Жеке меншик стартап орайларын шөлкемлестириў ушын Жаслар қорынан бес жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем процентсиз кредит бериледи

Мәмлекетимиз басшысы Мүрәжатында кейинги жылдан “Санлы стартаплар” бағдарламасы кеңейтилип, стартап идеясынан экспортқа шекем жәрдемлесетуғын жаңа система жолға қойылатуғынын атап өтти. Бул процессте жеке меншик стартап орайларын шөлкемлестириў ушын Жаслар қорынан бес жыл мүддетке 5 миллиард сумға шекем процентсиз ссуда бериледи.
Буннан тысқары, Орайлық банкте Финтех офиси ҳәм Инновациялық хаб шөлкемлестирилип, оған Сингапурдан қәнигелер тартылады. Нәтийжеде жылына 15-20 финтех стартапты сыртқы базарға алып шығыў, оларға жәми 1 миллиард доллар инвестиция тартыў имканияты жаратылады.
Улыўма, венчур фондлар, стартаплар, финтех сыяқлы жаңа финанслық инструментлер базарын раўажландырыў, бул тараўдағы барлық қатнасыўшылардың ҳуқықларын нызам менен кепиллеп қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз парламентти Ҳүкимет пенен биргеликте “Альтернатив инвестиция қорлары ҳаққында”ғы нызамды ислеп шығыўға шақырды.
ӨзА