“Президент шыршасы” салтанатлары – мийримниң және бир әмелий көриниси

“Президент шыршасы” салтанатлы илажы үлкен-киши кеўлине бирдей заўық, толқынланыў, ентигиў бағышлайтуғыны сөзсиз. Мине, дерлик он жылдан берли елимизде мәмлекетимиз басшысының идеясы тийкарында “Президент шыршасы” салтанатлары өзгеше саўлат, көтериңки кейпият пенен белгиленбекте.
Пайтахтымыздағы “Өзбекстан” халықаралық әнжуманлар сарайында шөлкемлестирилген “Президент шыршасы” салтанатлары кишкенелерге заўық, қуўаныш бағышлады.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген салтанатлы илажға Меҳрибанлық үйлери, арнаўлы мектеп-интернатлар, шаңарақлық балалар үйлериниң кишкенелери, көп перзентли, айрықша жәрдемге мүтәж балалар мирәт етилди.
Сарай фойесиндеги үлкен шырша әтирапында балалар қосықлар айтып атыр. Усы жердиң өзинде көркем дөретиўшилик пенен шуғылланыў, сүўрет салыў, ҳәр қыйлы қызықлы ойынлар ойнаў ушын зәрүр шараятлар жаратылғаны итибарға ылайық.
























Соңғы жыллары билимлендириў тараўын түп-тийкарынан реформалаў, оны жаңаша мәнис-мазмун менен байытыў бағдарында үлкен көлемдеги реформалар алып барылып атырғанын атап өтиў керек.
Мәмлекетимизде жас әўладты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың кеўлинде қуўаныш ҳәм үмит оятыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады. Мине, усы ғамқорлық ҳәм итибардың айқын көриниси сыпатында шөлкемлестирилип киятырған “Президент шыршасы” байрам илажлары балалардың ең сүйикли ҳәм асығып күткен байрамларынан бири болып есапланады.
Бул байрам илажларын мазмунлы, көтериңки руўхта ҳәм жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде, Социаллық қорғаў миллий агентлиги тәрепинен тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте системалы ҳәм нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, балалар ушын байрамға тән орталық жаратыў, оларды сапалы саўғалар менен қуўандырыў ҳәм ҳәр бир баланың итибардан шетте қалмаўын тәмийинлеўге айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Соның ишинде, Меҳрибанлық ҳәм Мүриўбет үйлери тәрбияланыўшылары, ” SOS – балалар мәҳәллелери,” Шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланып атырған балалар, сондай-ақ, ата-ана қарамағынан айырылған балалар ҳәм елимиздиң тынышлығы жолында қайтыс болған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң перзентлери ушын арнаўлы “Президент саўғалары” таярланды.
Жәми 11 мың 125 дана усындай саўғалар қәлиплестирилип, олардың қурамына балалардың билим алыўы ҳәм бос ўақтын мазмунлы өткериўине хызмет ететуғын 24 атамадағы оқыў қураллары, сондай-ақ, балалар сүйсинип жейтуғын 34 атамадағы мазалы өнимлер киргизилди.
Ҳәзирги ўақытта Президент саўғалары мәмлекетимиз аймақлары бойлап белгиленген мәнзиллерге жеткерилмекте. Бул баслама балалардың кеўлинде Жаңа жыл қуўанышын және де арттырыў, олардың ертеңги күнге болған исеними ҳәм арзыў-нийетлерин беккемлеўге хызмет етеди. Мәмлекетимиз басшысының жас әўладқа болған турақлы итибары ҳәм ғамқорлығы нәтийжесинде бундай ийгиликли илажлар келешекте де избе-из даўам еттирилетуғыны белгиленген.
– “Президент шыршасы” байрамында биринши мәрте қатнасып атырман, – деди Ташкент қаласындағы шаңарақлық балалар үйиниң тәрбияланыўшысы, 9 жасар Шаҳризода Алёрбекова. – Байрам барлық жолдасларым сыяқлы, маған да жүдә унады. Биз сүўретлер салдық, аяқ ойынға түстик, ҳәр қыйлы қызықлы ойынлар ойнадық.
– Бүгинги “Президент шыршасы” илажын балаларымыз асығып күткен еди, – деди пайтахтымыздағы А.Хлебушкина атындағы 22-Меҳрибанлық үйиниң директоры Дилфуза Жўраева. – Олар байрамға әдеўир бурын – еле декабрь айының басланыўынан бурын таярлық көрди. Тақмақлар, қосықлар үйренди, Жаңа жыл темасында түрли сүўретлер салды.
Байрам шағында. Гөззал шырша әтирапындағы шоқ ойынлар, ертек қаҳарманлары, цирк көркем өнери шеберлери менен ушырасыўлар кишкенелерге умытылмас заўық бағышлады. Ең тийкарғысы, кишкенелер бул байрам мысалында Ўатанымыз, мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз, халқымыздың меҳирин және бир мәрте сезди.
Салтанатлы илажда балаларды билим ҳәм ағартыўшылық, жақсылық, мийрим-шәпәәт, Ўатансүйиўшиликке шақырыўшы музыкалы театрластырылған тамаша кишкенелер итибарына усынылды. Булардың барлығы социаллық-медициналық жағдайына қарамастан, барлық балалар мәмлекетимиздиң итибары ҳәм ардағында екениниң әмелдеги айқын үлгиси.
ӨзА