Шоманайда «Жаслар орайы» ашылды

Жаңа жыл алдында шоманайлы жаслар ушын үлкен қуўанышлы жаңалық жүз берип, район орайында «Жаслар орайы» имараты салтанатлы түрде пайдаланыўға тапсырылды.
Оның ашылыў мәресимине район ҳәкими А.Аметов, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери басқармасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Махсетбаев, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шоманай районлық бөлимшесиниң, районлық ишки ислер бөлиминиң, қорғаныў бөлиминиң басшылары, нураныйлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.
Имаратта “Жаслар орайы” жумысын жолға қойыў мақсетинде оны реконструкциялаў ушын Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджети есабынан 853,4 млн. сум, үскенелеў ушын Жаслар ислери агентлиги есабынан 361,0 млн. сум қаржы ажыратылды.
Орайдың биринши қабатында «New Action» оқыў орайы, екинши қабатында Жаслар китапханасы, конференция залы, Шоманай районы Жаслар ислери бөлими жайласқан. «New Action» оқыў орайында IТ ҳәм робототехника, ментал арифметика, инглис ҳәм рус тиллерине жасларды кеңнен қамтыў режелестирилмекте.
Соның менен бирге, орайда жаслар енди заманагөй шараятларда билим ҳәм көнликпелерин раўажландырыў, шет тиллерин үйрениў, мәлимлеме технологиялары бойынша билимлерин арттырыў, ментал арифметика сабақларында қатнасыў ҳәм бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў имканиятына ийе болды. Сондай-ақ, орайда жаратылған китапхана арқалы жаслардың китапқумарлық мәдениятын арттырыў, еркин билим алыў ҳәм интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги