Мүрәжат: дерлик 1,5 миллион жәрдемге мүтәж халық кәмбағаллықтан шықты, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды

Мүрәжатта мәмлекетимиз басшысы усы жылы 5 миллион халықтың дәраматлы болып, жумыссызлық дәрежеси 5,5 проценттен 4,9 процентке түскенин атап өтти. Дерлик 1,5 миллион жәрдемге мүтәж халық кәмбағаллықтан шықты, биринши мәрте 1 мың 435 мәҳәлле “кәмбағаллықтан жырақ” аймаққа айланды.
Кәмбағал шаңарақларға тийисли 168 мың бала мәмлекетлик бақшаларға жеңиллетилген тийкарда қабыл етилди. Усы жылдан баслап 208 бақшаға биринши мәрте инклюзив билимлендириў системасы енгизилди.
Елимизде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 5,8 процентке түсти.
– Бул жумысларды баслағанымызда халықтың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди. Кредит, субсидия, компенсация сыяқлы 100 ден аслам хызметлер арқалы социаллық қорғаўдың пүткиллей жаңа системасын жолға қойғанымыз ҳәм оларды мәҳәлледеги “жетилик”тиң өзине бергенимиз нәтийжесинде 8,5 миллионнан аслам адам кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық 2 есеге қысқарды.
Нәтийжеде үш жыл алдын кәмбағаллықты 2026-жылдың ақырына шекем 2 есеге қысқартыў бойынша қойған мақсетимизге усы жылдың өзинде еристик, – деди Президентимиз.
ӨзА