Қоңыратлы балаларға да Президент саўғалары тапсырылды
34

Қоңырат районында Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Илажда район ҳәкиминиң орынбасары А.Мамутов қатнасып, балаларды Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады. Соның менен бирге, мәмлекетимизде Президентимиздиң басшылығында жас әўладтың тәлим-тәрбиясы жолында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Илаж даўамында Жаңа жылды асығыслық пенен күтип атырған, үлкен арзыў-нийетлер менен жасап атырған балаларға Президент саўғалары тапсырылды.



Президентимиздиң Жаңа жыл саўғасы балаларға шексиз қуўаныш бағышлап, олардың ядында бир өмирге мөрленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги