Жыл белсендилери сыйлықланды

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2025-жыл даўамында айрықша белсендилик көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерискен профессор-оқытыўшылар, қәниге хызметкерлер ҳәм студент-жасларды хошаметлеў, олардың мийнетлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда институт ректоры Алишер Уббиев шығып сөйлеп, есик қағып турған жаңа 2026-жыл менен жыйналғанларды қутлықлады. Жуўмақланып атырған жылда институтта оқыў процесин жетилистириў, илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў, жаслар менен ислесиў, руўхый-ағартыўшылық бағдарындағы илажларды системалы шөлкемлестириў бойынша әмелге асырылған жумыслар және қолға киргизилген нәтийжелерге тоқтап өтти.
Әлбетте, бундай нәтийжелерге ерисиўде елимизде жоқары билимлендириўге қаратылып атырған итибар, жаратылған шараятлар және ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдың әҳмийети үлкен.
Илажда жыл даўамында илимий-педагогикалық тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен бир топар профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер ҳәм студент-жаслар түрли номинациялар бойынша сыйлықланды.
Соның менен бирге, «Ең белсенди жыл студенти» таңлаўының институт басқышы жеңимпазларына дипломлар тапсырылды.



Сыйлықлаў мәресими «Тумарис» халық ансамбли, музыкалық тәлим кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм талантлы студентлер атқарыўындағы байрам концерти менен даўам етти.
Институтта жаңа жыл байрамы илажлары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги