Президент: спортшыларымыздың абырайлы халықаралық жарысларда ерискен жеңислерин қанаатланыўшылық пенен атап өтиў орынлы

Мүрәжатта Президентимиз “Ең әҳмийетли жетискенликлеримиз ҳаққында сөз еткенде, күш-жигерли спортшыларымыздың абырайлы халықаралық жарысларда ерискен жеңислерин қанаатланыўшылық пенен атап өтиў орынлы,” деп атап өтти.
Бәринен бурын, Өзбекстан футболы ушын 2025-жыл ҳақыйқый тарийхый жыл болды. Миллий сайланды командамыз биринши мәрте Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.
Шебер шахматшыларымыз жәҳән кубогында мүнәсип қатнасты. Әсиресе, нәўқыран гроссмейстеримиз Жавоҳир Синдоровтың жәҳән кубогиниң ең жас жеңимпазы болғаны бәршемизге үлкен мақтаныш бағышлайды.
Өткен ҳәптеде 9-17 жасар шахматшылар арасында рапид ҳәм блиц бағдарлары бойынша жәҳән чемпионатында елимиз ўәкиллери 5 алтын, 2 гүмис ҳәм 5 қола медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 1-орынды ийеледи.
Мәртлик ҳәм жигерлилик ийеси болған спортшыларымыз быйылғы Жаслар арасындағы Параазия ойынларында 125 алтын, 77 гүмис ҳәм 52 бронза медалын қолға киргизип, қатнасыўшы мәмлекетлер арасында ең жоқары нәтийжени көрсетти.
ӨзА