Какао дағдарысы: шоколад 2050-жылға шекем жоқ болып кетиўи мүмкин

4

Глобал какао ислеп шығарыў соңғы жыллары кескин түсип кетпекте, әсиресе шоколадтың тийкарғы дереги есапланған Батыс Африка мәмлекетлеринде бул процесс жаман жағдайда. Бул аймақларда соңғы еки жылда өнимдарлық 40 процентке шекем төменлеп, шоколад баҳалары 1970-жылдан берли бақланбаған дәрежеде қымбатлаған.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, егер жағдай усылай даўам етсе, 2050-жылға шекем какао пүткиллей жоқ болыўы мүмкин. Буған тийкарғы себеп сыпатында климат өзгериўи, жаўын-шашынның кескин өзгериўшеңлиги, суў тасқынлары, топырақ эрозиясы ҳәм замаррық кеселликлери көрсетилмекте.

Бул машқалаларды сапластырыў ушын илимпазлар кароб өсимлигине итибар қаратпақта. Бул өсимлик ыссы ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы, аз суў менен де өседи ҳәм қуўырғанда шоколадқа уқсас хош ийис шығарады. Изертлеўшилер фермент усыллары жәрдеминде геширдиң дәмин жақсылаўға ерисип, оны какао унтағы ҳәм басқа өнимлерде қолланыў имканиятын ойлап тапты.

Егер, кароб кең көлемде қолланылса, ол шоколад санаатының какао менен байланыслылығын азайтып, өндирис шынжырын климат кризиси ҳәм кеселликлерден қорғаўы мүмкин. Усы тәризде, кароб шоколадтың келешегин сақлаў ҳәм тутыныўшыларға сүйикли дәмин жоғалтпаў имканиятын береди.

Мусулмон Зиё, ӨзА