Талан-тараж етилген 90 миллион сум өндирилди

Пуқара Х.И. қурылыс фирмасы баслығы болып ислеп, мектепти оңлаў ушын мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған пул қаржыларын талан-тараж еткени ушын Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 167-статьясы менен айыплы деп табылып, оған Бухара ўәлаяты судының 2025-жыл 17-октябрьдеги қарары менен 90 миллион сум жәрийма салынды.
Усы жәрийманы өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Төрткүл районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, бөлим мәмлекетлик орынлаўшылары тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди.
Атап айтқанда, бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздардың атында анықланған автомашина ҳәм көшпес мүлкке бәнт қойылды.
Соның нәтийжесинде, қарыздар 90 миллион сум жәрийманы усы жылдың 16-декабрь күни төледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги