Неге радионы тыңламай қойдық?

4

Социаллық тармақлардың раўажланыўы ҳәмме ушын кең имканиятлар есигин ашқаны ҳақыйқат. Онда қәлеген тараўға байланыслы мағлыўматлар, материаллар оғада көп. Бирақ, баспасөздиң раўажланыўы сыпатында баҳаланатуғын радио, телевидение бүгинги күни қай дәрежеде итибар орайында?

Социаллық тармақлардың раўажланыўы ҳәмме ушын кең имканиятлар есигин ашқаны ҳақыйқат. Онда қәлеген тараўға байланыслы мағлыўматлар, материаллар оғада көп. Бирақ, баспасөздиң раўажланыўы сыпатында баҳаланатуғын радио, телевидение бүгинги күнде қай дәрежеде итибар орайында?

Гәп сонда, социаллық тармақлар ҳәр екеўи ушын да бәсеки қуралы сыпатында майданға шығып келди. Оған шекем болса радио-телевидение бир-бирине бәсекилес емес, ал бир-бирин толықтырыўшы сыпатында хызмет еткен. Әсиресе, радио ўатанласларымыздың турақлы жолдасына айланған десек, қәте болмайды. Ондағы мәлимлеме, түрли кеўилашар бағдарламалар ҳәм тартымлы музыкалы еситтириўлер адамлардың ўақтын мазмунлы өткериўине әҳмийетли фактор болып хызмет еткен.

-Мениӊше, радио мен ушын айрықша мектеп ўазыйпасын атқарған ҳәм атқарып киятыр. Мен уллы қосықшыларымыздың қосықлары ҳәм шебер атқарыўшыларымыздыӊ намалары менен әйне радио арқалы танысқанман. Музыкаға, әдебиятқа меҳир оятыўда радионың да орны шексиз, десем алжаспаған боламан, – дейди Өзбекстан халық ҳафызы Аралмирза Сафаров.

Ҳақыйқатында да, ҳәр бир тараўдың потенциалын оның жумыс сапасы көрсетеди. Жоқарыда бийкарға социаллық тармақлар ҳаққында сөз етпедик. Онда таңлаў имканияты кең ҳәм қолайлы болса да, сапа жағынан жеткиликли кемшиликлер көзге тасланады.

Радионың және бир әҳмийети сонда, ол өзбек дикторлары мектебиниң шөлкемлесиўи ҳәм раўажланыўында әҳмийетли көпир ўазыйпасын атқарған. Бир қанша радио баслаўшылар өзиниң сыйқырлы ҳаўазы ҳәм сөйлеген сөзи менен халқымыздың кеўлинен терең орын ийелеўге ерискен. Муслима Муродова, Дилфуза Юсупова, Маъмуржан Абдиев ҳәм Озод Равшанлар усылардыӊ қатарына киреди.

Хош, бүгин адамлар неге радио тыңламай қойды? Бул сораў негизинде аўыр машқала. Себеби, миллеттиң ҳақыйқый баспасөз потенциалын көрсетиўши ғалаба хабар қуралларынан бири бул, әлбетте, радио болып есапланады. Бәлким, радио да социаллық тармақлар ямаса айырым телеканаллар менен бәсекилесиў ушын ҳәр қыйлы кеўил ашар еситтириўлер таярлаўы керек, деген жуўмақ дурыс шығар. Бирақ ҳақыйқый көркем өнердиң, журналистиканың ўазыйпасы тыңлаўшы, тамашагөйге ерисиў емес, ал, ертиўден ибарат екенин умытпаў керек. Себеби, алтын тат баспайды, пал айнымайды.

Шербек Исламов,

ӨзА