Талантлы ул-қызларымыз Жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны атап өтилди

31

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.

Талантлы ул-қызларымыз билимлендириў, илим, мәденият, көркем өнер, спорт ҳәм басқа да тараўларда ерисип атырған үлкен табыслары менен де Жаңа Өзбекстанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырғаны атап өтилди.

Оқыўшы ҳәм студентлеримиз быйылғы жылы халықаралық пән олимпиадаларында 51 алтын, 101 гүмис, 126 қола медалын қолға киргизип, өз билим ҳәм потенциалын пүткил дүньяға көрсетти.

Бизге белгили, Өзбекстан келеси жылы 46-Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасына, 2027-жылы 20 жасқа шекемги футболшылар арасындағы жәҳән чемпионатына, 2029-жылы болса Жаслар Азия ойынларын өз жеринде өткереди.

Соның менен бирге, 2026-жылы елимизде биринши мәрте мектеп оқыўшылары арасында абырайлы халықаралық химия ҳәм информатика олимпиадалары, Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлердиң студентлери арасында инженерлик бағдарларында, Түркий мәмлекетлер техникумларының оқыўшылары арасында кәсиплик бағдарларда халықаралық олимпиада өткериледи.

Бундай абырайлы илажлар Ўатанымызды раўажланған спорт ҳәм илим мәмлекетине айландырыў, оның абырай-мәртебесин арттырыўға хызмет етеди.

ӨзА