Президент шыршасы  балаларға қуўаныш бағышлады

2

Елимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы Әмиўдәрья районында да Президент шыршасы байрам илажы көтериңки руўхта шөлкемлестирилди.

Қуўанышқа ҳәм меҳирге толы бул илажда Әмиўдәрья районы ҳәкими С. Хожаметов қатнасып, кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм балаларға Президент саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды. Бул саўғалар кишкене кеўиллерде шадлық оятып, олардың жүзлеринде қуўаныш бағышлады.

Илаж “Жаңа жыл ертеги” атамасындағы рәңбәрең сахналық көринислер менен даўам етти. Кишкене балалардың әжайып шығыўлары, қуўанышлы аяқ ойынлары ҳәм қосықлары ҳәммеге байрам кейпиятын бағышлап, илажға өзгеше пайыз бағышлады.

                                                              Қарақалпақстан хабар агентлиги