Район бюджетиниң дәраматын кеминде 2 есеге көбейтиўге шараят жаратып бериў зәрүрлиги атап өтилди

13

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.

Усы мақсетте 2026-жыл 1-январьдан баслап қосымша қун салығынан түсимниң Ташкент қаласында 5 проценти, қалған аймақларда 20 проценти қалдырылып, бул қаржының ярымы районлардың бюджетине өткериледи.

Буннан тысқары, дәраматлардың прогнозға салыстырғанда арттырып орынланған бөлегиниң 50 проценти, егислик жерлерди ижараға бериў ҳәм базарлардан түсимлер де толық район бюджетине бериледи.

Ўәлаят, район ҳәкимлерине нәтийжесиз ҳәм бир-бирин тәкирарлайтуғын штат бирликлерин қысқартып, үнемленген қаржыны халықтың арасында қойған мәселелерди шешиў ушын ажыратыўға руқсат бериледи.

Бул арқалы районлардың бюджетинде 5 триллион сумлық қосымша дәрек қәлиплеседи ҳәм ол мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға жумсалады.

ӨзА