизге әлбетте жетемиз!
Мен бул жолда мәрт ҳәм уллы мәртебели халқымызға исенемен!
Өзбекстанның шексиз күши ҳәм имканиятларына, әзиз жасларымыздың күш-ғайратына исенемен!
Пурсаттан пайдаланып, ел-журт мәпи, Ўатан тәғдирин ойлап, муқаддес жеримиздиң ҳақыйқый перзентлери, пидайы сақшылары болып, өзин аямай, шын кеўилден мийнет етип атырған сиз, әзизлерге, дөретиўши халқымызға шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жаңа жылда үлкен табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.