Быйыл 188 мәҳәлледеги 715 мың халық жасайтуғын шаңарақларға биринши мәрте таза ишимлик суўы кирип барды

16

Мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжаты даўам етпекте.

Президентимиз өзиниң баянатында халықтың абаданлығы ҳәм бизнестиң өсиўине хызмет ететуғын инфраструктураны буннан былай да жақсылаў бойынша да 2025-жыл үлкен өзгерислер жылы болғанын атап өтти.

Атап айтқанда, энергетика тараўында түпкиликли бурылыс жасалғаны есабынан электр ислеп шығарыў көлеми 85 миллиард киловатт-саатқа жеткерилди.

Быйыл 188 мәҳәлледеги 715 мың халық жасайтуғын шаңарақларға биринши мәрте таза ишимлик суўы кирип барды, және 2 миллион 300 мыңға шамалас халықтың суў тәмийнаты жақсыланды. Ямаса 867 “аўыр” мәҳәлледеги 470 мың шаңараққа қыйтақ жерлерди суўғарыў ушын биринши мәрте суў жетип барды.

Усы жылы халыққа 8 миллион 100 мың квадрат метр көп қабатлы турақ жайлар тапсырылмақта, адамлардың өзи де жасаў шараятын жақсылаў ушын 19 миллион квадрат метр майданда қурылыс алып барылды.

Бизнес ўәкиллери тәрепинен 24 миллион квадрат метр турақ жай емес объектлер қурылды.

Улыўма, соңғы тоғыз жылда 210 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлер пайдаланыўға тапсырылды.

ӨзА