“Турақлы қала” платформасы иске түсирилип, “жасаў ушын қолайлық индекси”н жүргизиў жолға қойылады

15

Президентимиз Мүрәжатында келеси жылы биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сум ўәлаятлардың өзине берилетуғынын атап өтти.

Бул қаржылардың ҳәр бир сумы халық ушын қосымша қун жаратыўы зәрүр екенлиги көрсетип өтилди. Сонлықтан, бул ақшалар улыўма қайсыбир район ушын емес, ал мәҳәлледе жумыс орынларын жарататуғын, халықты дәраматлы ететуғын анық жойбарларға қаратылады. Бул бюджет қаржыларын нәтийжели жумсаўда жойбарлық көзқарас болады.

Урбанизация ҳәм қалаларды турақлы раўажландырыў бойынша жаңа реформалар басланады.

Соның ишинде, қалалардың тәртипсиз кеңейиўиниң алдын алыўда анық нормалар белгиленеди ҳәм сол арқалы егислик майданларының тийкарсыз қысқарып кетиўине шек қойылады. Сондай-ақ, республикада биринши мәрте 45 агломерация аймақлары белгиленеди.

Келеси жылы “Турақлы қала” платформасы иске қосылып, “жасаў ушын қолайлық индекси”н жүргизиў жолға қойылады. Бул индекс арқалы қалалардағы ҳәр бир мәҳәллеге тән машқалалар анықланып, оларға сәйкес шешимлер бериледи.

ӨзА