Мәҳәлле – миллий раўажланыўдың стратегиялық тийкары

14

2026-жыл – Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы.

Мәмлекетшилик тарийхымызда инсан қәдирин улығлаў, халық пенен пикирлесиў ҳәм реформалардың нәтийжесин ҳәр бир шаңарақта сезиў уллы мақсет етип белгиленген. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўы сыпатында 2026-жылдың “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” деп жәрияланыўы Жаңа Өзбекстанның раўажланыўында жаңа дәўирди баслап береди.

Президентимиздиң атап өткениндей, “Мәҳәлле – жәмийеттиң жүзи. Егер мәҳәлле абат болса, пүткил мәмлекет абат болады. Мәҳәлледе өзгерис болса, демек, пүткил жәмийет өзгерип атыр”. Бул қарар тийкарында мәмлекетлик басқарыўды тиккелей халыққа жақынластырыў, адамлардың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасаўдай жоқары жуўапкершилик жәмленген.

Мүрәжатта айрықша итибар қаратылған халықтың саламатлығы мәселеси 2026-жылы тиккелей мәҳәлле дәрежесиндеги медицина менен үйлеседи. Президентимиз алға қойған “медицинаны халыққа жақынластырыў” идеясы тийкарында ҳәр бир мәҳәлледе профилактика ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў жаңа басқышқа көтериледи. Мәҳәллелерде медициналық пунктлердиң жумысын жетилистириў, тар шеңбердеги қәнигелердиң қатнасыўында медициналық тексериўлерди мәҳәллениң өзинде шөлкемлестириў арқалы кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм саламат миллет генофондын сақлаў илажлары көриледи. Себеби, Президентимиздиң атап өткениндей, “Биз ушын ең үлкен байлық – бул халқымыздың денсаўлығы болып есапланады” ҳәм бул байлықты сақлаў мәҳәлледен басланады.

Соның менен бирге, Мүрәжатта экологиялық турақлылық ҳәм “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының орынланыўы мәҳәлле белсендилериниң тийкарғы ўазыйпаларынан бири сыпатында белгиленди. 2026-жылда ҳәр бир мәҳәлле өзиниң “жасыл аймағы” ҳәм бағларына ийе болыўы, қоршаған орталықты қорғаў мәденияты шаңарақлардан басланыўы жәмийетти раўажландырыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланады. Мәҳәлле кесиминде экологиялық қадағалаў күшейтилип, аймақларды шығындылардан тазалаў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары улыўмахалықлық ҳәрекетке айланады. Бул тек ғана тәбиятты сақлаў емес, ал халықтың жасаў шараятының сапасын пүткиллей жақсылаўға хызмет етеди.

Жәмийетти раўажландырыў ҳаққында сөз болғанда, Мүрәжатта айрықша атап өтилген ҳаял-қызлардың бахты ҳәм санлы технологияларды енгизиў мәселеси 2026-жыл бағдарламасының өзегин қурайды. Елбасшымыз айтқанындай, “Ҳаялды разы етсек, шаңарақ разы болады, шаңарақ разы болса – жәмийет разы болады”.

Мәҳәллелерде “Ҳаял-қызлар дәптери” арқалы мәнзилли жәрдем бериў менен бирге, “Санлы мәҳәлле” жойбары шеңберинде барлық социаллық хызметлер онлайн түрге өткериледи. Бул болса, ҳәр бир пуқараға мәмлекетлик хызметлерден өз мәҳәллесинде, артықша әўерегершиликсиз пайдаланыў имканиятын береди.

Жуўмақ орнында айтыў мүмкин, 2026-жыл – Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы Мүрәжатта белгиленген “Инсан қәдири ушын” принципиниң әмелий көриниси болады. Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, “Мәҳәлле системасын раўажландырыў – бул келешегимизди раўажландырыў дегени”. Мәҳәллениң абатлығы, ондағы медициналық ҳәм экологиялық орталықтың турақлылығы Жаңа Өзбекстанның тийкарын және де беккемлейди. Бул ийгиликли мақсет жолында бирлесиў ҳәм мәҳәллени ҳақыйқый халықшыл структураға айландырыў абадан келешек ҳәм жоқары раўажланыўдың ең исенимли кепили болып есапланады.

Алоуддин Ғаффоров,

ӨзА