2026-жылы жәми экспорт 40 миллиард долларға жеткериледи

Және бир ири жойбар – Алмалық комбинатында баҳасы 2 миллиард 700 миллион доллар, қуўатлылығы 300 мың тонна мыс катодынан ибарат болған жаңа металлургия комплексин қурыў басланады.
“Самарқанд химия” заводында 381 миллион доллар инвестиция есабынан жылына 370 мың тонна фосфорлы ҳәм 540 мың тонна қурамалы төгинлер ислеп шығарыў жолға қойылады.
Қашқадәрьяда 200 миллион долларлық химия заводының қурылысы басланады. Бул турмыслық химия, полимер, синтетикалық жанылғы ушын жылына 50 мың тонна алкилбензол өнимин алыў имканиятын береди.
Улыўма, 2026-жылы химия санаатында 4,5 миллиард долларлық, таў-кән металлургия, нефть-газ, автомобиль қурылысы, тоқымашылық ҳәм қурылыс материаллары тармақларының ҳәр биринде 3 миллиард доллардан, электротехникада 2 миллиард долларлық, фармацевтикада 800 миллион долларлық жаңа жойбарлар басланады.
Усы тәризде 2026-жылы жәми экспорт 40 миллиард долларға жеткерилип, таяр ҳәм ярым таяр өнимниң үлеси 55 проценттен арттырылады.
ӨзА