Шавкат Мирзиёев: жоқары технология ҳәм жаңа компетенцияларды алып кирген, экспортқа ислеген инвестор ең исенимли шеригимиз болады

26

Елимиздеги қолайлы бизнес орталығы, демографиялық өсиў, инсан капиталына берилип атырған итибар Өзбекстанды инвесторлар ушын ең тартымлы мәмлекетлерден бирине айландырмақта.

Президентимиз Мүрәжатында буны атап өтти. Усы жылдың өзинде сырт елли шериклер менен 140 миллиард долларлық жаңа инвестициялық келисимлерге ерисилди. Келеси жылы 50 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў мөлшерленген.

Буннан былай ҳәр бир доллар инвестиция, бәринен бурын, алдынғы технологиялар трансфери, сырт елде базары анық, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға, энергия, суў, жер ҳәм басқа да тәбийғый ресурслардан пайдаланыўда нәтийжелиликти арттырыўға, жергиликли жумысшыларды жаңа технологиялар менен ислеўге оқытыў ҳәм мийнет өнимдарлығын арттырыўға хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.

– Яғный жоқары технология ҳәм жаңа компетенцияларды алып кирген, экспортқа ислеген инвестор ең исенимли шеригимиз болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бундай стратегиялық инвесторларға жойбар ушын жерлер базар баҳасында тиккелей бериледи. Жердиң категориясы өзгергенде набыт болғаны ушын төлемди 10 жылға шекем бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериледи.

Жерди рәсмийлестириў, категориясын өзгертиў, қурылыс ҳәм инфраструктураға жалғаныўға руқсатнама алыў ушын инвесторлар үйма-үй жүрмейди. Оларға “бир айна” принципи тийкарында комплексли хызмет көрсететуғын электрон платформа иске қосылады ҳәм барлық министрликлер оған жалғанады.

ӨзА